Ушырасыўда бүгинги күнде еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың бар потенциалынан және де нәтийжели пайдаланыў, сиясий сөйлесиўди жеделлестириў ҳәм сыртқы ислер министрликлери арасындағы бирге ислесиўди институционаллық тийкарда беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан тәрепи саўда-экономикалық бирге ислесиў еки тәреплеме қатнасықлардың тийкарғы бағдарларынан бирине айланыўы тәрепдары екени атап өтилди.

Сыртқы ислер министри елшиге Өзбекстандағы дипломатиялық миссиясын әмелге асырыўда үлкен табыслар тиледи.