Атап өтилгениндей, бүгинги күнде дүньяда бәсеки жаңа басқышқа көтерилип, мәмлекетлердиң экономикалық қүдирети тәбийғый ресурслар менен емес, интеллектуаллық потенциал ҳәм технологиялар менен өлшенбекте. Космослық исленбелер стратегиялық әҳмийетке ийе бағдарлардан бирине айланды.

Мәмлекетимизде космослық мағлыўматларды қолланыў басланғанына онша көп ўақыт болмаған болса да, қысқа ўақыт ишинде үлкен әмелий нәтийжелерге ерисилди. Проактив режимде ислейтуғын мәмлекетлик космослық мониторинг иске қосылды.

Соның менен бирге, кейинги бес жылда аралықтан зондлаў мағлыўматларына талап 3 есеге артқаны, ҳәзирги ўақытта 10 нан аслам мәмлекетлик мәкеме ҳәм барлық ҳәкимликлер космослық мониторинг системасы менен ислеп атырғаны атап өтилди.

- Ең әҳмийетлиси, космослық мағлыўматлар арқалы көзге көринбейтуғын экономикалық имканиятларды анықлап, оларды реал дәрамат дәрегине айландырмақтамыз. Бул мәмлекетлик ресурсларды басқарыў механизмлери ҳәм мәденияты өзгерип атырғанынан дәрек береди,-деди Президент.

Соның менен бирге, космос тараўында узақ мүддетли ҳәм турақлы миллий система - жасалма жолдасларды басқарыў, мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм әмелиятта қолланыў инфраструктурасын қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Мақсет мәмлекетимизди суверен ҳәм объектив мәлимлеме дереги менен тәмийинлеўден ибарат.

Ҳәзирги ўақытқа шекем сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилип, болажақ жолдастың анықлығы ҳәм пайдалы жүклемесине қойылатуғын техникалық талаплар анықланды.

Презентацияда илимий-технологиялық потенциалды арттырыў шеңберинде биринши миллий илимий жолдасты жаратыў жойбары да көрип шығылды. Қәнигелер таярлаў ҳәм инженерлик топарын қәлиплестириў, 2028-жылы "Мырза Улығбек" 6U форматындағы илимий жолдасты ушырыў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен биринши жергиликли космонавтты таярлаў ҳәм оның космосқа пәрўазын шөлкемлестириў стратегиялық ўазыйпа етип белгиленген еди.

- Бул тек рәмзий қәдем емес, ал мәмлекетимиздиң илимий потенциалы, жасларымыздың умтылыслары, миллий мақтанышымыз болады, - деди Президент.

Миллий космонавтты 10-14 күн даўам ететуғын қысқа мүддетли космослық пәрўазға таярлаў усыныс етилди, бундай пәрўазларды шөлкемлестириўде халықаралық бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.

Миллий космонавттың космосқа пәрўаз етиўи анық илимий бағдарламаны әмелге асырыў менен тығыз байланыслы болыўы керек екенлиги атап өтилди. Бул жетискенлик мәмлекетимиздиң халықаралық имиджин арттырыў менен бирге, илимий потенциалды раўажландырыў, жаңа жойбарлар ҳәм технологиялық басламалардың пайда болыўына, жаслардың илим ҳәм техникаға қызығыўшылығын арттырыўға хызмет етиўи керек.

Өзбекстанлы космонавттың космоста болыў дәўиринде алып барылыўы мүмкин болған изертлеў бағдарлары сыпатында медицина ҳәм биология (аралықтан диагноз қойыў, жергиликли дәри экстрактларының нәтийжелилигин үйрениў), өсимликлер генетикасы (қурғақшылық ҳәм шорға шыдамлы сортларды сынақтан өткериў, жабық агробиосистемаларды моделлестириў), материалтаныў (материаллар, гезлемелер ҳәм талшықларды жыллылықты топлаў ҳәм алып шығыў бойынша сынақтан өткериў) сыяқлы бағдарлар усыныс етилди.

2028-жылы Самарқандта Халықаралық астронавтика конгрессин өткериў мәселесине де тоқтап өтилди. Онда АҚШ, Европа, Қытай, Ҳиндстан, Россия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң жетекши космослық шөлкемлери қатнасыўға қызығыўшылық билдирген.

Жуўапкерлерге бул халықаралық илажға таярлықты жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Презентацияның жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев жуўапкерлерге жасалма жолдасларды ушырыў жойбарлары ҳәм жергиликли космонавтты таярлаў бойынша есап-санақлар ҳәм әмелий усынысларды пуқта ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берди.