Бул баслама Өзбекстан, Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан тәрепинен ЮНЕСКОға ағза 26 мәмлекет пенен биргеликте алға қойылған.
Дүнья жүзилик түркий тиллер күнин белгилеў сәнеси етип 15-декабрь белгиленди, себеби 1893-жылы усы күни даниялы илимпаз Вильгельм Томсен түркий тиллердиң келип шығыўынан дәрек беретуғын ең әййемги ҳүжжетлерден бири - Орхун жазыўларының әлипбеси оқылғанын жәриялады.
Бас конференция қарарында ЮНЕСКОға ағза бир неше мәмлекетте дерлик 12 миллион квадрат километр майдандағы 200 миллионнан аслам халық ушын түркий тиллер ана тили екени атап өтилген.
Пүткил жер жүзилик Түркий тиллер күниниң жәрияланыўы тил ҳәм мәдений ҳәр түрлиликти, регионаллық ҳәм глобаллық бирге ислесиўди алға қойыў, түркий халықлардың аўызеки дәстүрлерин ҳәм өзликти билдириў түрлерин сақлаў және раўажландырыў, сондай-ақ, ЮНЕСКОның бул тараўлардағы тийкарғы бағдарларын әмелге асырыўға хызмет етеди.
Бул баслама түркий тиллер бойынша изертлеўлер, мәлимлеме-ағартыўшылық илажлар ҳәм халықаралық бирге ислесиўди жедел раўажландырыў, түркий тиллес мәмлекетлердиң мәдений ҳәм ҳүжжетли мийрасын ғалаба ен жайдырыўда да жаңа түртки болып хызмет етеди.
Ҳәр жылы өткерилетуғын Пүткил жер жүзилик түркий тиллер байрамы шеңберинде түркий тиллердиң мәдений-социаллық қәдирин көрсетиў, түркий тиллер ҳәм олардың инсаният раўажланыўына қосып атырған үлесин үгит-нәсиятлаў бойынша көргизбелер, лекциялар, әдебий кешелер, көркем өнер көргизбелери сыяқлы түрли мәдений презентациялар ҳәм илажлар өткерилиўи режелестирилген.








