Ертеңги перспектива, елимиздиң келешектеги экономикалық раўажланыўы ушын

    Дизимге алыў илажлары 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекем өткериледи

    Халықтың демографиялық қурамы узақ мүддетли мәмлекет сиясатының таянышы есапланады. Ҳәр бир мәмлекетти раўажландырыў перспективасын белгилеўде онда жасаўшы халықтың саны, турмыс дәрежеси ҳәм абаданлығы, аўыл хожалығының жағдайын анықлаў жүдә әҳмийетли есапланады. Бунда дизимге алыў айрықша әҳмийетке ийе.

    Бул процесс мәмлекет халқының белгили бир ўақыттағы есабын алыў имканиятын беретуғын улыўма мәмлекетлик көлемдеги илаж болып, халық ҳаққындағы исенимли мәлимлеме дереги болып есапланады. Халықтың саны, туўылыў көрсеткишлери, миграция ағымлары - булардың барлығы бюджет қәрежетлери, ресурслардың усынылыўы ҳәм стратегиялық режелестириўде шешиўши фактор болып есапланады.

    Халықты дизимге алыў не ушын керек?

    Мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстан аймағында халықты дизимге алыў дәслеп 1897-жылы өткерилген болып, ондағы мағлыўматлар XIX әсир ақырында Өзбекстанда бар болған шаңарақлар, халықтың саны, жасы ҳәм жынысы, этникалық қурамы, туўылыў, өлим сыяқлы демографиялық процесслер ҳаққында түсиник пайда етиўге жәрдем берген.

    Кейин ала Өзбекстан аймағында бир неше мәрте халықты дизимге алыў жумыслары шөлкемлестирилген. Елимизде бундай илаж соңғы мәрте 1989-жылы өткерилген. Сол ўақытта халықтың улыўма саны 19 миллион 700 мыңды қураған. Тилекке қарсы, соңғы 36 жылда халықты дизимге алыў илажы өткерилмеген. Соның ушын кең көлемли реформалар арқалы турақлы раўажланыў жолынан баратырған жаңа Өзбекстан ушын бул мәселе және де әҳмийетли.

    Кейинги жыллары бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, 2019-жыл 5-февральда мәмлекетимиз басшысының "Өзбекстан Республикасында 2022-жылы халықты дизимге алыўды өткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы пәрманына қол қойылды.

    Бул ҳүжжетте халықты дизимге алыўдың шөлкемлестириўшилик ҳәм методикалық принциплери, программалық-техникалық тәмийнаты ҳәм мағлыўматларды қайта ислеўдиң технологиялық процесслерин сынақтан өткериў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслериндеги жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў бағдарында бир қатар ўазыйпалар белгиленди.

    2020-жыл 11-ноябрьде "Халықты дизимге алыў ҳаққында"ғы нызам қабыл етилди. Онда бул илажды өткериў ушын Статистика агентлиги жуўапкер етип белгиленди.

    Нызамда халықты ҳәр 10 жылда, аўыл хожалығын болса ҳәр 5 жылда кеминде бир мәрте дизимге алыў белгиленген. Сонлықтан, 2021-жылы халықты, 2022-жылы болса аўыл хожалығын сынаў тәризиндеги дизимге алыў илажлары өткерилди. Бирақ толық дизимге алыўды өткериў ушын зәрүр факторлар ҳәм халықаралық тәжирийбелерди үйрениў және тийисли илажларды ислеп шығыў белгили бир ўақытты талап ететуғыны себепли, бул илаж кейинге қалдырылған еди.

    Өзбекстанда халықты дизимге алыў кадастр мағлыўматларын да жаңалаўы күтилмекте, себеби статистика уйымлары тек халықты емес, ал турақ жай фондын да дизимге алады.

    Халық ҳаққындағы мағлыўматлар түрли административлик дереклерде, мәмлекетлик уйымлардың мағлыўматлар базаларында бар. Бирақ олардың ҳәммесинде де мағлыўмат толық емес. Бул бағдардағы мағлыўматларда сәйкес келмеўшиликлер көзге тасланбақта.

    Әҳмийетлиси, халықты дизимге алыў ҳақыйқатында жасап атырған халық ҳаққында тек ғана пүткил мәмлекет бойынша емес, ал регионлар кесиминде де мағлыўмат береди.

