ЕА рәсмийлери Вашингтонның мүмкин болған ҳәрекетлеринен дүньядағы ең үлкен атаўдың қәўипсизлигин кепиллеўдиң ҳәр қыйлы вариантларын көрип шықпақта. Гренландияны қорғаўдың үш мүмкин болған сценарийи ҳаққында The Economist хабар бермекте.

Трамптың сөзлери фонында НАТО бойынша аўқамласлары Гренландияны қорғаўды күшейтиў ушын 35 ке шамалас әскерий хызметкерди жиберди.

"Кескинликти жумсартыў" деп аталған биринши сценарий дипломатиялық илажларды, соның ишинде, Америка тәрепин Россия ҳәм Қытайдың регионға қәўип туўдырмайтуғынына исендириў, сондай-ақ, "Арктика сақшысы" басламасын жаратыўды нәзерде тутады.

"Тоқтатыў ҳәм қарсы илажлар" деп аталған екинши вариант АҚШқа экономикалық басым өткериўди өз ишине алады. Бул Гренландия ресурсларын тийисли рухсатнамасыз қазып алыўшы компанияларға қарсы санкциялар, Америка мәмлекетлик облигацияларын сатыў ямаса АҚШтың Европадағы әскерий базаларын жабыўда көриниси болыўы мүмкин.

Үшинши усыл - "Жаңа мақсетти күтиў" Трамптиң тийкарғы бағдарларының өзгериў итималы менен есапланады. Оның пикиринше, президенттиң итибары Иран менен келиспеўшилик ямаса 2026-жылғы сайлаўлар сыяқлы басқа мәселелерге қаратылады, оның Гренландия ҳаққындағы баянатлары болса Даниядан жеңилислерге ерисиў ушын тек ғана тактикалық ҳәрекет болып есапланады.

Бизге белгили, АҚШ Президенти Дональд Трамп өз ўәкиллериниң Дания ҳәм Гренландия министрлери менен ушырасыўы алдынан Дания "Гренландиядан дәрҳал шығып кетиўи" керек екенин жазған еди. Сондай-ақ, ол АҚШтың қадағалаўына өтиўден басқа ҳәр қандай вариантты "қабыл етилмейтуғын" деп атады, деп жазбақта korrespondent.net.