Усы сәне мүнәсибети менен күни кеше Президентимиз Жеңис паркине барып, еслеў мәресиминде қатнасты. Кейинги жылларда қәлиплескен дәстүрге муўапық, мәмлекетимиз басшысы "Мәртлик гимни" естелигине гүл қойды.
Мәмлекетимизде 9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин кеңнен белгилеў, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңиске үлес қосқан урыс ҳәм мийнет ветеранларына және елимиздиң раўажланыўы ҳәм қорғалыўы ушын гүрескен уллы ата-бабаларымызға айрықша итибар ҳәм терең ҳүрмет көрсетиў ийгиликли қәдириятқа айланды. Сондай-ақ, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң естелигин улығлаў турақлы итибарда.
Халқымыздың Екинши жер жүзилик урыста көрсеткен мәртлиги инсаният ядында мәңги сақланады. Ҳүжжетлерге бола, фашизмге қарсы қанлы саўашларда сол ўақытта 6 миллион 800 мыңлық халқымыздың дерлик 2 миллионы қатнасқан. Соннан 540 мыңға шамаласы қайтыс болған, 158 мыңы бийдәрек жоғалған, 50 мыңнан асламы концлагерьлерде мисли көрилмеген қыйнаў ҳәм азаплар себепли қайтыс болған, 60 мыңнан асламы майып болып қайтқан.
Мәмлекетимиз урыс жылларында фронттың беккем тәмийинлеў базасына айланған, саўаш майданларына оғада үлкен муғдарда әскерий техника, қурал-жарақ, кийим-кеншек ҳәм азық-аўқат жеткерип берген. Оғада аўыр шараятқа қарамастан, халқымыз урыс аймақларынан көширип әкелинген 1 миллион 500 мыңға шамалас адамды, соның ишинде, ата-анасынан айырылған 250 мың жетим баланы өз қушағына алып, меҳир көрсеткен.
Президентимиз ата-бабаларымыздың бул мәртлиги ҳәм пидайылығы ҳаққында тоқтап, "Булар ҳақыйқый мәртлик ҳәм қаҳарманлық жылнамасы болып есапланады. Бундай қурамалы ҳәм даңқлы жеңиске мүнәсип үлес қосқан мәрт халқымыз бенен ҳәр қанша мақтансақ та арзыйды. Бул қаҳарманлықларды ҳеш қашан умытпаўымыз, жасларымызға жеткериўимиз керек. Әсиресе, ҳәзирги қәўетерли заманда буның әҳмийети оғада үлкен. Ҳәммемиз ўатан қорғаўға ҳәр күни таяр болыўымыз керек", деп атап өтти.
Ҳақыйқатында да, бабаларымыздың бундай өмир жолы ҳәр биримиз ушын үлкен ибрат болып есапланады. Сонлықтан, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Екинши жер жүзилик урыс жылларындағы тарийхымызды үйрениўде шын мәнисинде жаңа дәўир басланды. Дүнья архивлери үйренилип, бул бағдарда жаңадан табылған мағлыўматлар халқымызға жеткер барылмақта. Илимий излениўлер нәтийжесинде орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған Өзбекстан ўәкиллериниң санына да анықлық киргизилди. Алдын бул көрсеткиш 120 мың деп атап өтилген еди. Жаңа мағлыўматларға тийкарланып Екинши жер жүзилик урыста 200 мыңнан аслам әскер ҳәм офицерлеримиз жаўынгерлик мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланғаны анықланды. Соның ишинде, бурын 280 деп есаплап келинген өзбекстанлы Совет аўқамы қаҳарманларының саны 301 екени, 70 ўатанласымыз үш дәрежедеги "Даңқ" орденине миясар болғаны өз тастыйығын тапты.
Сол отлы жылларда Өзбекстандағы 7 жастан 70 жасқа шекемги пүткил халық, соның ишинде, ҳаял-қызлар да "Ҳәмме нәрсе - фронт ушын, ҳәмме нәрсе - жеңис ушын!" деп жасады. Тынышлық ҳәм парахатшылықтан ўаз кешип, тынымсыз аўыр мийнет етти. Мәмлекетимиз фронттың беккем тәмийинлеў базасына айланды.
Президентимиздиң 2019-жыл 23-октябрьдеги "Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығын мүнәсип белгилеў ҳаққында"ғы қарарына муўапық, Ташкент қаласының Алмазар районында Жеңис парки шөлкемлестирилди. Бул бағда урыс жылларында халқымыз көрсеткен теңсиз қаҳарманлықты улығлайтуғын, өзинде ана ўатан тымсалын жәмлеген "Мәртлик гимни" монументиниң естелик комплекси орнатылды. Комплекске қандай да бир көркем образ емес, ал турмысымызда жүз берген тарийхый ўақыя - зангиоталы Зулфия Зокирова ҳәм оның шаңарағы ҳаққындағы ҳақыйқатлық тийкар етип алынған.
Зулфия Закирова жалғыз өзи бес ул, бир қызды тәрбиялады. Екинши жер жүзилик урыста бес азамат улынан айрылған. Жеңис паркиниң орайында жайласқан бул саўлатлы комплекс Өзбекстандағы барлық аналарға қойылған естелик болып, ана ўатан белгисин сәўлелендиреди. Себеби, Жеңис парки халқымыздың қаҳарманлығын улығлайтуғын, қәдир-қымбатын жоқарылататуғын теңсиз комплекс болып есапланады.
Бүгин елимизде Екинши жер жүзилик урыстың ҳәр бир қатнасыўшысына ғамқорлық көрсетиўге айрықша итибар қаратылмақта. Олардың ҳәр бирине материаллық, руўхый ҳәм басқа да түрдеги жәрдемлер берилмекте. Булардың барлығы жаңа Өзбекстанда инсан қәдирин улығлаў, ўатан тынышлығы ушын пидайылық көрсеткен ата-бабалардың мәртлиги ҳәмийше ҳүрметке ылайық екениниң жоқары үлгиси болып есапланады. Тарийхый еслеў барлығымызды өтмиштен дурыс жуўмақ шығарып, бәрқулла сергек ҳәм қырағы болыўға, ата-бабаларымыздан ибрат алып жасаўға шақырады.
Қутбиддин БУРҲОНОВ,
Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм
қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы