Өзбекстан СИМ басшысы Душанбе қаласында болып өткен ҒМДА сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилисинде қатнасты

    Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов 9-октябрь күни Душанбе қаласында болып өткен Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилисинде қатнасты.

    Мәжилисте ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң сыртқы сиясат уйымларының басшылары қатнасты. Ушырасыўда Тәреплер Дослық Аўқамы шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, сиясий, экономикалық, гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы байланысларды беккемлеўге байланыслы кең көлемли мәселелерди додалады.

    Мәжилис жуўмағында Сыртқы ислер министрлери кеңеси ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң додалаўына киргизилетуғын бир қатар ҳүжжетлер жойбарларын мақуллады.

    Қатнасыўшылар ҒМДА мәканында өз-ара түсинисиўди беккемлеў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ушын жедел сөйлесиў ҳәм келисилген ҳәрекетлердиң әҳмийетли екенлигин атап өтти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates