Онда Европа Аўқамына ағза 28 мәмлекет ҳәм биринши мәрте Өзбекстан Республикасы қатнасты. Мәмлекетимиз атынан илажда Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги (ИССМ) делегациясы қатнасты.
Ушырасыўда Өзбекстан делегациясы 2021-жылы GSP+ бенефициар статусын алғанынан берли әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелерин таныстырды. Атап өтилиўинше, усы дәўир ишинде Европа Аўқамына экспорт дерлик үш есеге артып, 1,15 миллиард долларға жеткен. Сондай-ақ, 6 200 ден аслам жеңиллетилген товар түринен 1 100 ге шамалас өним, соның ишинде, аўыл хожалығы өнимлери, тоқымашылық, электротехника ҳәм химия өнимлери ушын турақлы экспорт жолға қойылған.
Өзбекстанның үлкен экспорт потенциалын есапқа алып, делегация GSP+ шеңберинде жеңиллетилген товарлар дизимин жаңадан үзилген мийўе-овошлар менен кеңейтиўди усыныс етти. Сондай-ақ, мәўсимлик экспорт квоталарын қайта көрип шығып, олардың мүддетин созыўды усыныс етти. Бул өнимлер жеткерип бериў турақлылығын тәмийинлеп, Европа базарында өзбек товарларының бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға жәрдем береди.
Буннан тысқары, ИССМ ўәкиллери GSP+ жеңиллетилген режиминиң әмел етиў мүддетин және 10 жылға созыў усынысы менен шықты. Бул ерисилген нәтийжелерди беккемлеў ҳәм Европа Аўқамы менен узақ мүддетли экономикалық байланысларды раўажландырыў ушын шараят жаратады.
Сапар шеңберинде делегация Европа Комиссиясының саўда ҳәм халықаралық бирге ислесиў департаментлериниң басшылары менен ушырасыўлар өткерди.
Конструктивлик сәўбет даўамында өзбек товарларының Европа базарына кириў шәртлерин жақсылаў мәселелери, соның ишинде, прокатланған металл өнимлери ушын импорт квоталарын қайта көрип шығыў ҳәм өзбек өнимлерин Европа стандартларына бейимлестириў ушын ЕА тәрепинен техникалық жәрдем сораў мәселелери додаланды.
Ҳәр еки тәреп те сөйлесиўлердиң нәтийжелери Өзбекстанның GSP+ шеңбериндеги мәплерин алға қойыў ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли қәдем болғанын атап өтти, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.