«Ғелон» туристлик-рекреациялық зонасын ҳәм халықаралық улыўма мәўсимлик курортты шөлкемлестириў илажлары ҳаққында

    6 желтоқсан 2024 1080

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

    Республикамыздың туристлик имканиятын арттырыў бойынша реформаларды избе-из даўам еттириў, таў ҳәм таўалды аймақлардағы иске қосылмаған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланыў есабынан экологиялық туризм хызметлерин диверсификациялаў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў арқалы таўлы ҳәм шетки аймақлардағы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың дәрамат дәрегин кеңейтиў мақсетиндеҮ

    Төмендегилер:

    Қазан қаласында (Россия Федерациясы) 2023-жыл 4-6-октябрь күнлери болып өткен III аймақлараралық бирге ислесиў форумы шеңберинде Россия тәрепи менен Қашқадәрья ўәлаяты Шаҳрисабз районында «Ғелон» халықаралық улыўма мәўсимлик комплексин шөлкемлестириў» жойбарын (кейинги орынларда – Инвестициялық жойбар) әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилгенлиги;

    Инвестициялық жойбар шеңберинде инвестор тәрепинен Инвестициялық жойбарды әмелге асырыў дәўиринде пайда болыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлерди өз мойнына алған ҳалда дәслепки баҳалаў бойынша жәми 300 миллион АҚШ доллары муғдарында тиккелей сырт ел инвестицияларының тартылатуғынлығы;

    Инвестициялық жойбар 2024—2030-жыллар даўамында үш басқышта әмелге асырылатуғынлығы, онда 2027-жыл 1-январьға шекем биринши басқышта инвестор тәрепинен 100 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизилиўи режелестирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

    Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң:

    Қашқадәрья ўәлаяты Шаҳрисабз районында улыўма жер майданы 2,9 мың гектар болған Ғелон туристлик-рекреациялық зонасын (кейинги орынларда – Туристлик зона) шөлкемлестириў;

    Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги жанында мәмлекетлик мәкеме түринде «Ғелон» туристлик-рекрациялық зонасы дирекциясын (кейинги орынларда – Дирекция) шөлкемлестириў;

    Туристлик зона аймағында заманагөй мийманхана комплекслери, мәдений-саламатландырыў, саўда-кеўил ашар ҳәм туристлик әҳмийеттеги басқа объектлерди ҳәм инженерлик инфраструктураларды қурыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

    Туристлик зона жумыс алып барыў мүддетин кейин ала создырыў имканияты менен 30 жылға шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

    3. Төмендегилер:

    «Ғелон» туристлик-рекрациялық зонасы шегараларының сыпатламасы 1-қосымшаға муўапық;

    «Ғелон» туристлик-рекрациялық зонасы аймағын системалы раўажландырыў бойынша илажлар 2-қосымшаға муўапық;

    «Ғелон» туристлик-рекрациялық зонасы ҳәм оған алып барыўшы жол-транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм өндирис инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

    Туристлик зона аймағындағы жер участкаларын реализациялаўдан ҳәм ижараға бериўден келип түскен қаржылар аукцион қәрежетлери шегирип тасланған ҳалда Дирекцияның жеке есап бетине өткерилетуғыны;

    Туристлик зонаның бас режеси ҳәм толық режелериниң жойбарларын ислеп шығыў ҳәм консалтинг компаниялары, жергиликли ҳәм сырт ел экспертлери ҳәм басқарыў компанияларының хызметлери ушын мийнет ҳақы төлеў Таўлы ҳәм алыс аймақларда туристлик инфраструктураны раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор) қаржыларының есабынан әмелге асырылатуғыны;

    Қордың есабынан әмелге асырылатуғын «Чорвоқ» туристлик-рекреациялық зонасының дирекциясы ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен тастыйықланатуғын графика тийкарында Туристлик зона аймағындағы жер участкаларын электрон онлайн аукцион арқалы реализациялаўдан түскен түсимлер есабынан қапланатуғыны;

    Туристлик зона инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў қәрежетлери белгиленген тәртипте тастыйықланған жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларына муўапық әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

    Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалық министрлиги, Кадастр агентлиги ҳәм мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте:

    еки ай мүддетте Туристлик зона жумысын шөлкемлестириў илажлары бойынша Ҳүкимет қарарының жойбары белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизилиўин;

    2025-жыл 1-июньға шекем Туристлик зонаның бас режеси ҳәм толық режелери жойбарларының ислеп шығылыўы ҳәм тастыйықланыўын;

    2025-жыл 1-июньға шекем Дирекция тәрепинен Туристлик зонаны раўажландырыўды нәзерде тутатуғын мастер реже ислеп шығылыўы ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин.

    Туристлик зонадағы туристлик инфраструктураны жаратыў имканияты болған жер участкалары кейин ала нәтийжели пайдаланыў ҳәм (ямаса) инвесторларға реализациялаў ушын турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен Дирекцияға өткерилетуғыны;

    Туристлик зона аймағындағы жер участкаларын реализациялаўдан түскен қаржылар Дирекция жумысын қаржыландырыў ҳәм туў туризми жойбарларын әмелге асырыў, соның ишинде, инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў ҳәм оңлаў илажларын қаржыландырыўға бағдарланатуғыны;

    Туристлик зона аймағында ҳәм Инвестициялық жойбар шеңберинде улыўма мәўсимлик туристлик объектлерди қурыў ҳәм олардан пайдаланыў, бул объектлердиң Туристлик зонаның бас режесине муўапықлығы Дирекция тәрепинен қадағаланатуғыны;

    Дирекция Туристлик зона аймағында улыўма пайдаланыўдағы жоллар ҳәм сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша буйыртпашы болып есапланатуғыны, жол ҳәм сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларын Туристлик зонаның шегараларына шекем жеткерип бериў миннетлемесин орынлайтуғыны;

    Дирекция жойбарлаў компаниялары тәрепинен ислеп шығылған жойбарлаў ҳүжжетлерине муўапық Туристлик зона аймағында зәрүр инфраструктура объектлери қурылыўын тәмийинлейтуғыны белгилеп қойылсын.

    Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги бир ай мүддетте:

    Дирекцияны Қашқадәрья ўәлаяты Шаҳрисабз районы «Мираки» МПЖ Фурқат көшеси 1-жай мәнзили бойынша жайластырылыўын тәмийинлесин;

    Дирекцияның жумысын шөлкемлестириў, соның ишинде, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жайластырыў, тийкарғы қураллар, үскенелер ҳәм транспорт қураллары менен тәмийинлеў ушын нызамшылықта қадаған етилмеген дәреклер есабынан зәрүр қаржылар ажыратсын.

    Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги Кадастр агентлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги менен биргеликте:

    еки ай мүддетте Туристлик зона аймағындағы жер участкалары, имарат ҳәм объектлер сондай-ақ, терек ҳәм путалар толық хатлаўдан өткерилиўин, терек ҳәм путалар белгиленген тәртипте қорғалыўын;

    үш ай мүддетте жер участкалары алып қойылыўы ҳәм (ямаса) имарат ҳәм объектлер бузылыўы нәтийжесинде мүлк ийелерине жеткерилетуғын зыянлар муғдарына анықлық киргизилиўин;

    баҳалаў жумысларын шөлкемлестириў ушын зәрүр ҳүжжетлер, соның ишинде, жер участкасына болған ҳуқықлардың мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер топламы таярланыўын, баҳалаўшы шөлкемлердиң тартылыўын ҳәм баҳалаў ҳаққындағы есабатлар эксперизадан өткерилиўин;

    жер участкалары алып қойылыўынан алдын мүлк ийелерине компенсация төлемлери толық көлемде төлеп берилиўин тәмийинлесин.

    Онда:

    жер участкалары ийелерине жеткерилген зыян нызамшылықта белгиленген тәртипте қаплап бериледи;

    Туристлик зона аймағында әмелге асырылатуғын жойбарлар ушын ажыратылатуғын жер участкаларында аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирислери шығынларының орнын қаплаў бойынша компенсация төлемлери жойбар интакерлери тәрепинен қаплап бериледи.

    Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Транспорт министрлиги, Энергетика министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалық министрлиги, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Туризм комитети, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги Инвестиция жойбары шеңберинде:

    улыўма узынлығы 33 км болған Ҳисорак – Ғелон, Ҳисорак-Сарчашма автомобиль жолын еки сызықлы етип, Шырақшы-Шөрқудық автомобиль жолының 30 км бөлегин үшинши категориядағы жол дәрежесине шекем жеткериў бойынша қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары әмелге асырылыўын;

    Мираки-Ҳисорак автомобиль жолын еки сызықлы етип, үшинши категориядағы жол дәрежесине шекем жеткерилиўин;

    ислеп шығылатуғын жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып Туристлик зона шегараларына шекем электр энергиясы тармағын тартыў ҳәм подстанция қурыў, сондай-ақ, ишимлик ҳәм ақаба суў тармақларын өткериў жумыслары әмелге асырылыўын тәмийинлесин.

    Онда сыртқы инфраструктура менен тәмийинлеў қәрежетлерин қаржыландырыў ҳәм буйыртпашыларды белгилеў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-августтағы «Инвестициялық жойбарларды сыртқы инфраструктура менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5233-санлы ҳәм 2024-жыл 5-июньдағы «Республикамыз аймақларының туризм имканиятын және де раўажландырыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққындағы» ПҚ-212-санлы қарарларына муўапық әмелге асырылады.

    Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги:

    а) Энергетика министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги, Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги, Транспорт министрлиги, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Санлы технологиялар министрлиги, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ ҳәм «Өзсуўтәмийнат» АЖ менен биргеликте 2025-жыл 1-мартқа шекем Инвестициялық жойбар шеңберинде объектлердиң жойбарлаў ҳүжжетлерин белгиленген тәртипте рәсмийлестириў жумысларын жуўмақласын;

    б) Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Туризм комитети менен биргеликте:

    Туристлик зона аймағында туристлик инфраструктура объектлерин қурыў ушын абырайлы шөлкемлерди, соның ишинде, потенциаллы сырт ел ҳәм жергиликли инвесторларды тартыў;

    перспективалы ҳәм тийкарғы жойбарлар дизимин қәлиплестириў, Туристлик зона аймағында дәслепки туризм, жол-транспорт инфраструктурасы ҳәм коммуникация тармақларын раўажландырыў ушын халықаралық қаржы институтларының жеңиллетилген кредитлери ҳәм грантларын тартыў илажларын көрсин.

    Туризм комитети Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте 2025-жыл 1-апрельге шекем Туристлик зона брендин жаратып, республикамыз аймағында ҳәм сырт еллерде кеңнен үгит-нәсиятлаў илажларын көрсин.

    Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиҮ

    Шаҳрисабз районында Туристлик зона аймағы шеңберинде аўыл хожалығына мөлшерленген ҳәм тоғай фонды жерлериниң жер фонды категорияларын өзгертиў мәселелерин көрип шығыў бойынша Ҳүкимет комиссиясына киргизсин;

    Туристлик зона аймағында жол көрсеткишлерин орнатыў ҳәм үлгили санитариялық-гигиеналық шақапшаларды жайластырыў ҳәм шығындыларды таслаў орынларын белгилесин;

    Туристлик зона аймағында турмыслық шығындылардың пайда болыўын минималластырыў, заманагөй технологияларды енгизиў арқалы қатты турмыслық шығындыларды өз алдына жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў жумысларын шөлкемлестирсин;

    Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардия менен биргеликте Туристлик зона аймағында экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы нызамшылыққа қатаң әмел етилиўи бойынша экологиялық қадағалаўды орнатсын.

    Ишки ислер министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте Туристлик зона аймағында Қашқадәрья ўәлаяты ишки ислер басқармасы Қәўипсиз туризмди тәмийинлеў басқармасының штат бирликллери ҳәм мийнет ҳақы қоры шеңберинде қәўипсизликти тәмийинлеў бөлимин шөлкемлестириў бағдарламасын тастыйықласын.

    14.Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына қысқы спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыўға қаратылған мақалалар басып шығарыў ҳәм темалы телебағдарламаларды эфирге жибериў усыныс етилсин.

    Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Ходжаев ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкими М.Б.Азимов белгиленсин.

    Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

    Өзбекстан Республикасы

    Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

    Ташкент қаласы,

    2024-жыл 5-декабрь

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates