Атап өтилиўинше, Президенттиң 2024-жыл 21-февральдағы "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққындағы 37-санлы Пәрманында қоршаған орталықты қорғаў бағдарында бир қатар илажлар көрсетилген. Атап айтқанда, эко белсендилер, жәмийетшилик ўәкиллериниң усынысларын инабатқа алған ҳалда ҳәр айдың бир күнин "Автомобилсиз күн" сыпатында өткериў белгилеп берилген.
Усы күни барлық мәмлекетлик шөлкемлердиң басшылары ҳәм хызметкерлерине, ўатанласларымызға жеке транспорт қуралларынан ўаз кешип, қоршаған орталықты патасламайтуғын жәмийетлик транспорт, велосипед ҳәм басқа да техника қуралларынан пайдаланыў усыныс етиледи.
Мағлыўмат ушын, автомобиллерден шығып атырған зыянлы шығындылар қоршаған орталықты патасландыратуғын турақлы дәрек болып есапланады. Соның ушын да жеке транспорт қуралларынан пайдаланбаў атмосфераға зыянлы элементлер шығарылыўының алдын алыў, тығылысты азайтыў ҳәм қалалардағы экологиялық жағдайды жақсылаўға хызмет етеди.