Ушырасыўда тәреплер Жақын Шығыстағы жағдай бойынша пикир алысты. Дипломатлар регионаллық қәўипсизликке қәўип туўдырыўы мүмкин болған ўақыялардың раўажланыўынан қәўетерленип, жағдайдың және де кескинлесиўине жол қоймаў әҳмийетли екенин атап өтти.
Сондай-ақ, барлық келиспеўшиликлер дипломатиялық жоллар менен ҳәм халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық шешилиўи керек екенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, ушырасыў қатнасыўшылары Өзбекстан ҳәм Буғаз араб мәмлекетлери арасындағы еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў перспективаларын, сондай-ақ, "Орайлық Азия - Буғаз араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси" форматы шеңбериндеги бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады.