Мәлим етилиўинше, бул аймақтан өтип баратырған жолаўшы жағдайды сезип, дәрҳал Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасына мүрәжат еткен.
Хабар тийкарында АЖБ суўға шығыўшы-қутқарыўшылары қысқа ўақыт ишинде ўақыя орнына жетип барып, пуқараны суўдан алып шыққан. Қутқарыўшылар тәрепинен жәбирлениўшиге дәрҳал биринши медициналық жәрдем көрсетилип, оның өмири сақлап қалынды.
Буннан соң пуқара тез медициналық жәрдем бригадасына тапсырылды.
Жуўапкерлер суў бассейнлери жанында сақлық қағыйдаларына қатаң әмел етиўди сорамақта.