Бүгин 3-март күни аймақтың үлкен бөлиминде қар жаўыўы даўам етеди ҳәм ҳаўа температурасы 0...-5 дәреже суўық әтирапында болады. Күнниң екинши ярымында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында қар жаўыўы тоқтайды.
4-мартта Өзбекстанның барлық ўәлаятларында жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтилмекте. Тек ғана республиканың айырым таўлы аймақларында бираз қар жаўыўы мүмкин. Түнде ҳәм азанда еле де суўық антициклон тәсири сақланып турады, температура -2...-7 градус суўық әтирапында болады. Күндиз антициклон республика аймағынан әсте-ақырын шегинип баслайды. Температура +4...+7 дәрежеге шекем көтериледи, бирақ бул март айының басы ушын нормадан салыстырмалы төмен.
Республиканың айырым орынларына думан түсиўи мүмкин.
5-6-март күнлери Өзбекстанның барлық аймақлары бойынша жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтилмекте.
7-мартта республика бойынша айырым жерлерде (Ферғана ойпатлығынан тысқары) және жаўын көринисинде жаўын-шашын болыўы күтилмекте.
Тек ғана Өзбекстанның арқасында - Үстиртте ҳәм Аралбойы аймақларында жаўын қарға айланыўы мүмкин. Ҳәпте ортасынан температура жедел көтериле баслайды ҳәм 6-7-март күнлерине келип, түнлерде +5...+8 градус жыллы, күндиз 14-17 градус жыллы, қублада +20...+22 градусты қурайды.
3-март ҳәм 7-март күнлери республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 17-22 м/с қа шекем күшейеди, айырым жерлерде айырым ўақытлары 23-25 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Ташкентте: 3-мартта ўақты-ўақты менен қар жаўады. Ҳаўаның температурасы 0...-2 градус суўық болады.
4-6-март күнлери жаўын-шашын күтилмейди. 7-мартта кешке қарай жаўын жаўыўы мүмкин. Температура 4-мартта түнде +3...+5 градус суўық, күндиз +5...+7 градус жыллы болады. 5-7-мартта температура түнде +4...+7 градус жыллыға шекем, күндиз +14...+17 градус жыллыға шекем көтериледи.