Техникалық жәрдем аўыл хожалығы жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, жерге ислеў бериў процесслерин жеңиллетиў, сондай-ақ, аўыл хожалықларының дәраматларын көбейтиўге қаратылған.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районы Есим мәҳәллеси халқына бес мотокультиватор тапсырылды. Бул техникалар қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, егис жумысларын жеделлестириў ҳәм мийнет өнимдарлығын арттырыў имканиятын береди.
Глобал экологиялық фонд (ГЭФ) тәрепинен қаржыландырылып, ФАО тәрепинен Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети менен биргеликте әмелге асырылып атырған "Азық-аўқат системаларының Өзбекстанда жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қайта тиклеўге тәсирин баҳалаў бағдарламасы" (FOLUR-Өзбекстан) жойбары шеңберинде жәрдем көрсетилди.
Мотокультиваторлар топыраққа ислеў бериўде нәтийжели жәрдемши болып есапланады. Жерди сүриў, культивациялаў, қатарларды қәлиплестириў ҳәм егиске таярлаў процесслерин әдеўир әпиўайыластырады ҳәм тезлестиреди, аўыл халқының физикалық жүклемесин азайтыўға ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлемин арттырыўға жәрдем береди.
- Аўыл хожалығы техникаларын жеткерип бериў арқалы аўыл халқы дәраматларының турақлы өсиўин тәмийинлеў, өзин-өзи азық-аўқат пенен тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиў ҳәм климаттың өзгериўине бейимлесиў потенциалын күшейтиўге умтыламыз, - деди "FOLUR-Өзбекстан" жойбарының миллий координаторы Азиз Нурбеков.
Атап өтиў керек, жойбар шеңберинде Қарақалпақстанда экосистемалар деградациясының алдын алыў, жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, топырақты қорғайтуғын ҳәм ресурсты үнемлейтуғын аўыл хожалығы әмелиятын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.