Ҳақыйқый қурылысшылар ислейди

    Алдаўшылар тараўды тәрк етеди

    Бурынлары қайсы бир жерлесимиздиң арзыў-нийетлерин қызығып сорасаңыз, көпшилиги "Бир өзбекке не керек, шымшықтың уясындай үйим болса, пул жыйнап перзентлериме той-мерекелер жасасам, және бир-еки сум жыйнасам, машина болса да шеп болмас еди", деп жуўап беретуғын еди.

    Әййемде барлық заманлардың илим шамшырақлары - Абу Али ибн Сино, Абу Райхан Беруний, Имам Бухарий сыяқлы алымларды жетилистирген миллет өзиниң киши ғам-тәшиўишлерине араласып қалған еди. Мәмлекетте негизинде арзыў деп те болмайтуғын, ҳәр бир инсанның бирлемши, турмыслық мүтәжлигине ерисиў ушын адамлардың өмири жетпейтуғын еди.

    Себеби, бир ғана үй сатып алмақшы болсаңыз, бир қанша машқалаларға дус келетуғын едиңиз. Мысал ушын, пайтахтта бир бөлмели жай алмақшы болсаңыз, бәринен бурын, "прописка" мәселеси сизге тосқынлық ететуғын еди. Егер оны шешсеңиз, баҳа қыйнайды. Айтайық, Тис тырнақлап жыйнап қойған қаржыңыз бар болса да, кеўлиңизге жағатуғын жаңа, заманагөй, ықшам үй табыўдың имканы еди.

    Бүгин биз ушын бул ески машқала бирлемши емес. Себеби, Президентимиздиң дәслепки реформаларынан бири мине усы - турақ жай қурыў, оны сатыў ҳәм сатып алыў системасын өзгертиў болды.

    Биринши гезекте, "прописка" машқаласы шешилди. Соңынан болса кең көлемли дөретиўшилик жумыслары алып барылып, пайтахтымыз, ўәлаятлардағы қала-район орайларында заманагөй, қолайлы көп қабатлы жайлардан ибарат, өзине тән инфраструктураға ийе киши қалашалар, "Жаңа Өзбекстан" массивлери қурылды.

    Төмен процентли ипотека кредитлери енгизилип, халықтың турақ жай сатып алыў имканияты арттырылды. Кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға турақлы түрде субсидиялар ажыратылып, бирлемши талапларын қанаатландырыўына шараят жаратып берилди.

    Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, "Жаңа Өзбекстан" массивлеринде кең, ықшам, заманагөй, көп қабатлы турақ жайларда жасап атырған халқымыздың тек ғана жасаў шараяты емес, ой-пикири, дүньяға көзқарасы да өзгерди. Енди халқымыз турақ жай алыўды, той-мерекелерди емес, өз тараўының жетик қәнигеси болып, карьера қылыў, мәмлекет ҳәм жәмийетке көбирек пайда келтирип, шаңарағының жасаў шараятын және де жақсылаў ҳаққында ойлай баслады. Ул-қызларын бабалары сыяқлы илимпаз ҳәм ағартыўшы қылыў, заманымыз қаҳарманлары - Абдуқодир Ҳусановтай футболшы, Диёра Келдиёровадай спортшы, Нодир Абдусатторовтай шахматшы етип тәрбиялаўды әрман етпекте.

    Әлбетте, турақ жай қурылысы тараўындағы реформалар тоқтап қалған жоқ. Жақында Президентимиздиң басшылығында ипотека бағдарламасы шеңберинде 2024-жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жылға мөлшерленген режелерди додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде быйыл көп қабатлы турақ жайлар қурылысында сан ҳәм сапа жағынан жаңа шеклердиң қолға киргизилетуғыны атап өтилди. Атап айтқанда, 2025-жылы 120 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы режелестирилмекте. Сондай-ақ, пүткиллей жаңаша, заманагөй көриниске ийе, шараятқа ийе, "жасыл" энергия тәмийнатына жалғанған 15 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайларды қурыў, ески турақ жайларды реновация тийкарында жаңалаў мәселесине де айрықша итибар қаратылмақта.

    Ҳақыйқый қурылысшылар ислейди, алдаўшылар жоғалады

    Күни кеше интернетте Хорезм ўәлаятындағы қостырнақ ишиндеги исбилерменниң 41 көп қабатлы жай қураман, деп турақ жайға мүтәж 21 адамның пулын өзлестиргенлиги ушын жуўапкершиликке тартылғанын оқып қалдым.

    Негизинде бундай ўақыялар ҳаққында билиў ушын интернет ақтарып отырыўдың кереги жоқ. Таныс-билислериңизден сорағаныңыздың өзи жеткиликли. Олар пүткиллей, жоқарыдағыдай, алғыр қурылысшылардан жәбир көргени ямаса жақынларының биреўи усындай аўҳалға түскени ҳаққында айтып береди.

    Бүгинги күнде көп қабатлы жай қураман деп, көзабаға, бир жерге бир-еки гербиш қалап, арзан баҳа ҳәм бөлип төлеў имканиятын интернет ҳәм социаллық тармақларда реклама етип, халықтың исенимине ерисип, пулын алып, ўәдесин орынламай жүрген қурылысшылар көбейип кетти.

    Хош, қурылыс тараўын паданы аралаған қасқырлардай бундай алдаўшылар басып кетиўине не себеп болды?

    Узақ ўақыт даўамында итибардан шетте қалып кеткен турақ жай менен тәмийинлеў мәселесин шешиўдей ийгиликли мақсет жолында тек ғана жүзлеген көп қабатлы турақ жайлар, массивлер қурылып қоймастан, ал усы бағдардағы исбилерменлерге бир қатар жеңилликлер менен имканиятлар, қолайлы шараятлар жаратып берилди.

    Дән себилген жерде дәслеп ҳәкке, майналар көбейеди дегендей, тараўға жеңиллик берилгеннен кейин, адамларға жақсылық етиў нықабындағы нәпси бенделери көбейе баслады.

    Бундай тырнақша ишиндеги қурылысшылар тараўды түсинип-түсинбей ислегени, сапасыз шийки заттан пайдаланылғаны ушын еле қурылысы жуўмақланбаған көп қабатлы турақ жайлардың қулап қалыў ҳәдийселери жүз берди.

    Бир жыл, еки жылда қурып питкеремен, деп бес-алты жыл ўәдесин орынлай алмай, халықты ижарама-ижара сергиздан еткен қурылысшылардың санына жетип болмайды. Сондай-ақ, бир квартираны онлаған пуқараларға сатқан "ушарлар" жүзеге шығып атыр.

    Бирақ, бул ўақыялар бир ўақытлары үйсизликтен қыйналған халықтың жаңа үй сатып алыўға қызығыўшылығын бир қанша сөндирди. Қайсы бир мәнисте бул бағдардағы реформаларға исенимсизлик қәлиплесе баслады. Сондай-ақ, ҳадал, халық мәплерин өзиникинен үстин қоятуғын ҳақыйқый қурылысшылардың саўдасына да сезилерли дәрежеде зыян жеткерди.

    Сонлықтан, Президентимиз видеоселекторда тараўды түп-тийкарынан реформалаў зәрүр екенлигин атап өтти. Усы жылдан тармақта пүткиллей жаңа, қәўипсиз система жолға қойылмақта.

    Бир сөз бенен айтқанда, жаңа механизмлер арқалы ҳақыйқый қурылысшыларға жеңиллик көбейеди, алдаўшылар болса тараўды тәрк етеди. Қурылыс тараўындағы қатнасықлар мәмлекеттиң толық қадағалаўы астында, биринши гезекте, халықтың мәплери, инсан ҳуқықларына итибар берилетуғын болды.

    Эскроу системасы - халық мәплери

    мәмлекет қорғаўында

    Қурылыс тараўын тәртипке салыў, жоқарыдағы сыяқлы кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде тараўға халықаралық тәжирийбеде сынақтан өткен эскроу системасы жолға қойылмақта. Оған Президентимиздиң усы жыл 27-январьдағы "Турақ жай қурылысы тараўын буннан былай да раўажландырыў, турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлерди үлеске тийкарланған қурыў процесин тәртипке салыў механизмлерин жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.

    Бул системаға бола, қурылысшыдан жай сатып алмақшы болған пуқараның басланғыш ҳәм айлық төлеми коммерциялық банклердеги эескроу есап бетлеринде сақланады. Бул қаржылардан ҳеш ким - қурылысшы да, пуқара да, банк те пайдалана алмайды.

    Қурылыс жумыслары болса қурылысшының өз қаржысы ямаса банктен алынған кредит есабынан әмелге асырылады. Қурылыс жуўмақланғаннан соң депозит есабындағы қаржы қарыйдардың разылығы менен қурылысшының кредитин төлеўге жумсалады ҳәм қалған муғдары қурылысшының есабына өткерип бериледи.

    Бир сөз бенен айтқанда, ҳәммеси қамырдан қыл суўырғандай әпиўайы ҳәм аңсат, ең әҳмийетлиси, исенимли, ашық-айдын түрде әмелге асырылады.

    Эскроу есап бети пул жыйнаўға арналған қутыға уқсайды, үй алыў мақсетинде ишине пул салып барасыз, бирақ оны алып жумсай алмайсыз. Керекли қаржы жыйналғаннан кейин болса сындырып, үйиңизди қурған адамға бересиз.

    Дурыс, ыссы жан, өмирде түрли жағдай жүзеге келиўи мүмкин. Тосаттан пулға мүтәжлик пайда болып қалса не болады, деген сораў туўылыўы мүмкин.

    Жаңа механизмде барлық тәреплер есапқа алынған. Ең тийкарғысы, қарыйдардың ҳуқықлары менен мәплерин толық қорғаўға итибар берилген.

    Пәрманға бола, қурылысшылар қарыйдарлардың қаржыларын тек ғана нотариал тастыйықланған кадастр уйымларында мәмлекетлик дизимнен өткерилген объект қурылысы ушын шәртнама тийкарында тартыўы мүмкин. Яғный сиз бул мүлкиңизди таяр болыўдан алдын сатыў ҳәм мийрас қалдырыў ҳуқықына ийе боласыз.

    Әлбетте, жаңа системаға дәрҳал өтиўдиң илажы жоқ. Ҳүжжетке тийкарланып, төлемлер 2025-жыл 1-июльден 2025-жыл 31-декабрьге шекем эскроу есап бетлери арқалы ҳәм ҳәзир әмелдеги қаржыны тиккелей тартыў механизми бойынша параллель түрде тәреплердиң таңлаўына бола, 2026-жыл 1-январьдан болса тек ғана эскроу есап бетлери арқалы әмелге асырылады.

    Аңлағаныңыздай, жаңа система тараўда ҳеш қандай жасырын, қылўа жумыс болыўына жол қоймайды. Қарыйдар, яғный халық ўәкиллериниң барлық ҳуқықларының тәмийинлениўи толық қадағалаў астында болады.

    "Түйениң гөшин жеген" қурылыслар енди болмайды

    Халқымыз өз ўақтында болмаған, кешигип атырған иске "түйениң гөшин жеген" деген сөзди қолланады. Ҳәзирги көплеген қурылыс объектлерине де тап усы сөзди биймәлел қолланыў мүмкин.

    Енди қурылып атырған жайға төлем төлеген адамларды қыйнайтуғын ең аўыр сораў қурылыстың қашан жуўмақланатуғыны болып қалды. Себеби ҳәзирги ўақытта алты ай, бир жылда қурылысы жуўмақланады, делинген көп қабатлы жайлар 4-5 жылда да пайдаланыўға тапсырылмай атырғаны, кейин болса оның кадастр ҳүжжети шығыўын және айлап, жыллап күтиўге көп гүўасы болып атырмыз.

    Бирақ, Президентимиздиң пәрманы менен жолға қойылып атырған жаңа система бойынша бул машқалаға дус келмейди. Себеби қурылысты созыў қурылысшының өзине зыян жеткереди. Ҳүжжетке бола, қурылысшы шөлкемлер қурылыстың басланыўынан жуўмағына шекем, бирақ көби менен 12 ай даўамында жер салығын төлеўден азат етиледи. Қурылыс өз ўақтында жуўмақланбаған жағдайда болса еки есе көп салық төлеўге мәжбүр болады.

    2025-жыл 1-июльден "Турақ жайдың бирден-бир өмирлик цикли" принципи тийкарында "Ашық-айдын қурылыс" мәлимлеме системасы шеңберинде турақ жайлар қурылысы бойынша электрон платформа иске қосылады. Бул платформада қурылыс объектлери ҳаққында толық мағлыўмат жайластырылады. Атап айтқанда, қарыйдарлар бул жерде қурылысшының жерге ийелик етиў-етпеўи, қурылыстың қанша ўақыт даўам етиўи, сондай-ақ, сатылмаған квартиралар ҳаққында да толық мағлыўмат алыўы мүмкин. Қурылыс инспекциясы қурылысшының платформаға киргизген мағлыўматлары ҳәм имараттың жәҳән стандартлары тийкарында қурылып атырғанын турақлы түрде қадағалап барады ҳәм соған бола жуўмақ береди.

    Бул платформа тараўдағы жасырын экономиканы әшкара етеди. Ҳәр бир қурылыс объектинде болып атырған жумысларды айнадай ашық-айдын көрсетеди. Сондай-ақ, бул система беккем, заманагөй, ықшам имаратлардың бой тиклеўине тийкар жаратады.

    Санжар ЭШМУРОДОВ

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы