Мәмлекетимиз басшысының БМШ Бас Ассамблеясы 80-юбилей сессиясындағы шығып сөйлеген сөзи кең жәмийетшиликтиң итибарын тартыў менен бирге, улыўма сиясий пикир таласларда айрықша әҳмийетке ийе болды.
Жақын дәўирде Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы қатнасықлар жаңа, әмелий ҳәм жедел басқышқа көтерилди. Бир ўақытлары БМШ минберинде регионаллық машқалалар ҳәм экологиялық кризислер ҳаққында сөз етилген болса, бүгин Президентимиз пүткил дүнья ушын әҳмийетли актуаль мәселелер, басламалар ҳәм шешимлерди усыныс етпекте.
Бүгин БМШтың Өзбекстанға итибарын бақласақ, өз-ара сөйлесиў, бирге ислесиў платформасы кеңейгенине исеним пайда етемиз. Мәселен, Арал теңизи кризисин жумсартыўға бағышланған резолюциялар, жаслар ҳуқықлары бойынша басламалар ҳәм туризмди раўажландырыўға байланыслы сөйлесиўлер бул бирге ислесиўдиң беккемлигин көрсетеди. Мәмлекетимиз басшысы алға қойған ҳәр бир усыныс ҳәм баслама терең ойланған ҳәм олардың тийкарында Өзбекстанның узақ мүддетли раўажланыў стратегиясы жәмленген.
Атап айтқанда, Пүткил жер жүзилик профессионал билимлендириў саммитин Өзбекстанда өткериў усынысы тосыннан емес. Бул усыныс жаңа Өзбекстанның инсан капиталын раўажландырыўға айрықша итибарын сәўлелендиреди. Бүгин мәмлекетимизде мектепке шекемги ҳәм жоқары билимлендириўге қамтып алыў кескин артты, муғаллимлердиң абырайы көтерилди. Саммит болса мәмлекетимизге дүньядағы алдынғы тәжирийбелерди алып кириў, сырт елли бирге ислесиўшилер менен байланысларды беккемлеў ҳәм елимиздеги билимлендириўдеги реформалар ҳәм ерисилген жетискенликлерди көрсетиў имканиятын береди. Бул, өз гезегинде, миллет келешеги ушын тийкар жаратады. Себеби заманагөй билимге ийе жаслар жаңа кәрханалар ашыў ҳәм инновациялық жойбарлар ислеп шығыўға уқыплы.
Сондай-ақ, Ислам цивилизациясы орайының ашылыўы ҳәм уллы ойшылларымыздың мийрасының БМШта презентациясының өткерилиўи Өзбекстанның илим ҳәм ағартыўшылыққа жоқары итибарын, бул тараўдағы бай тарийхын дүньяға көрсетеди.
Әсиресе, мәмлекетимиздиң басламасы менен БМШта балалар рак кеселлигине қарсы гүресиўге бағышланған жоқары дәрежедеги илаж өткериў усынысы халықтың саламатлығын беккемлеўге қаратылған әҳмийетли қәдем болды. Соның менен бирге, Азия ҳаял-қызлар форумын турақлы платформаға айландырыў басламасы мәмлекетте гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий турмыстағы орнын беккемлеўге қаратылған избе-из сиясаттың логикалық даўамы болып есапланады.
Президентимиз буннан 8 жыл бурын усы жоқары минберде турып Орайлық Азияны тынышлық, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик мәканына айландырыўға қатаң қарар еткенимизди исенимли түрде атап өткен еди. Бул рет БМШ минберинде жабық шегаралар ҳәм шешилмеген тартыслар дәўири артта қалғаны айрықша атап өтилди. Соның ишинде, "…биз бул стратегиялық мақсетке еристик. Жабық шегаралар, шешилмеген тартыс ҳәм келиспеўшиликлер дәўири тарийхта қалды", деди мәмлекетимиз басшысы.
Бүгин регионда өз-ара бирге ислесиў жедел раўажланып, саўда, транспорт ҳәм инвестициялар көлеми бир неше есеге артты. Қоспа фондлар, санаат зоналары ҳәм ири инфраструктуралық жойбарлар иске қосылмақта. Бул экономикалық пайда келтириў менен бирге регионаллық тынышлық ҳәм турақлылықтың беккемлениўине де хызмет етпекте.
Өзбекстанның БМШ структуралары менен биргеликте Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономикалық раўажланыўына бағышланған халықаралық форум өткериў, санаатта "жасыл" технологиялар регионаллық хабын шөлкемлестириў ҳәм БМШ Бас Ассамблеясының Орайлық Азиядағы бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаўға байланыслы резолюциясын қабыл етиў басламалары регионымыздың халықаралық қатнасықларда айрықша субъект сыпатында және де күшейип, глобаллық экономикаға интеграцияласыўына тийкар жаратады.
Президентимиздиң Аўғанстанның жеккеленип қалыўына жол қоймаў ҳәм бул мәмлекет арқалы халықаралық транспорт ҳәм энергетика коридорларын раўажландырыў бойынша БМШтың айрықша резолюциясын қабыл етиў усынысы регионда турақлылықты тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Сондай-ақ, Регионаллық реабилитация кеңесин Халықаралық компетенциялар орайына айландырыў ҳәм Терроризмге қарсы гүресиў басқармасының регионаллық офисин Өзбекстанда ашыў басламалары мәмлекетимиздиң терроризм ҳәм радикализмге қарсы гүресиўдеги қатаң позициясын көрсетеди.
Арал теңизи апатшылығы глобал машқала екенин Президентимиз және бир мәрте усы минберден турып атап өтти. Қурыған теңиз түбиндеги 2 миллион гектар майданда сексеўил ҳәм шөл өсимликлери егилгени, 2030-жылға шекем бул аймақтың 80 процентинде жасыл қапламалар пайда етиў мақсети қойылғаны бул жумыслардың көлеми ҳәм әҳмийетин көрсетеди.
Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форумды Өзбекстанда өткериў усынысы да оғада әҳмийетли. Бул форум мәмлекетимизди суў ресурсларын басқарыў тараўында жетекшиге айландырыўы мүмкин. Экологиялық миграция бойынша Глобал пактти қабыл етиў усынысы болса бул әҳмийетли машқалаға халықаралық дәрежеде шешим излеўге қаратылған және бир әҳмийетли шақырық болды.
Мәмлекетимиз басшысы санлы раўажланыў ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыўда теңсизликтиң алдын алыў ҳаққындағы пикирлери менен заманагөй дүньядағы әҳмийетли машқалаға халықаралық жәмийетшиликтиң итибарын қарата алды. Бул тараўда бирге ислесиў механизмин жаратыў усынысы Өзбекстанның технологиялық раўажланыў бағдарындағы ашық-айдын сиясатын аңлатты.
"Жәҳән жасларының тынышлыққа қарай ҳәрекети"н шөлкемлестириў ҳәм оның резиденциясын Өзбекстанда жайластырыў усынысы болса жасларымыздың келешектеги тыныш ҳәм абадан турмысқа умтылысын мәмлекет жетекшиси мысалында сәўлелендирип берди. Қуўанышлы тәрепи, бул баслама жаслардың глобал көлемде бирлесиўи ҳәм тынышлықты беккемлеўдеги ролин арттырады.
БМШ минберинде ашық айтылған бундай усыныс ҳәм басламалар жаңа Өзбекстанның мақсети, ертеңги режелери ҳәм өз жетекшиси арқалы пүткил дүньяға жаңлап атырған ҳақыйқый ҳаўазы болып есапланады. Демек, Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзи жаңа Өзбекстанның пүткил дүньяға өзи ҳаққында билдирген әҳмийетли хабары болды. Себеби, шығып сөйлеўдиң мазмунына сиңген бир ҳақыйқат бар - биз тек ғана өз келешегимиз ушын жуўапкер емеспиз, ал глобал тынышлық, раўажланыў ҳәм инсанияттың абаданлығына да үлес қосыўға таярмыз!
Манзурахон САЛИМОВА,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты