Сонлықтан, Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Президенти сыпатында жумыс баслаған дәслепки жыллардан-ақ итибарын қоңсы мәмлекетлер менен жыллы қатнасықлар орнатыў ҳәм беккемлеўге қаратты. Негизинде Орайлық Азия халықлары көп жыллық туўысқанлық байланыслары менен байланысқан, керек болса, әзелден бир дәрьядан суў ишкен, қәдириятлары, үрп-әдетлери өз-ара жақын ҳәм уқсас. Әсиресе, Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан халықлары арасындағы қуда-қудағайлық, қоңсышылық қатнасықлары әсирлер даўамында қәлиплескен. Белгили себеплерге көре, мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, туўысқанлық, жақсы қоңсышылық қатнасықлары бир заман төменлеп қалған еди.

Президентимиздиң күшли сиясий ерк-ықрары, дана басламалары ҳәм қоңсы мәмлекетлер басшыларының тилеклеслиги, ийгиликли басламаларды қоллап-қуўатлаўы себепли дослық, туўысқанлық байланыслары және беккем байланды. Тынышлық-татыўлық, жақсы қоңсышылық қатнасықлары орнады. Атап айтқанда, усы жылдың бәҳәринде үш мәмлекеттиң ең машқалалы аймағы болған Хожендте бой тиклеген "Дослық" стеласы мәмлекетлеримиздиң мәңги дослық ҳәм тынышлық-татыўлық тымсалы болды. Мәмлекетлеримиз арасындағы барлық келиспеўши мәселелер толық шешимин тапты. Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасында үш мәмлекеттиң мәмлекетлик шегаралары тутасқан ноқат аймағы ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды. Жақында болып өткен Ферғана биринши халықаралық тынышлық форумы усы тынышлық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң кейинги перспективаларына бағышланды. Онда үш мәмлекет рәсмийлери ҳәм бир қатар халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Форумда бул бирге ислесиўдиң мәмлекетлеримиздиң раўажланыўына қосатуғын үлеси ҳаққында пайдалы басламалар алға қойылды, ҳәр қыйлы жаңа жойбарлар усыныс етилди.

Кейинги жыллары Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасында дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын тиклеў процесинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди орнатыў бағдарында бир қатар нәтийжелерге ерисилди. Экономикалық байланыслар беккемленип, көп жыллар даўамында жабылып турған транзит жоллары, шегара постлары ашылды. Соның ишинде, 2018-жылы тек ғана Тәжикстан менен байланыстыратуғын 8 автомобиль қадағалаў пунктиниң жумысы тикленди. 20 жылдан берли ислемей атырған Ғалаба - Амузанг - Хошади темир жол тармағының жумысы қайта жолға қойылды. Сондай-ақ, 2021-жылдан Ташкент - Душанбе - Ташкент турақлы авиақатнаўы, 2022-жылдан Самарқанд - Душанбе, Панжикент - Самарқанд халықаралық автобус қатнаўы иске қосылды. Соның менен бирге, аймақлар арасында 5 жаңа автотранспорт жөнелиси ашылды. Ташкент - Душанбе жолаўшы поезды қатнаўын баслады. Демек, ҳәзир ўатанласларымыз Тәжикстанға қәлеген транспортта, қәлеген ўақытта барып келиўи мүмкин. Оған 2018-жылы еки мәмлекет арасында виза режими бийкар етилгени имканият берди.

Қоңсылас Қырғызстан менен болса бул бағдарда және де салмақлы нәтийжелерге ерисилди. 2009-жылдан берли жабық турған "Мингтепа" ҳәм "Ханабад" сыяқлы шегара бажыхана постлары ашылды. Әндижан, Ферғана ўәлаятларынан Қырғызстанға автобус қатнаўы жолға қойылды. Поезд ҳәрекети тикленди. Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекет пуқаралары мәмлекет шегарасынан өз паспорты, миллий ID карталары менен өте алады. Жаратылған қолайлық ҳәм имканиятлардан пайдаланып, адамлар тек ғана туўысқан-туўғанын көриў ушын емес, ал саяхат мақсетинде де шегараларды кесип өтпекте. Атап айтқанда, өзбекстанлылар Ыссықкөл әтирапындағы дем алыў орынларына тез-тезден барып турады. Өткен жылы көл жағасындағы 4 пансионаттың ийелик ҳуқықы Өзбекстанға берилгени ўатанласларымыздың аймаққа қызығыўшылығын және де арттырды. Тәжикстан, Қырғызстан пуқаралары да саяхат етиў, тарийхый орынларды зыярат етиў мақсетинде елимизге келмекте.

Халқымызда "меҳир көзде" деген сөз бар. Бул өзгерислер халықларымыздың бирлигин беккемледи, өз-ара татыўлық, дослық байланысларын күшейтти. Мәмлекетлеримиз арасындағы социаллық-экономикалық бирге ислесиўди де жаңа басқышқа алып шықты. Соның ишинде, Тәжикстан менен 2018-жылы стратегиялық шериклик байланысларын орнатқан болсақ, 2024-жылы аўқамлас мәмлекетлерге айландық. Өткен қысқа дәўирде Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиў мисли көрилмеген дәрежеде жоқарылады. Тәжикстан Өзбекстанның төрт аўқамласынан бири екени еки мәмлекет арасындағы жәмийетлик-сиясий, экономикалық байланыслар қаншелли беккемленип атырғанын көрсетип тур.

Соңғы жыллары еки мәмлекет арасындағы саўда-сатық, товар алмасыў көлеми де есесине артты. Атап айтқанда, кейинги 7 жылда өз-ара саўда баҳасы 197 миллион АҚШ долларынан 700 миллион долларға артты. Бул ўақытта Өзбекстанға Тәжикстан экспорты 3,5 есеге, Тәжикстанға өзбек экспорты 4 есеге көбейди.

Бундай тартымлы санларды Қырғызстан мысалында да келтириў мүмкин. Ол Өзбекстанның ең ири саўда шериклери онлығына кирген. 2023-жылдың жуўмағына бола, мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара товар алмасыўдың баҳасы бир миллиард долларға шамаласты, яғный 2016-жылдағыға салыстырғанда дерлик 6 есеге көп. Еки мәмлекет арасында Стратегиялық саўда-экономикалық шериклик ҳаққында 2023-2025-жылларға мөлшерленген бағдарлама қабыл етилген.

Жоқарыдағы санлардан өз-ара бирге ислесиў мәмлекетлеримиздиң социаллық-экономикалық өсиўине үлкен үлес қосып атырғанын аңлаў мүмкин. Экономикалық бирге ислесиўимиздеги өсиўде "үлкен секириў" жүз бергени келешекте буннан да жоқары шеклерди биймәлел гөзлей бериў мүмкин екенинен дәрек береди.

Ферғана қаласында "Ферғана ойпатлығы: тынышлық ҳәм раўажланыў жолында ҳәрекетлерди бирлестириў" атамасында өткерилип атырған Ферғана тынышлық форумы өз-ара қоңсышылық, аўызбиршилик жолында мақсет ҳәм көзқарасларды бирлестирди.

Абырайлы әнжуман Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты тәрепинен Прогрессив реформалар орайы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Тынышлық орнатыў хабы ҳәм басқа да халықаралық структуралар менен биргеликте, сондай-ақ, БМШ ҳәм Европа Аўқамының жәрдеминде өткерилди. Форумның тийкарғы мақсети қарым-қатнас, өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеў және Ферғана ойпатлығын ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын турақлы платформа жаратыўдан ибарат.

- Суў ресурсларына бай Ферғана ойпатлығы гидроэнергетиканы раўажландырыўда үлкен имканиятқа ийе, - дейди Қырғыз Республикасы "Қарадарья - Сырдәрья - Әмиўдәрья" суў хожалығы бассейнлери басқармасының баслығы Мирзали Асатов. - Мәмлекетлер суў-энергетика ресурсларын басқарыў ҳәм жайлаўларды бөлистириў мәселелеринде өз-ара мақул шешим таппақта. Бүгин алдымызда Ферғана ойпатлығын тынышлық, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық мәканына айландырған дөретиўшилик процесслериниң турақлылығын ҳәм артқа қайтпайтуғынын беккемлеў ўазыйпасы тур. Атап айтқанда, биргеликтеги суў-энергетика, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бағдарында перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта. 2023-жыл январьда Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан "Қамбарата ГЭС-1" қурылысы жойбарын әмелге асырыў бойынша "жол картасы"н, 2024-жыл июньде болса жойбарды әмелге асырыўға таярлық көриў ҳаққында уйымлараралық келисимге қол қойды.

Бундай ҳәрекетлер Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери Ферғана ойпатлығының өз-ара пайдалы бирге ислесиў аймағына айланыўына хызмет етпекте. Қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў, энергетика инфраструктурасын модернизациялаў, сырт ел инвестицияларын тартыў, жаңа технологияларды енгизиў бағдарламаларын иске қосыў арқалы энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеўге комплексли қатнасларды ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылды. Суў ресурсларын өз-ара мәплерди ҳүрмет етиў, келисим, суверен теңлик принциплерине муўапық басқарыў системасы жолға қойылғаны суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў имканиятын бермекте.

Кейинги жылларда ҳәр қыйлы дәрежедеги трансшегаралық сөйлесиўлер жеделлеспекте, шегараалды саўда, туризм раўажланбақта, қоспа кәрханалар, инвестициялық фондлар, шегараалды саўда ҳәм санаат зоналары шөлкемлестирилмекте. Нәтийжеде Ферғана ойпатлығы бүгин Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының ис-ҳәрекетлери ҳәм өз-ара түсинисиў себепли тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм имканиятлар мәканына айланды. Шегаралардағы қадағалаў-өткериў пунктлери ҳәм транспорт коммуникацияларының қайта иске қосылыўы нәтийжесинде үш мәмлекеттиң жалпы ишки өниминиң көлеми 42 процентке артып, 141,3 миллиард сумға жетти. 2016-жылдан баслап регионаллық жалпы ишки өнимниң көлеми 2 есеге артып, 2024-жылдың жуўмағы бойынша 520 миллиард долларға көтерилди.

Ферғана ўәлаятының Бешариқ районында Тәжикстан менен шегарада "Андархан" регионаллық саўда-логистика кластери қурылмақта. Онда 200 ден аслам объект - өндирис цехлары, дүканлар, мийманханалар, банк ҳәм логистика орайы орын алады. Бул жойбарлар импорттың орнын басатуғын өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў, Орайлық Азияның санаат инфраструктурасының турақлылығын тәмийинлеў бойынша жаңа имканиятларды усынады.

- Бүгинги форум өзиниң әҳмийети ҳәм актуаллығына жараса қызғын сәўбетлесиў ҳәм пикир алысыў руўхында болып өтпекте, - дейди Россия Илимлер академиясының Жәҳән экономикасы ҳәм халықаралық қатнасықлар миллий изертлеў институты Орайлық Азия секторының баслығы Станислав Притчин. - Себеби бүгин дүньяда болып атырған жәмийетлик-сиясий процесслер ҳәр бир мәмлекет ҳәм жәмийетте аўызбиршилик, бирге ислесиў, ҳәр тәреплеме жақынласыўды талап етпекте. Әсиресе, бир аймақ, өз-ара жақын орталық, уқсас дәстүрлер тийкарында әсирлер даўамында бир-бирине жақын жасап киятырған өзбек, қырғыз ҳәм тәжик халықларының абадан турмысы, мәмлекетлердиң қәўипсизлиги, жедел раўажланыўында бундай әнжуманлар ҳәм әмелий ҳәрекетлердиң орны шексиз. Уллы жипек жолының жаңадан тикленип атырғаны, экономикалық бирге ислесиўдиң тереңлесип атырғаны, транспорт ҳәм санаат кооперациясының раўажланыўы усы аймақлар ушын кең имканиятлар есигин ашпақта. Өзбекстанға, атап айтқанда, Ферғанаға биринши мәрте келиўим. Ўәлаятта туризм, аўыл хожалығы, санаат бойынша оғада үлкен имканиятлар бар. Риштан ҳәм Қоқанд сыяқлы әййемги қалалар, бул жердеги көркем өнер түрлериниң раўажланып атырғаны итибарға ылайық. Туўысқан ҳәм шегаралас мәмлекетлердиң жуўапкерлери өз-ара тәжирийбе алмасыў тийкарында көплеген тараўларда избе-из бирге ислесиўди жолға қояды, деп ойлайман. Бул болса тек ғана Ферғана ойпатлығына шегаралас мәмлекетлер ушын емес, ал Россия, Қытай, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлер ушын да пайдалы ҳәм әҳмийетли.

