Атап айтқанда, қәўипсизлик ҳәм сиясий бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў мақсетинде Самарқандта ТМШ сыртқы ислер министрлери ҳәм арнаўлы хызметлер басшыларының биринши қоспа ушырасыўын өткериўди усыныс етти. Сондай-ақ, Стратегиялық шериклик, мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққындағы шәртнаманы қабыл етиў және Түркий мәмлекетлер шөлкемин 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў усынысын билдирди.
Түркий халықлар тек ғана тил, мәдений-руўхый жақтан емес, ал саўда-экономикалық жақтан да турақлы бирге ислесиўшилер болып есапланады. Бул бағдарда қанша қолайлық, жеңиллик жаратылса, ҳәмме ушын сонша жақсы. Раўажланыў және де жеделлеседи, халықлар абаданласады.
Мәмлекетимиз басшысының Ташкентте Экономикалық шериклик бойынша турақлы кеңес ҳәм жойбарлаў офисин шөлкемлестириў, Орта коридорды Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы ҳәм Трансаўған коридоры менен байланыстырыў, бажыхана тәртибин санластырыў, тарифлерди оптималластырыў усынысы да айрықша әҳмийетке ийе. Санаат альянсы, "Түркий жасыл коридорлар" ҳәм "Жасыл трансформация" консорциумларын жаратыў, сондай-ақ, органикалық аўыл хожалығы бойынша экспертлер топарын шөлкемлестириў ҳәм түркий органикалық өнимлер брендин жәҳән базарына алып шығыў болса бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығады.
Инновация ҳәм билимлендириў тараўын және де раўажландырыў мақсетинде жасалма интеллект ҳәм креатив экономика бойынша "жол картасы" қабыл етилиўи заманға сай раўажланыўға қаратылған ҳәрекет болып есапланады. Себеби бүгинги раўажланыў дәўиринде алдынғы технология, жасалма интеллект ҳәр бир тараўға жедел кирип келмекте. Солай екен, заманагөй технологиялар менен тең қәдем таслаў ҳәр қашанғыдан да зәрүр. Өзбекстанда Түркий мәмлекетлер халықаралық университетиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм Түркий дүнья халықаралық көргизбесиниң өткерилиўи қәнигелер таярлаў, биргеликтеги изертлеўлер өткериў ушын оғада қолайлы болады. Халықаралық жоқары оқыў орны инновациялар майданы сыпатында раўажланыўға хызмет етеди.
Экстремизм ҳәм радикал идеологияға қарсы гүресиў, жаслардың экологиялық саўатлылығын арттырыў, 2026-жылы "Низамий Ганжавий ҳәм Әлийшер Наўайы дөретиўшилиги - түркий дүнья руўхый турмысында" халықаралық конференциясы және "Түркий илим ҳәм инновациялар күнлери" өткерилиўин барлық қатнасыўшылар қоллап-қуўатлады.
Саммит даўамында бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм бир қатар тийкарғы бағдарлар бойынша көп тәреплеме шерикликти беккемлеўге қаратылған ҳүжжетлердиң қабыл етилгени саўда, санлы технологиялар, транспорт-коммуникация, билимлендириў, илим, мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарындағы байланысларды және де кеңейтип, келешекте унамлы нәтийжелер береди.
Алишер САМАДОВ,
Ташкент мәмлекетлик техника университети
Алмалық филиалы директоры





