Бул ҳаққында Le Figaro хабар берди.
"Бурбон сарайында дерлик бир аўыздан бул мәселе [нызам жойбары] қоллап-қуўатланды. Депутатлар биринши оқыўда нызам жойбарын қабыл етти, мақсет 15 жасқа шекемги жас өспиримлер ушын социаллық тармақларды қадаған етиў", деп жазды басылым.
Нызам жойбарын 116 депутат қоллап-қуўатлады, 23 депутат қарсы шықты.
Бул нызам жойбарының авторы Президент Эммануэль Макронның Ояныў партиясынан депутат Лаура Миллер болып есапланады. Оның сөзлерине бола, бул нызам жойбарының мақсети социаллық тармақлардың күн сайын артып баратырған тәсири фонында "француз жасларының руўхый саламатлығын қорғаў".
Парламент ағзалары тәрепинен тастыйықланған текст тек ғана жаслардың социаллық тармақлардан пайдаланыўды қадаған етиў менен байланыслы емес. Ол Франциядағы орта мектеплерде мобил телефонлардан пайдаланыўды қадаған етиўди де өз ишине алады, деп хабар берди report.az.