Қарарға муўапық, 2025-жылы бажыхана тараўын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди:

тараўға жасалма интеллект технологияларын енгизиў;

бажыхана уйымларының мәлимлеме системаларын жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў;

бажыхана уйымларының шөлкемлестириў структураларын оптималластырыў.

Бажыхана комитети системасында Бажыхана рәсмийлестириўи орайы шөлкемлестириледи. Онда аймақлық басқармалардың аралықтан электрон декларациялаў бажыхана постлары басқышпа-басқыш сапластырылады.

Бажыхана комитетиниң қурамында бажыхана тараўына жасалма интеллект технологияларын енгизиўге қәнигелескен структура шөлкемлестириледи. Структураның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди. Соннан:

жасалма интеллект технологиялары тараўында алдынғы сырт мәмлекетлердиң тәжирийбелерин үйрениў;

бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўин қамтып алған жасалма интеллект технологияларын изертлеў, олардың нәтийжели ислеўин тәмийинлеў ҳәм турақлы түрде сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў илажларын көриў.