Шынында да, ушырасыў даўамында бизге жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында тыңлар екенмен, усы мәмлекеттиң перзенти болғаныма мақтаныш еттим. Келешегимиз бүгинги күнимизден де абадан болатуғынына және бир мәрте исеним пайда болды. Әсиресе, мәмлекетимиз басшысының жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерин сырт елде оқытыў бойынша айтқан сөзлери менде үлкен тәсир қалдырды.

Бүгин елимизде жаслар ушын барлық шараят ҳәм имканиятлар бар. Буны өзим де, олардан пайдаланып киятырған бир өзбек перзенти сыпатында айқын айта аламан.

2007-жылы Ферғана ўәлаятында туўылғанман. Ҳәзир Ташкент халықаралық Вестминстер университети жанындағы академиялық лицейде оқып атырман. Артта қалған 2024-жыл мен ушын умытылмас ўақыяларға бай болды. Декабрь айында дүньяға белгили Гарвард университетинен 360 мың АҚШ доллары муғдарында грант утып алдым. Хош, буған еристим? Ойлап қарасам, буның да тийкарында мәмлекетимизде жасларға қаратылып атырған итибар жәмленген. Келиң, бир шеттен түсиндирип берейин. Көпшиликке белгили, Гарвард сыяқлы абырайлы жоқары оқыў орынларынан толық грант утып алыў ушын билимниң өзи азлық етеди. Онда талабанлардың социаллық белсендилигине де айрықша итибар қаратылады. Мен болсам елимиздеги көплеген социаллық жойбарларда қатнасып келемен.

Ҳәзир Жаслар ислери агентлиги басламасы менен шөлкемлестирилген "Ибрат перзентлери"ниң “Ibrat Debate” жойбарына басшылық етип атырман. Бул жойбардың тийкарғы мақсети инглис тилин билетуғын жаслар арасында дебатлар шөлкемлестириў болып есапланады. Әйне жойбар шеңберинде бүгинги күнге шекем 100 ге шамалас дебат шөлкемлестирилди. Оларда 3000 нан аслам қатнасыўшы қатнасты. Ҳәзирги ўақытта жойбарда 100 ден аслам волонтёр жумыс алып бармақта.

Алдыма қойған мақсетлерим жүдә көп. Олардың ең тийкарғысы абырайлы жоқары оқыў орнында оқып келип, онда өзлестирген билим ҳәм көнликпелеримди елимизде пайдаланыў, өзим таңлаған экономика бағдарының раўажланыўына үлес қосыў болып табылады.

Жаслар бирлессек, үлкен күшпиз. Бизден талап етилетуғыны билимниң қүдиретин ўақтында аңлаў, имканиятлардан хабардар болып, олардың нәтийжесинде ерискен жетискенликлеримизди усы халықтың раўажланыўы ушын жумсаў зәрүрлигин турмыслық жолымызға айландырыў болып табылады. Бүгинги күнниң талабы да сол.

Азизбек ЗАЙЛОБИДДИНОВ,

Ташкент халықаралық Вестминстер университети

жанындағы академиялық лицей оқыўшысы