    Халықты дизимге алыўдың қайсы тәреплери әҳмиетли?

    Қәнигелер Өзбекстанда халықты дизимге алыў пуқараларға унамлы тәсир көрсететуғынын атап өтеди. Мәселен, мектеп жасындағы балалар саны ҳаққындағы мағлыўматлар мектеп қурыў бойынша режелерди муўапықластырыўға жәрдем берсе, аймақлар кесиминде қай жерде ҳәм қайсы тараўда жаңа жумыс орынларына талап бар екенин, қандай қәнигелер керек екенин билиў ушын жумыссызлар саны ҳәм олардың маманлық дәрежесин үйрениў зәрүр. Айрықша жағдайларда АЖМ хызметкерлери, сондай-ақ, шыпакерлер халықты дизимге алыў мағлыўматлары тийкарында зәрүр жәрдем көлемин белгилейди.

    Бул процесс исбилерменликтиң раўажланыўына да унамлы тәсир көрсетеди. Халықтың саны ҳәм дәраматы, оның турақ жайға мүтәжлиги ҳаққындағы мағлыўматларға ийе болған ҳалда, мәселен, турмыслық техника кәрханалары өндирис көлемин прогнозлаўы, оларды импорт етиўши компаниялар болса сатып алыўларды режелестириўи ҳәм зыянларды минималластырыўы мүмкин.

    Сондай-ақ, халықты дизимге алыў макроэкономикалық көрсеткишлерди келеси 10−20 жыллық дәўирге прогнозлаў ушын зәрүр. Статистикалық мағлыўматлар мәнзилли бағдарламаларды ислеп шығыў, пуқаралардың саламатлығын беккемлеў, шаңарақларға материаллық жәрдем бериўде үлкен әҳмийетке ийе.

    Мағлыўматлар мәмлекетлик мектеплер, китапханалар, денсаўлықты сақлаў мәкемелери, энергия ресурслары ҳәм суў тәмийнатына талапты көрсетип береди. Халықты дизимге алыў нәтийжелери ҳүкимет тәрепинен жергиликли ҳәкимият уйымларына ажыратылыўы зәрүр болған қаржы муғдарын анықлаўда да айрықша әҳмийетке ийе.

    Мәселен, жаслар үлесиниң жоқарылығы билимлендириў, жаңа жумыс орынлары, исбилерменликти раўажландырыўды талап етеди. Соның ушын халқының дерлик 60 проценти жаслар болған Өзбекстан ушын инфраструктура, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, транспорт сыяқлы тараўларда және нелерди ислеў керек екенлигин билиў оғада әҳмийетли. Дәрамат дәрежеси, бәнтлик, жасаў шараятлары, социаллық хызметлерден пайдаланыў имканиятын терең үйрениў болса қоллап-қуўатлаў бағдарламалары, жеңилликлер ҳәм социаллық қорғаў механизмлерин мәнзилли шөлкемлестириўге хызмет етеди.

    Бундай мағлыўматларды топлаў ҳәм таллаў халықтың әззи қатламларын анықлаў, кәмбағаллық дәрежеси ҳәм себеплерин баҳалаў, социаллық теңсизлик, әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин белгилеўде шешиўши әҳмийетке ийе.

    Усындай тийкарғы бағдарларда жедел сиясат жүргизип атырған мәмлекетимиз ушын бундай баҳалаў нормалары, әлбетте, қалыс ҳәм нәтийжели қарарлар қабыл етиўде қолайлы болады.

    Дизимге алыў илажлары 2026-жыл 15-январьдан

    28-февральға шекем өткериледи

    Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 12-сентябрь күни халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы усыныслардың презентациясы менен танысты.

    - Мәмлекетимизде халық ҳәм аўыл хожалығын жалпы дизимге алыў жүдә үлкен илаж, -дейди Миллий статистика комитетиниң баслығы Беҳзод Ҳамроев. - Соның менен бирге, үлкен қаржы ҳәм мийнетти талап ететуғын процесс. Бунда тек ғана халықтың саны емес, ал миллий қурамы, жасы, жасаў шараяты, бәнтлиги, турақ жай, үй-руўзыгершилик буйымлары менен тәмийинленгени сыяқлы көплеген демографиялық, социаллық-экономикалық көрсеткишлер қамтып алынады. Дүньядаги көплеген мәмлекетлер халқын ҳәр 10 жылда дизимге алады. Себеби халық ҳаққындағы исенимли мағлыўматлар оларды дизимге алыў арқалы жыйналады.

    Дизимге алыў нәтийжесинде Европа статистика конференциясының 2020-жылдағы усыныслары тийкарында 38 миллион халықтың қурамы ҳәм миграциясы, шаңарақлық жағдайы, жумыс түри, дәрамат дәреклери ҳаққында бирден-бир мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи.

    Сондай-ақ, мәмлекетимиздеги аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў жағдайы, шарўа маллары ҳәм қуслардың саны анықланады. Бул арқалы аўыл хожалығына бағдарланып атырған жыллық 25,6 триллион сум, соның ишинде, 2,2 триллион сум бюджет қаржыларының нәтийжелилиги, тараўдағы хызметлердиң көлеми ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын зәрүр мағлыўматлар топламы жаратылады.

    Дизимге алыў процесслерин нәтийжели әмелге асырыў ушын "мәҳәлле жетилиги" арнаўлы оқыў бағдарламасы тийкарында таярланады ҳәм хошаметленеди. Буның ушын статистика системасын беккемлеў мақсетинде Жәҳән банкиниң жәрдеминде әмелге асырылып атырған жойбар қаржылары қаратылады.

    Презентацияда халықаралық тәжирийбеден келип шығып ҳәм Жәҳән банки, ЮНФПА ҳәм ФАО шөлкемлериниң қатнасыўында ислеп шығылған халықты ҳәм аўыл хожалығын бир ўақытта дизимге алыў усынысы көрип шығылды. Оған бола, Өзбекстанда дизимге алыў илажлары 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекем өткериледи. Оның дәслепки 17 күни интернет арқалы, кейинги бир ай даўамында болса "мәҳәлле жетилиги"ниң қатнасыўында үйме-үй жүрип әмелге асырылыўы белгиленбекте.

    Мине, усы мақсетте 2021-жылы төрт аймақ - Ташкент қаласының Яшнабад, Әндижан ўәлаятының Хожаабад, Ташкент ўәлаятының Жоқары Шыршық районларында және Хорезм ўәлаятының Хийўа қаласында сынақ түринде халықты дизимге алыў илажлары өткерилген еди.

    Бул илаж үш түрли усылда өткерилди. Яғный қағаз түринде, интернет тармағы ҳәм планшет қурылмасы арқалы.

    Тәжирийбе түринде өткерилген халықты дизимге алыў нәтийжелерине бола, қағаз түрдеги формаларды толтырыў ҳәм олардан мағлыўматларды электрон системаларға көшириў оғада көп ўақыт ҳәм қаржы талап етеди. Соның ушын миллий дәрежеде халықты дизимге алыўдың қағаз формасынан ўаз кешиўге қарар етилди.

    Сынақ нәтийжелери илажды электрон тәризде өткериў оператив, исенимли, нәтийжели ҳәм экономикалық жақтан аз қәрежетли екенин көрсетти.

    Және бир әҳмийетли тәрепи. Бүгинги күнде оқыў, жумыс ислеў мақсетинде шаңарағы менен сырт елде болып атырған ўатанласларымыз бар. Бул ўатанласларымыз дизимге алыў басланғанынан кейин тиккелей Статистика агентлигиниң сайты арқалы өзлери ҳәм шаңарақ ағзалары ҳаққындағы мағлыўматларды киргизиўи мүмкин. Сондай-ақ, әскерий хызметти өтеп атырған, жазаны орынлаў мәкемелеринде болған пуқаралар да тиккелей сол жердеги жуўапкерлер менен биргеликте дизимге алынады. Бул мағлыўматлардың қәўипсизлиги кепилленген.

    Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 19-сентябрьдеги "Өзбекстан Республикасында халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын өткериў ҳаққында"ғы пәрманы әне усы мақсетлерге хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.

    Ҳүжжет пенен халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын өткериўди шөлкемлестириў бойынша республикалық комиссияның қурамы тастыйықланды. Миллий статистика комитети республика комиссиясы жумысшы уйымы есапланады.

    "Мәҳәлле жетилиги" системасында ислеўши хызметкерлер 2025-жыл 15-декабрьден 2026-жыл 1 мартқа шекемги дәўирде дизимге алыў илажына тартылады. Онда Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Миллий статистика комитети және жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте "мәҳәлле жетилиги" системасында ислейтуғын хызметкерлер планшет қурылмаларынан пайдаланған ҳалда дизимге алыў илажын өткерилиўин тәмийинлейди.

    Илажда дизимге алыўшы сыпатында қатнасатуғын "мәҳәлле жетилиги" системасында ислеўши ҳәм басқа да тартылатуғын хызметкерлер Жәҳән банки менен биргеликтеги "Өзбекстанда статистика системасы потенциалын беккемлеў" жойбары шеңберинде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының бир ярым есеси муғдарында бир мәртелик хошаметленеди.

    Дизимге алыў илажына тартылатуғын хызметкерлердиң тийкарғы жумыс орны, лаўазымы ҳәм орташа айлық мийнет ҳақысы сақланады.

    Дизимге алыў илажлары шеңберинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер 2026-жыл 15-январьдан 31-январьға шекем өз системасында жумыс алып барып атырған барлық хызметкерлер, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги республикадағы барлық орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери, сондай-ақ, мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм олардың филиалларында билим алып атырған студентлердиң census.stat.uz порталында дизимнен өтиўин тәмийинлейди.

    Фермер хожалықлары, юридикалық шахс шөлкемлестирген дийқан хожалықлары, аўыл хожалығы жумысын әмелге асырыўшы шөлкемлер ҳәм тийкарғы жумысы аўыл хожалығы емес аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланып атырған кәрхана ҳәм шөлкемлер, халықтың айырым категориялары да тийисли тәртипте дизимге алынады.

    Аўыл хожалығы - экономиканың таяныш тармағы

    Жер ресурслары бәрқулла миллий байлық ҳәм мәмлекеттиң турақлы раўажланыўындағы ең әҳмийетли факторлардан бири болып келген. Әсиресе, ҳәзир дүньяда шекленген тәбийғый байлық ушын бәсеки барған сайын артып атырған шараятта жерден нәтийжели пайдаланыў мәселеси әҳмийетли болып тур.

    Ҳәр бир қарыс жер қатаң қадағалаў астында болыўы, белгиленген мақсетке муўапық пайдаланылыўы шәрт. Сонда ғана аўыл хожалығында турақлы өндириске ерисиў, инвестиция тартыў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс сапасын жақсылаў мүмкин.

    Бул тараў тек ғана азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеп қоймастан, ал миллионлаған инсанлардың бәнтлиги ҳәм дәрамат дәреги есапланады. Сол себепли аўыл хожалығының бүгинги жағдайын баҳалаў өндирис көлеми ҳәм структурасын анықлаў, фермерлердиң машқалаларын үйрениў, жер ҳәм суўдан пайдаланыў нәтийжелилигине итибар қаратыў, аграр тараўды раўажландырыў илажларын белгилеў имканиятын береди.

    Себеби, объектив статистикалық мағлыўматларсыз аграр реформаларды табыслы әмелге асырыў, суўғарыў системаларын модернизациялаў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўди раўажландырыў ҳәм экспорт стратегиясын қәлиплестириў мүмкин емес. Сонлықтан, дизимге алыў илажы халық ҳәм аўыл хожалығының реал көрсеткишлерин анық белгилеў, мәмлекетлик бағдарламаларды мақсетли ҳәм нәтийжели әмелге асырыў ушын хызмет етеди.

    Жоқарыдағы мағлыўматлардан көринип турғанындай, демографиялық ҳәм социаллық-экономикалық көрсеткишлер, сондай-ақ, аўыл хожалығы потенциалын системалы ҳәм сапалы баҳалаў әпиўайы статистикалық процесс емес, ал мәмлекеттиң системалы раўажланыўы ушын стратегиялық тийкар болып есапланады. Бул елимиз ушын турақлы, әдил ҳәм абадан раўажланыўға қарай исенимли қәдем болып есапланады.

    Солай екен, бул процессти сапалы ҳәм толық қамтып алыў менен өткериўде ҳәр бир пуқараның белсендилиги зәрүр.

    Лутфулла СУВОНОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates