Сөйлесиўде Жақын Шығыстағы жағдайдың кескинлесиўи бойынша пикир алысылды, халықаралық ҳуқық нормаларына қатаң әмел етиў, деэскалация ҳәм сөйлесиў турақлы тынышлыққа ерисиўдиң бирден-бир жолы болып қалып атырғаны атап өтилди.
Еки тәреплеме қатнасықларды турақлы раўажландырыў мәселелери де додаланды. Мадридте Өзбекстан - Испания бизнес-форумының өткерилиўи атап өтилип, тийкарғы тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиўден еки тәреп те мәпдар екени тастыйықланды, деп хабар бермекте ӨзР СИМ баспасөз хызмети.