Ферғана ойпатлығының сыртқы дүнья менен байланыслары да жедел раўажланбақта. Бүгин ол халықаралық мультимодаль транспорт коридорларына интеграцияланып, Шығыс ҳәм Батысты байланыстыратуғын регионлараралық транзит хабы статусын басқышпа-басқыш тиклеп бармақта. Усы көзқарастан Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы жойбары айрықша әҳмийетке ийе. Жол Персия қолтығы ҳәм Тыныш океанындағы портларға қолайлы кириўди тәмийинлейди, жаңа базарларға шығыў имканиятын береди. Бул арқалы экономиканы диверсификация етеди ҳәм жаңа жумыс орынларын ашады. Атап айтқанда, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстанды байланыстыратуғын турақлы жөнелислер жолға қойылмақта. "Қоқанд - Шайдан", "Қоқанд - Хоженд", "Хоженд - Ферғана", "Ташкент - Хоженд", "Ташкент - Ош - Иркиштом - Қашғар", "Риштон - Равон", Қашғар - Иркиштом - Ош" жөнелислери ашылды.

- Өзбек ҳәм тәжик халықлары әсирлер даўамында өз-ара аўызбиршилик, жақын қоңсышылық руўхында жасап келген. Бул дәстүрлер соңғы жылларда жаңаша кейпиятта даўам етпекте, - дейди Тәжикстан Республикасы Соғд ўәлаятының баслығы Ражаббой Аҳмадзода. - Кең көлемли бирге ислесиў өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет тийкарында жолға қойылғаны нәтийжелиликти есесине арттырады. Ферғана ойпатлығы әзелден тарийхый зыярат орынлары, мәдений мийрасы менен айрықша әҳмийетке ийе болған теберик орын болып есапланады. Бул жерге келип, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан тек ғана бир-бирине шегаралас емес, ал әзелий қәдириятлары, үрп-әдетлери, кәсиби ҳәм жоқары адамгершилик пазыйлетлери менен де бир-бирине оғада жақын екенине және бир мәрте исеним пайда еттим. Жақсы дәстүрлер ҳәм басламалар бүгин ҳәр тәреплеме жаңа басқышта раўажланып атырғаны және де қуўанышлы.

Форум шеңберинде өнерментлер, жас художниклер ҳәм миллий мәдений орайлардың көргизбелери, "Ферғана ойпаты халықларының дослығы" концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Форум қатнасыўшылары бул илаж еркин пикир алысыў, пикир таласыў ҳәм қарарлар қабыл етиў ушын әҳмийетли майдан болғанын атап өтти. Бул пикирди қоллап-қуўатлаған Тәжикстан ҳәм Қырғызстан ўәкиллери форумды турақлы өткерип барыў зәрүрлигин билдирип, кейинги тынышлық форумын өткериў басламасын алға қойды.

Санжар ЭШМУРОДОВ,

Расулжон КАМОЛОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршылары

Шерзод ҚОРАБОЕВ түсирген сүўретлер