Бул ҳаққында ўәлаят ҳәкимлиги хабар берди.
Оған бола, усы жылдың 20-мартында "Ўәлаят аймақларында турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша хызмет көрсетиў ушын мәжбүрий төлем тарифлерин қайта көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў ҳаққында"ғы Халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң қарары қабыл етилди.
Қарар менен, аймақларда турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша хызмет көрсетиў ушын усыныс етилип атырған мәжбүрий төлем баҳалары (тарифлери) төмендегише белгиленди:
Қатты турмыслық шығындылар ушын:
Халыққа (бир адам ушын) бир айлық төлем суммасы ҚҚСсыз қалалар аймағында 6696 сум, районлар аймағында 5804 сум;
Халыққа (бир адам ушын) бир айлық төлем суммасы ҚҚС пенен қалалар аймағында 7500 сум, районлар аймағында 6500 сум;
Юридикалық шөлкемлерге 1 м3 ушын ҚҚСсыз қала-районлар аймағында 100 580 сум;
Юридикалық шөлкемлерге 1 м3 ушын ҚҚС пенен қала-районлар аймағында 112 650 сум.