Кейинги жыллары халқымыз арасында қуяш панельлеринен пайдаланыў бир қанша ен жайды. Өзимиз де үйине усындай қурылманы орнатқан адамды көрсек, дәрриў абзаллықлары, баҳасы ҳаққында қызығып сораймыз. Тәбийғый, пикирлер, жуўмақлар ҳәр қыйлы. Пайдаланыўшылар арасында қуяш панелинен еле дәрамат көрмегени, бәрибир тийкарғы тармақтан электр энергиясын жумсап, төлем төлеп атырғанларын айтып атырғанлар да жоқ емес. Бирақ тәртибин үйренип, қурылмадан дурыс пайдаланып атырғанлардың көпшилиги қуяш панельлери үй ийелериниң электр энергиясына болған талабын толық қаплап, қәрежетлерин сезилерли қысқартып атырғанын атап өтпекте.
Көпшилик ҳәттеки тутыныўдан артқан электр энергиясын мәмлекетке сатып, қосымша дәрамат таўып атыр. Мағлыўматларға бола, усы жылдың I шерегинде 12 746 физикалық тәреп электр тармақларына өткерилген қуяш энергиясы ушын мәмлекетлик бюджеттен 8 миллиард 147 миллион сум субсидия алған. Субсидияның ең үлкен бөлеги Хорезм ўәлаяты, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласының үлесине туўра келмекте.
Яғный үйине қуяш панели орнатқан шаңарақлар тутыныўынан артқан электр энергиясын мәмлекетке сатып, төлемлерин тийисли тәртипте қабыл етип алмақта. Бул әмелият Президент қарары менен 2023-жыл 1-апрельден әмел ететуғын "Қуяшлы шаңарақ" бағдарламасы шеңберинде белгиленген. Ол халықтың үйлерине киши қуўатлылықтағы қуяш панельлерин орнатыўды хошаметлеўге қаратылған болып, бир қатар жеңилликлерди де нәзерде тутады. Соның ишинде, физикалық тәреплер қуяш панельлерин 3 жыл мүддетке процентсиз, бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатып алыўы, коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылатуғын кредитлерден пайдаланыўы мүмкин.
Алты есе көп дәрамат
Тек ғана физикалық емес, ал юридикалық тәреплер ушын да қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланғаны есесине бир қатар жеңилликлер бар. Бул тәреп жергиликли экономика тармақлары, исбилерменлик субъектлери, кәрханаларды қызықтырып атырғаны рас. Бирақ, альтернатив энергия дереклеринен пайдаланыўдың басқа зәрүрликлери де бар. Яғный электр энергиясына талаптың артыўы, базар талапларына сәйкес түрде баҳалардың барған сайын көтерилип атырғаны, қалаберди, экологиялық қыйын жағдай себепли қоршаған орталық ушын зыянсыз ҳәм турақлы дәреклерден пайдаланыў зәрүрлиги бүгин адамлардың өзинде қуяш панельлерине қызығыўшылықты арттырмақта. Әсиресе, ресурслар ҳәм қәрежетлерди үнемлеў жағынан экономиканың дерлик барлық тармақларында, атап айтқанда, аўыл хожалығында да қуяш панельлеринен кеңнен пайдаланыў ен жайып бармақта.
Ферғана ўәлаяты Олтиариқ районындағы "Nirt Fruit" фермер хожалығының бул бағдардағы тәжирийбеси аймақтағы бириншилерден болды. Хожалық басшысы Нуриддин Алиқулов қуяш панелин орнатыў арқалы қәрежетлерин үнемлеп, қосымша дәрамат таўып атырғаны себепли ме, көпшилик оны үлги сыпатында көрсетпекте. Фермер дәслеп 2024-жыл июнь айында 300 киловаттлы қуяш панелин орнатқан. Оннан алатуғын электр тоғының бир бөлегин хожалық мүтәжликлерине жумсап, қалғанын улыўмалық тармаққа жибере баслады. Соның изинен бүгинги күнге шекем 22 миллион сумнан аслам дәрамат көрди.
Фермер хожалығы 2017-жылы шөлкемлестирилген болып, тийкарғы жумысы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў ҳәм суўытыў болып есапланады. Хожалық жер майданларында онға шамалас түрдеги мийўе, ғоза жетистирилип, улыўма сыйымлылығы 2,5 мың тонна болған суўытқыш қоймаханада сақланады. Жыл даўамында орташа 15 мың тонна өним сақланып, сырт елге экспорт етиледи. Демек, бул жерде электр энергиясына талап, тийкарынан, суўытыў қоймаханасындағы қурылмалардың турақлы ислеўи ушын жумсалады.
- Әне усындай суўытқышлардың ислеўи ушын жүдә үлкен муғдардағы, яғный күнлик 1200 киловатт электр энергиясы зәрүр ҳәм оның ушын айына 100 миллион сум қәрежет жумсаўымызға туўра келетуғын еди, - дейди "Nirt Fruit" фермер хожалығының басшысы Нуриддин Алиқулов. - Бул қәрежетти азайтыўдың ең оптимал шешими альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыў, деген жуўмаққа келдик. Дәслепки орнатылған 300 киловаттлы қуяш панели күтилген нәтийжени берди. Електр энергиясын үнемлеў менен бирге дәрамат көргенимизге қызығып, хожалықтағы 4 гектар жерге және 3 мың киловаттлы қуяш панелин орнатыўға киристик. Қурылма ушын қәрежеттиң бир бөлегин өзимиз қаплаған болсақ, бир бөлеги ушын банктен кредит алдық. Усы жылдың 13-апрелинен баслап 3 мың киловаттлы қуяш панели электр энергиясын ислеп шығара баслады. Бул қуўатлылықтың 30 проценти мүтәжлигимизди қаплаў ушын жеткиликли, қалғанын болса мәмлекетке сатып атырмыз.
Ал енди кишкене есап-санақ етип көрейик. Фермер 300 киловаттлы қуяш панелинен алып атырған электр энергиясының бир бөлегин сатыў арқалы орташа тоғыз айда 22 миллион сумнан аслам дәрамат тапқан болса, ҳәзирги 3 мың киловаттлы қуўаттың 1 800 киловаттын сатыўдан бурынғыдан дерлик алты есе көп пайда көреди. Бул хожалық жерлеринде жетистирилип, экспорт етилип атырған өнимлердиң дәраматынан тысқары пайда. Қуяш панельлери ушын исленген қәрежетти де көби менен 3 жылда қаплаў есап-санақ етилген. Бул қурылмалар арзан емес, фермерге дерлик 12 миллиард сумға түскен.
Буның менен биреўдиң қалтасындағы пулды есаплаў нийетинен аўлақпыз. Тек ғана қуяш панелин орнатыўдан алыныўы мүмкин болған дәраматты бир мысал арқалы талқыламақшымыз. Буның басқа да пайдалы тәрепи бар. Яғный фермер тутыныўынан артқан альтернатив энергия дерегин улыўма тармаққа сатыўы арқалы аймақтағы халықтың шаңарақлары ҳәм экономика тармақларының да үзликсиз электр энергиясына талабы қанаатландырылады.
Ҳәзирги ўақытта фермер хожалығы, тийкарынан, күндизги ўақытта тармаққа электр энергиясын узатпақта. Жақында 1,5 мегаваттлы энергия сақлаўшы батареялар орнатыў есабынан қуяш нуры болмаған ўақытларда да тармаққа үзликсиз ток жеткерип бериў арқалы талаптың 10-12 процентин қаплаў мақсет етилген. Себеби, әйне усы тығыз ўақытларда халықтың электр энергиясына талабы есесине артқан болады.
Фермердиң улыўма тармаққа сатып атырған электр энергиясы төлемлери банк арқалы есап бетине өткерилмекте. Усы күнге шекем алған табысынан ырза. Ҳәзирги ўақытта хожалықта 3 300 киловаттлы қуўатлылық ислеп тур. Енди Нуриддин Алиқулов және 5 мың киловаттлы қуяш панелин орнатыўды режелестирген...
Хорезм тәжирийбеси жаратылады
Усылар ҳаққында Нуриддин ағаның өзинен еситкен басқа фермерлер де қызығып, биринен соң бири қуяш панелин орната баслады. Олтиариқ районындағы "Сардор-Сарвар" фермер хожалығының басшысы Воҳиджон Азимов олардан бири. Дәслеп 100 киловаттлы қуяш панелин орнатқан фермер кейин ала және 50 киловаттлы қуўатлылықты иске қосты. Буннан кейин тек ғана өз мүтәжликлерин тәмийинлеп қоймай, ал тутыныўынан артқан электр энергиясын мәмлекетке сатып, азлы-көпли дәрамат таба баслады.
- Өткен жылы Олтиариқ районында ўәлаят ҳәкиминиң қатнасыўында қуяш панельлерин орнатыў бойынша семинар болып өтти, - дейди Воҳиджон Азимов. - Онда көплеген компаниялар қатнасып, өз усынысларын берди, қәнигелер қурылманың абзаллықлары ҳаққында айтты. Бирақ "Бастан өткерген - тәўип," деген нақыл бар. Бул мәселеде бизден 3-4 ай алдын қуяш панелин орнатқан шәкиртимиз Нуриддин Алиқулов пенен сөйлескенимде, өзиндеги тәжирийбени айтып берди. Соннан кейин қуяш панелин орнатыўға қызығыўшылығым артып, декабрь айында 100 киловаттлы қуўатлылықты иске қостық. Хожалығымызда аўыл хожалығы өнимлери жетистирилип, 500 тонналық музлатқышта сақланады. Ҳәр күнлик есап-санақ жүргизгенимизде бар музлатқышлардың ислеўи ушын 100 киловатт қуўатлылық жетип атырғанын көрдик. Соның ушын, кейин ала орнатылған 50 киловаттлы қуяш панельлеринен алынып атырған электр энергиясын улыўмалық тармаққа узатып, мәмлекетке сата басладық. Бүгинги күнге шекем тутыныўымыздан артқан 13 мың 200 киловатт электр энергиясын тармаққа узатып, дәрамат алдық.
Қуяш панельлерин орнатқан халық тек ғана өзи емес, ал мәмлекет экономикасының да турақлы өсиўине мүнәсип үлес қосады. Елимизде экология ушын зыянсыз болған альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыў көлеми артады, тәбийғый ресурслар үнемленеди.
Сол себепли, мәмлекет бул бағдарда пуқараларды хошаметлемекте. Бул Өзбекстанның "Жасыл экономика"ға өтиў жолындағы үлкен ҳәрекетлериниң бир бөлеги. Буннан 8 жыл алдын "Жасыл" энергетика ҳаққында түсиникке де ийе емес едик. Үлкен қуяш ҳәм самал панельлериниң елимизде қурылыўы тек ғана қыял сыяқлы гәп еди. Бирақ ҳәзир бул бағдардағы жаңа ҳәм ири жойбарлар ҳаққында айтып атырмыз. Олардың есабынан 2024-жылы "Жасыл" энергия үлеси 16 проценттен арттырылды. Яғный экологиялық таза энергия қуўатлықлары жылына 2-3 есеге көбейтилмекте.
Бунда халықтың да үлеси артып бармақта. Адамлар электр энергиясына болған талабын қайта тикленетуғын, арзан, экологиялық таза дәреклер есабынан қаплаўға үйренбекте. Бул да экономикалық үнемлеўдиң бир көриниси. Хорезмли фермерлер де өзине түсер баҳаны түсириў ушын изленип, жаңалық ислемекте. Мәселен, ханқалы фермер насосты электр менен тәмийинлеў ушын өткен жылы 200 киловаттлы қуяш панелин орнатып, жыллық 120 миллион сум электр қәрежетин үнемледи, қосымша 53 миллион сумлық электрди тармаққа сатты.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 1-2-май күнлери Хорезм ўәлаятына сапары даўамында Үргенш районында Хорезм ўәлаятын социаллық- экономикалық раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген мәжилисте бул ҳаққында сөз болды. Ўәлаятта егислик жерге суў шығарыў аңсат емес, республикадағы насослардың 21 проценти усы жерде жайласқан. Оларға қуяш панелин орнатып, электр қәрежетин үнемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Барлық 2 мың 138 насосты усы системаға өткерип, Хорезм тәжирийбесин жаратыў зәрүр екенлиги көрсетилди.
Демек, бул бағдарда да аймақлардың тәжирийбеси пайда болады. Түрли бағдарларда альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыў есабынан нәтийжелиликке ерисип атырған бундай тәжирийбелер басқа аймақларда да ғалаба ен жайдырылады. Бул, өз гезегинде, үнемлилик ҳәм экономикалық нәтийжелиликке хызмет етеди.
Ирода ТОШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы