Германия 15-январьдан баслап өзиниң 13 әскерий хызметкерин Гренландия пайтахты Нуук қаласына жибереди. Бул ҳаққында Бундесвердиң билдириўинде мәлим етилди.
Атап өтилиўинше, Германия әскерлери басқа да Европа мәмлекетлери менен бирге Данияның мирәт етиўине бола 15-17-январь күнлери разведка миссиясында қатнасады. Олар Airbus A400M транспорт самолётында жетип барады.
"Мақсет Данияны регионда қәўипсизликти тәмийинлеў, атап айтқанда, теңизде бақлаў имканиятлары бойынша қоллап-қуўатлаў мақсетинде мүмкин болған әскерий үлеслер ушын шараятларды үйрениў болып есапланады. Орынлардағы разведка басқа бирге ислесиўши мәмлекетлердиң ўәкиллери менен биргеликте алып барылады", - деп атап өтти Бундесвер.
Bildтиң жазыўынша, дәслеп Гренландияға Бундесвердиң алдынғы топарын, атап айтқанда, жағдайды баҳалаў ҳәм күшлерди және де жайластырыўға таярлық көриў ушын разведка бөлимшесин жибериў режелестирилген.
Сондай-ақ, Дания Гренландия аймағында өзиниң әскерий қатнасыўын сезилерли дәрежеде көбейтетуғынын жәриялағаны ҳәм НАТОның басқа да европалы ағзаларынан да усындай қәдемлерди күтип атырғаны атап өтилген.
Ол жерде әскерий контингентти арттырыў НАТО қәўендерлигинде әмелге асырылып атырған болса да, Bild мағлыўматларына бола, операцияны Альянс ўәкиллери емес, ал Копенгаген муўапықластырмақта. Бундай көзқарас АҚШқа исеним жоқлығы менен түсиндирилип, операция АҚШ тәрепиниң қатнасыўысыз әмелге асырылмақта, деп жазбақта korrespondent.net.
"Германияда қорғаныў министрлиги ҳәм жетекши рольде федерал канцлер канцеляриясы процесске тартылған. Таў әскерлери ушын оқыў миссиясынан тысқары, әскерий-теңиз ҳәм әскерий-ҳаўа күшлери қатнасыў ушын тийкарғы талабанлар болып есапланады", делинеди хабарда.