Ҳәзир дийқаншылықтан баслап өндириске шекем, санаат шынжырын жаратыўдан баслап ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға шекем - барлығында жеке исбилерменлер, киши ҳәм орта бизнес ўәкиллерин ушыратыўымыз әдеттеги жағдайға айланған. Ҳәзир олар ҳаққында ҳәттеки Президентимиздиң түрли мәжилислерде сөйлегенин әзелден усындай болып келген сыяқлы әпиўайы қабыл етемиз.

Тараў ўәкиллерине жаратылып атырған бир қатар жеңилликлер, еркинликлер, алып тасланып атырған жасалма шеклеўлер жети-сегиз жыл алдын әмелге асырыў оғада қыйын болған жумыс екенин умытқанымыз, әлбетте, бир тәрептен қуўанышлы, бирақ өтмиш қәтелерин умытпаған ҳалда, келешек ушын тийкар қурың, деген нақылды да умытпаўымыз керек.

Сегиз жыл алдын қабыл етилген қарарлар ҳәм реформалар әйне усы аўыр ноқаттан басланғаны бийкарға емес. Себеби бурын бир исбилермен жумыс басласа, жумысына араласып, бийкарға тексериў менен тосқынлық қоятуғынлар көп болмаған. Өним ислеп шығарыў, базар табыў, жаңа жумыс орнын жаратыў - ҳәммеси үлкен қыйыншылық, бул жағынан исбилерменге жәрдем бериў орнына оның жумысына кесент бериў, сөзсиз, раўажланыў жолындағы тосқынлық еди.

Сол себепли, 2016-жылдан баслап мәмлекетимизде исбилерменлерге мүнәсибет түп-тийкарынан өзгерди. Президентимиздиң 2016-жыл 5-октябрьдеги "Исбилерменлик жумысының жедел раўажланыўын тәмийинлеўге, жеке меншик мүлкти ҳәр тәреплеме қорғаўға ҳәм исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы болса бул тараўда жаңа басқыш, жаңа имканиятлар есигин ашты. Себеби, ҳүжжет пенен исбилерменлик субъектлериниң жумысын режеден тысқары, сондай-ақ, оларды жынаят ислери шеңберинде альтернатив тексериўлердиң барлық түри бийкар етилди.

Бул бағдардағы исенимли қәдемлер бир-бирине жалғасты. Тараўдың раўажланыўына мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, экономикада мәмлекеттиң үлесин басқышпа-басқыш азайтыўға қаратылған анық мәнзилли илажлар әмелге асырылды. Өткен жыллар даўамында бизнес жүргизиўге байланыслы 100 ден аслам лицензия ҳәм рухсатнама бийкар етилди, рухсатнамаларды рәсмийлестириў тәртиплери әпиўайыластырылып, мүддетлери қысқартылды. Артықша тексериўлер, нақ пул, валюта ҳәм шийки зат бойынша көплеген шеклеўлер бийкар етилди. Нәтийжеде ишки ҳәм сыртқы базарда өзиниң абырайы ҳәм брендине ийе исбилерменлер класы қәлиплесе баслады. Бул экономика локомотивлерин жетистирип беретуғын орталық ишинде жергиликли исбилерменлер өз мәҳәллеси, өз аймағындағы адамлар ушын ҳақыйқый лидерлерге айланды. Енди "не ислеген болар едим" деген бәне орнын, жақсы мәнисте, "қай жерде ислегеним қолайлырақ" деген таңлаў ийеледи.

Кейинги жылларда халық арасында ҳәм мәмлекетлик уйымларда исбилерменлерге болған унамлы тәрепке өзгерген бул мүнәсибет мүлк ҳәм мүлк ийелери, жеке меншик сектор ўәкиллериниң ҳуқықлары менен мәплериниң нызам жолы менен қорғалыўын және де жетилистирди. Мине, усылардан келип шығып, "жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығы", "экономикалық жумыс еркинлиги" сыяқлы фундаментал демократиялық түсиниклер ҳәм турмыслық көнликпелер жаңа Өзбекстанның реал ҳақыйқатлығына айланып барды.

Ғиждувон тәжирийбеси менен жақыннан танысыў ушын Бухараға шөлкемлестирген үш күнлик сапарымыз даўамында шахста исбилерменлик мотивациясы ҳәм қәўип-қәтердиң қәлиплесиўиндеги байланыслылықты үйренер екенбиз, ондағы қәўип-қәтер, қайсы бир мәнисте қәўипли болған қарарларды қабыл етиўдеги аўысыўлар итибарымызды тартты.

Топарлық бөлиниўлерди изертлеў процесинде сондай нәрсе анықланды, адамлар жалғыз болғанлығына қарағанда, топар арасында қәўипли қарарларды көбирек қабыл етиўге бейимлирек екен. Айырым жеке бақлаўлар нәтийжесинде исбилерменлик тек ғана системалы ҳәрекеттен ибарат емес екен деген жуўмаққа келдик. Табыслы исбилерменге айланыў, адамларды исбилерменликке тартыў ушын олардың, яғный белгили бир аймақта жасайтуғын халықтың улыўма кейпияты, характери, қызығыўшылықлары ҳәм машқалалары анализ етилиўи керек.

  Узақ күтилген ҳәдийсе

2024-жыл 31-май - 1-июнь күнлери Президентимиз ўәлаятымызға сапары ўақтында Ғиждувон районында да болған еди. Онда жумыс орнын жаратыў, экспорт көлемин кеңейтиў, аймақтағы бар мәҳәллелердиң ҳәр бири ушын 100 миллиард сумнан түсим бойынша имканиятларды көрсетип, ири муғдардағы қаржылар ажыратылыўы ҳаққында тоқтап өтилген. Усы көзқарастан, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жуўапкерлерге Ғиждувон районында халықтың бәнтлигин арттырыўшы жойбарларды кеңнен қоллап-қуўатлаў, зәрүр жәрдем көрсетиўге байланыслы тапсырмалар да берилди.

1 триллион сумға шамалас қаржы Бухараның ең ири аймақларынан бири, исбилерменлер мәканы болған Ғиждувон районының 75 мәҳәллеси ҳәм гүзарын ең үлгили дәрежеге алып шығыў имканиятын беретуғыны сөзсиз еди. Солай екен, мен бәрқулла Ғиждувон тәжирийбеси сыпатында көрилген, нәтийжелери республикамыздың түрли аймақлары арасында қолланылыўы күтилип атырған жумысларға жуўап ретинде район халқы да ҳәр бир раўажланыўға миннетдаршылық пенен үлес қосыўдан шаршамаўы ҳәм тоқтамаўы керек екенлигин айтып келемен.

Узақ жыллар даўамында исбилерменлерге кең жол ашып берилген болса да, алдын бул районда жасырын цехлар, кәрханалар тап замаррықтай көбейип кеткен еди. Орны келгенде айтыў керек, жасырын цехлар тапқан дәраматлардан гегирдегин толтырып жүрген исбилерменлер де болған. Бүгин ҳәр бир жасырын цех жумысының алды алынып атыр. Бирақ, олар бурынғы тәртипке муўапық, кескин түрде жабып таслап, жумысына шек қойылмай атыр. Керисинше, жумыс хызмети нызамластырылып, дурыс жол көрсетилмекте. Қараңғылық арасында "саяда" қалып баратырған бул жасырын цехлардың жумысын "айдын"ға алып шығыў бүгин районның ең әҳмийетли мәселесине айланған.

17 жыл салық системасында жумыс ислегенмен. Ол ўақытлары жасырын цехлар анықланса, жәрийма бар еди. Анықланған жасырын цехлардың өнимлери жүз процент мәмлекетке өткерилип, үлкен муғдарда жәрийма тартылатуғын еди. Жаңа салық кодексине бола болса, бундай жағдайларға мүнәсибет нызам менен өзгертилди. Жасырын цехлар "саядан" ашыққа шықса, жумысшы-хызметкерлерине жақсы шараятлар жаратып, нызамлы жумыс басласа, бир жыллық салығының ярымы қайтарып бериледи. Бул өз-өзинен үйде ямаса түрли жертөлелерде салықтан қашып "күн кеширип атырған" исбилерменлердиң нызамлы ислеў имканиятларын арттырыўға түртки болады. Мине, буны ақылға уғрас шешим деп айтыўға болады. Бул да Ғиждувон тәжирийбеси сыпатында көрилген.

Буннан тысқары, район инфраструктурасына байланыслы бир қатар мәселелер бар. Халық ушын зәрүр имаратлардың барлығы қайтадан бир мәнзилде қурылады ҳәм бирлестириледи. Сондай-ақ, район аймағынан темир жолдың өткерилгени үлкен имканият. Бул жердеги исбилерменлер өзи ислеп шығарған өнимлерин ишки ҳәм сыртқы базарда поезд хызмети арқалы әмелге асырыў имканиятына ийе болады. Жол қәрежетлери баҳасы өзгереди.

Енди Ғиждувон ҳаял-қызлары ыссы пахта атызында аўыр мийнет етип, аз дәрамат тапбайды. Ҳәр бир мәҳәлледе шөлкемлестирилген ҳәр қыйлы бағдарларда жаратылған цех ҳәм өндирис кәрханаларында, яғный бираз ыссы сезилсе де салқын жерлерде мийнет етеди. Өндирислик кәрхана ҳәм цехларды тиклеўде мәҳәллелерде орын болмаса, пахта ҳәм ғәллеге мөлшерленген жер майданларынан, Президентимиз айтқанындай, өзлери қәлеген жерден ажыратып бериледи.

Социаллық-экономикалық раўажланыў ушын ажыратылған қаржылар менен район мисли көрилмеген раўажланыў орайына айланатуғынына гүманым жоқ. Бирақ оның артында үлкен жуўапкершилик, жүк бар. Ҳәр бир сораўға жуўапкершилик пенен бирдей жуўапкершиликти өз мойнымызға алып, реже ҳәм әмеллерди биргеликте, пуқта шешип, бийик шыңлардан асыўымыз керек. Өзимизде жуўапкершилик сезимин жоқарылатыўымыз керек. Мақсет болса бир болыўы керек: Ғиждувон тәжирийбеси жолында адамлар менен бир дене бир жан болып, пидайылық көрсетиў, таза ҳүждан менен оны толық әмелге асырыў.

Бир ўақытлары "Гүлистанобод" МПЖда жумыс алып барып атырған "Ортиқ Дилнавоз" ЖШЖ басшысы Дилнавоз Саидова менен сәўбетлесиў өткерилгенде киши мәҳәлле гүзарында тигиўшилик бағдарында жумыс алып барып атырғаны, ислеп шығарып атырған өнимлери өтимли болса да, жақын аймақта бос жер жоқлығы себепли жойбарын кеңейте алмай атырғанын айтқан еди. "Микрокредитбанк" АТБ басшысының басламасы менен мәҳәлле аймағындағы жер майданынан 5 сотих жер ажыратылып, улыўма баҳасы 2 миллиард сум болған тигиўшилик жойбары шеңберинде қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Бүгинги күнде қурылыс-үскенелеў жумыслары толық жуўмақланып, тигиўшилик цехында 100 ден аслам ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен бәнт болды.

Буннан тысқары, ўәлаят ҳәкиминиң басламасы менен өндирис кәрханалары дерлик жоқ, жумыссызлық дәрежеси жоқары болған "Шурча" ҳәм "Саҳибиян" МПЖлардың халқы ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде 51-санлы улыўма билим бериў мектебиниң бос ҳәм қараўсыз қалған имараты ҳәм жер майданларында бир неше жойбарлар әмелге асырылды.

Соның ишинде, халықтың усынысы менен аймақта мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жоқ екенлигин есапқа алып, бос турған 6 класс бөлмеси қайта реконструкцияланып, 150 орынлық бақша, пайдаланылмай атырған ҳәм қараўсыз жағдайға келип қалған шақырыўға шекемги жасларды таярлаў ханалары ҳәм оқ атыў спорт объектинде 120 орынлық тигиў цехы ҳәм киши өндирис цехлары, қараўсыз айрықша жағдайларда пайдаланылатуғын жер үйде замаррық жетистириў ханалары шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, мектеп асхана имараты толық оңланып, бир бөлеги оқыўшылар ушын, бир бөлеги бақша балалары ушын асхана сыпатында қайта оңланып, пайдаланыўға тапсырылды. Нәтийжеде 200 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылып, усы мәҳәллелерде жумыссызлыққа шек қойылды.

"Парвоз Ҳумо Равнақ транс" ЖШЖ 3 жойбарды (жип ийириў, тоқыў, бояў ҳәм таяр гезлеме) әмелге асырғаннан соң тигиўшилик фабрикасын қурыў ушын жер майданы жетерли болмағаны ҳәм ислеп шығарылған өнимлерди сақлаў мақсетинде 4 қабатлы имарат қурылды. Ҳәзирги күнде подвалда ислеп шығарылған өнимлерди сақлаў ушын қоймахана шөлкемлестирилди, үш қабатта тигиўшилер жайластырылып, 2000 ден аслам ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди.

"Бег Багс" ЖШЖның жәми жер майданы 0,2 гектарды қурайды. Дәслеп подвал ҳәм биринши қабатлар иске қосылып, ҳәзирги ўақытта екинши қабатта жумыс жолға қойылған. Бул кәрхана ҳәр қыйлы сумкалар ислеп шығарыў менен шуғылланады, жыллық өндирис көлеми болса 1,2 миллиард сумды қурайды. Санаатты төменнен жоқарыға көтериў есабынан кәрханада жәми 50 жумысшы хызметкер ислемекте.

Бундай кәрханаларды санап, санағына жете алмаймыз. Биз көбинесе санлардың талқыланыўына тоқтап турыўды еринемиз, тийкарында халықтың турмыс көринислери, олар ҳәм исбилерменлердиң турмыс тәризи әйне санларда сәўлелендириледи. Мәселен, оннан аслам кондитер өнимлерин ислеп шығаратуғын "Ўктамжон Миразиз ширинликлари" кәрханасының жыллық өндирис қуўатлылығы 13,9 миллион долларды қурайды. Экспорт көлеми - 20 процент. 25 жумысшы хызмет көрсетеди. Бул жигирма бес шаңарақтың абаданлығы тәмийинленди, дегени. Олар перзентлери, ата-анасы ямаса туўысқанлары ушын жетерли шараят жаратып бериўге уқыплы. Бәршемиз мине, усы санаат шынжыры созылыўын, ҳәр бир шаңараққа жалғанып, үй шырағы және де жарқынырақ жарқыраўын қәлеймиз. Исленген жумыслардан гөре, орынланып атырған ҳәм орынланыўы зәрүр болған реформалар, жумыслар, режелер көп.

Лидер исбилерменлерди тартқан ҳалда илажларды толық әмелге асырыў ушын әлле қашан жумысқа кирискенбиз. Миннетдарлық сезимимиз ҳәм мийнетимиз бенен ҳәммесин әмелге асырыўымыз керек, арттырамыз да. Ақыры уллы тарийхқа ийе бул район. Ғиждуванда илимсиз адам қалмайды. Жумыссыз қалмайды. Өнерсиз адам қалмайды. Мен де, районымыз халқы да оған исенеди.

Шерзод АШУРОВ,

Ғиждувон районы ҳәкими

 

Тәўекелшилик жаңа жеңислерге тийкар жаратады

Исбилерменликтиң психологиялық өзгешеликлери феномениниң илимий анализи ҳәзирги ўақытта оның экономикалық пикирлериниң раўажланыўы сыяқлы раўажланып бармақта. Соңғы жылларда бул феномен машқаласының әҳмийетин түсиндириў изертлеўшилер, жергиликли илимпазлар алдына бир қатар ўазыйпаларды қоймақта. Айырым жуўмақлардың ескиргенин ямаса аймаққа қарап өзгерип туратуғынын есапқа алыўымыз керек екенлигин бүгинги исбилерменлик процесиниң өзи дәлиллемекте.

Мәселен, бир ўақытлары исбилерменлерде әдетте жас өтиўи менен тәўекелшиликке бейимлилик пәсейип барады, тәжирийбелеринде бул көрсеткиш әдеўир төмен. Исбилермен ҳаял-қызлардың қәўип-қәтерлери еркеклерден парықлы түрде айырым жағдайларда ғана көринеди, бул миллий менталитет пенен түсиндирилиўи мүмкин деген гәплер менен бүгин улыўма жуўмақ шығара алмаймыз. Отыз бес-қырық, керек болса елиў жастан кейин барлық жумысларын таслап, өзин исбилерменликте сынап көриў ушын ҳәм экономикалық, ҳәм руўхый тәўекелшиликке ушыраған, көпшилиги ҳәзирги ўақытта ири жергиликли исбилерменлерге айланған бир неше адамларды билемен. Өзим де елиўден өткенмен, қәўип-қәтерден қорықпайман, пайдалы болған ҳәр қандай жаңалықларға қушақ ашаман.

Шынында да, исбилерменлик искерлигинде тәўекелшилик исбилерменниң тийкарғы эмоционал-ықрарлы өзгешелиги сыпатында орын ийелейди. Көпшилик жағдайларда жеңилистен қашыўдың зәрүрлигин сезиў, исбилерменде қәўип-қәтерге бейимлиликти шеклеўге алып келеди. Қәўип-қәтер кейпияты қанша жоқары болса, жеңилистен қашыў тилегине салыстырғанда зәрүрлик сонша азаяды. Сондай-ақ, тәўекелшиликке бейимлилик табысқа салыстырғанда унамлы байланыс пайда етип, бул исбилерменде хожалық искерлигин жүргизиўде ҳәм стратегиялық мақсетлерди әмелге асырыў ўақтында жаңадан жаңа жеңислерге тийкар жаратады.

Қәўип-қәтерге умтылыўшы адам да бәрибир бир нәрсеге сүйенеди, таяныш ноқаты болмаса, қәўип-қәтерден ҳәтте пайда жоқ. Президентимиздиң жеке өзи белсендилик пенен мийнет етиң, қандай машқала болса, шешемиз, деп турған ўақытта болса тәўекелшилик етиў болса бул исеним ҳәм үмит жемиси болып есапланады. Бир нәрсеге ерисиўге исеним имканияты, қарары, деп ойлайман.

2024-жыл 17-июль күни аймақлар ҳәм тармақларда экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша видеоселектор мәжилисинде Ғиждувон тәжирийбеси тийкарында район ҳәкимлерине жыл ақырына шекем мың мәҳәлледе вертикал өсиўши санаат имаратларын шөлкемлестириў тапсырылды. Бундай имаратларда шаңарақларда шөлкемлестирилген, бирақ кеңейиў имканияты болмаған өндирислер ушын шараятлар жаратыў ўазыйпасы жүклетилди.

Мәҳәллелерди 5 категорияға ажыратып жумысты шөлкемлестириў, мәҳәллелерге санаатты алып кириў, шаңарақларда киши өндирислерди шөлкемлестириў (вертикал өсиўши санаат имаратларын шөлкемлестириў), барларын "саядан" шығарыў, исбилерменлерди экспортқа бағдарлаў сыяқлы жумыслар Ғиждувон тәжирийбесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди. Булардың барлығы не ушын керек деп ойлайсыз? Мәмлекетимиз исбилерменлерге жәрдем менен бирге билим бериўди де мақсет еткен. Имканиятыңыз жоқары, дүньяға көзқарасыңыз кең болмаса, бир сумды еки сум етип алыўды үйрене алмайсыз. Мәмлекетимиз басшысы исбилерменликти енди баслап атырғанларға өзин еркин сезетуғын жәмийетшиликти ҳәм өзине болған исенимди инам етти. Елимиздиң келешеги менен байланыслы ҳалда, ҳәттеки ҳаял-қызлар исбилерменлиги де басқышпа-басқыш раўажланып атырғанын көриў мүмкин.

Ислам ХУДОЙБЕРДИЕВ, өнермент

 

***

"ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР ДӘПТЕРИНЕН" ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ ШЕКЕМ

2024-жылдың гүзинде Ғиждувон тәжирийбеси бойынша белгиленген анық режелер тийкарында ҳәрекетти баслаған едик. Режеге тийкарланып райондағы 20 мәҳәлледе Ғиждувон тәжирийбеси тийкарында санаатты вертикал өсиў ҳәм сол тийкарда халықты кәмбағаллықтан шығарыў, бәнтликти тәмийинлеў бойынша режелер белгилеп алып, өзимге де 5 шаңарақ бириктирилген еди. Бул шаңарақлар менен ислесиў системасы да жаратылды. Мақсетимиз бир - мәҳәллелерде кәмбағаллықты қысқартыў.

Өткен жыл даўамында Бухарадағы 544 мәҳәлледе халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында унамлы нәтийжелерге ерисилди. Атап айтқанда, пуқаралар ҳәм ҳақыйқаттан да социаллық жәрдем алмай атырған кәмбағаллықты анықлаў бойынша хатлаў әмелге асырылып, жәми 50 мың 232 шаңарақтағы 215 мың халықтың дизими қәлиплестирилди. Соннан 1-2-категориядағы 23 мың 521 шаңарақтың жасаў шараяты жақсыланып атырған шаңарақларға тез нәтийже беретуғын бағдарларды, жумысқа жайластырыў, киши өндирис үскенелери, хызмет көрсетиў бағдарларында жеңиллетилген кредит, субсидия ресурсларынан пайдаланып, дәраматын арттырыўға киристи.

Мәмлекетимиз басшысы баслаған принцип тийкарында Бухарада сектор басшылары, ҳуқық қорғаў уйымлары, қала ҳәм районлардың ҳәкимлери, экономикалық, социаллық, аўыл ҳәм суў хожалығы системасындағы 1107 жуўапкерге 5434 социаллық қорғаўға мүтәж адам бириктирилди.

"Ҳаял-қызлар дәптери"нде турған айырым ҳаял-қызлардың бүгинги күш-ғайратын көрип, ашықтан-ашық, не ушын усы ҳаялдан көбирек жумыс ислемеўим керек, деген ой ҳәрекетке ийтермелейди. Бир ўақытлары өзи ушын жумыс таба алмай қыйналған бул исбилермен ҳаял бир неше жыл ишинде жүзлеген ҳаял-қызларға жумыс орнын жаратып бериўин ҳәттеки өзимиз де көз алдымызға келтирмеген едик. Ҳақыйқатында да, бүгин бәне қыдырыўға онша тийкар жоқ. Имканият бәрқулла болған ҳәм оннан дурыс пайдалана алатуғынлар болса районның алдынғы исбилерменлерине айланбақта.

Тошполат МАРДОНОВ,

Ғиждувон районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлиминиң баслығы