Оларды шешиў ушын түрли шешимлер излеген, қарарлар қабыл еткен. Әсиресе, көпшиликтиң турмысында бурылыс жасаған пандемия қаҳарманымызға қыйын жағдайларға бейимлесиўди үйретти.
Турақлы түрде микро көк шөп (еки-үш жапырағы шыққан ўақытта-ақ жеўге болатуғын өсимлик) лерди пайдаланып турыў жүрек-қан тамыр, ас сиңириў, нерв системасы, улыўма инсан саламатлығына унамлы тәсир ететуғынын интернетте оқыған Гүлзар апа микро көк шөп жетистириў ҳаққында ойлай баслайды. Әсиресе, бундай көк шөплер қартайыў процесин пәсейтип, тери, тырнақ ҳәм шаш жағдайын жақсылатуғынын билген соң, жумысқа шын кеўилден киристи. Ол усы искерликке тийисли мағлыўматлар менен танысып, онша қыйын емеслигин түсинеди. Желим контейнер, торф, суў бүркегиш ҳәм туқымларды таярлап егеди. Еки ҳәптеде биринши зүрәәтин алды.
Микро көк шөплерден жеп көрген ағайин-туўған, қоңсы-қобаларда да қызығыўшылық оянды. Сонда ол бул жумысты бизнеске айландырып, қосымша дәрамат табыў мүмкинлиги ҳаққында ойлап қалды. Жойбарды жақсы нийет пенен грант таңлаўына тапсырды. Усы тәризде Инновациялық раўажланыў агентлиги қаржысы есабынан қаржыландырылған стартап жойбар себепли үй шараятында жыл даўамында гидропоника усылында микро көк шөп жетистириўди жолға қойды. Бул усылдың қолайлылығы сонда, көк шөп киши насос арқалы суўғарылады. Көк шөптен аўысқан суў және қайтып насос орнатылған ыдысқа түседи. Усы тәризде суўдан қайта пайдаланыў мүмкин. Бул әпиўайы суўғарыў усылына салыстырғанда 95 процент үнемли.
- Дәслеп нохат, айғабағар, редиска, капуста, ләблеби көк шөплерин жетистирген едим. Биринши табысым арзымайтуғын ақша болды. Тийкарынан жергиликли ресторанлар ҳәм органикалық өним пайдаланатуғын шаңарақларға жеткерип бердик. Сол ўақытлары қарыйдарлар менен ислесиўде бираз қыйналғанбыз. Себеби бир-биримизди түсинисиў қыйын болған. Базарды пуқта үйренбегенимиз ушын айырым өнимлерди сатыўда қыйналдық. Жақсы нәтийжеге ерисиў ушын өзине жараса илимий-әмелий билим керек екен. Сол себепли көплеген қәтелерге жол қойдық. Мәселен, орталықты бақлаў ҳәм жақтылық шараятына сәйкес жер таңлаў аңсат болмады. Бирақ шегинбедик, кем-кем кемшиликлерди дүзетип, истиң сырын түсинип бардық. Ҳәзир атқулақ, исмалоқ, райхан, япон капустасы (мизуна) сыяқлы 30 дан аслам микро көк шөп жетистирип атырмыз, - дейди исбилермен.
Гүлзар апа туқымлардың жақсысын егеди. Көбирек Италияда таярланған туқымларды Россиядағы микро көк шөп жетистириўшилерден сатып алады. Оның айтыўынша, жергиликли туқымлардан да пайдаланса болады, бирақ импорт етилетуғын туқымлардың сапасы жақсырақ. Өниўшеңлиги 95 процент. Жергиликли туқымларда болса бул көрсеткиш 60 процентке шекем. Бир желим ыдысқа өсимлик түрине қарап 0,1 граммнан 30 граммға шекем туқым керек болады. Атқулақ, райхан, лимон бальзамы, шоргүллилерге (амарант) тийисли өсимликлер сыяқлы микро көк шөп туқымы 0,1 граммнан, капуста сыяқлылар 2-3 граммнан, нохат туқымы 30 граммнан егиледи. Контейнерде өсиў мүддети 7-21 күн. Суўытқышта сақлаў мүддети болса 14 күнге шекем. Не ушын суўытқышта сақлаў керек, дейсиз бе? Себеби микро көк шөплер үш жапырақ шығарғаннан кейин жеўге таяр болады. Усы жағдайда олар ен пайдалы калий, магний, темир ҳәм кальций сыяқлы затлар менен тойынады. Сол себепли, көк шөплер көп өспеўи керек. Сондай-ақ, қарыйдар да гүллеп-жаснап турған, таза өнимди алыўды қәлейди. Айтпақшы, қаҳарманымыз жетистирип атырған көк шөплерди қарыйдарлар тийкарынан реңи ҳәм көринисине қарап сатып алады. Микро көк шөплер жасыл, қызыл, сары, сыяқлы түрли реңде болады. Қызыл түслилер экзотик болғаны ушын базары шаққан. Сондай-ақ, ноқат, редиска, исмалоққа да буйыртпа көп. Өзине түсер баҳасы 7-8 мың сумға айланатуғын бир контейнердеги микро көк шөп 15 мың сумнан сатылса да, айына 5 миллион сумға шекем сап дәрамат келип тур. Буннан кейин органикалық өнимлерге талап артыўын есапқа алсақ, дәрамат еки-үш есеге артыўы да мүмкин. Себеби бул түрдеги микро көк шөплер органикалық өним екени, дурыс аўқатланыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын билгенлер әллеқашан күнделикли азық-аўқат рационына киргизген. Дурыс, кимде-ким микро көк шөпкеа аллергия ямаса басқа да медициналық машқала болыўы мүмкин. Бунда оларды қабыл етиўден алдын шыпакер менен мәсләҳәтлесиў керек. Бул ҳаққында Гүлзар апа өзи өтип атырған шеберлик сабақларында толық түсиник берип келмекте. Себеби жоқарыда айтылғанындай, адамлар еле микро көк шөплердиң пайдасын түсинип жеткен жоқ. Қалаберди, ҳәмме де ресторанда аўқат жей бермейди. Үй шараятында болса тийкарынан укроп, кинза сыяқлы көк шөплерди пайдаланады. Соның ушын да Гүлзар апа басшылығындағы киши топар өз алдына онлайн сатыўды жолға қойыў, социаллық тармақларда үгит-нәсиятлаўды күшейтиў ҳәм шериклер менен ислесиў көлемин кеңейтиў мақсетин қойған.
Гүлзар Торениязова жойбары шеңберинде 3 адамды турақлы жумыс пенен тәмийинлеген. Сондай-ақ, мәўсимлик ҳәм қосымша ўазыйпалар ушын және 2 адам тартылған. Жумыстың кеңейиўи менен жумыс орынларының саны және де артыўы мүмкин. Жойбар шеңберинде 2023-жылдың жазында барлық зәрүр технология ҳәм үскенелер сатып алынды. Бирақ, буның менен шекленип қалыўға болмайды. Заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм микро көк шөплердиң жаңа түрлерин жетистириў Гүлзар апаның режесинен орын алған. Оған ҳәзирги қуўатлылықты арттырыў арқалы ерисиледи, әлбетте. Микро көк шөп жетистириў бойынша жаслар ҳәм жумыссызлар ушын қәнигелик арттырыў курсларын шөлкемлестириў сыяқлы ийгиликли нийет болса, тек ғана жумыс орынларын ашыў емес, ал тараўды раўажландырыўға да жәрдем береди.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, қаҳарманымыз органикалық материаллардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм шығындыларды қайта ислеўди де жолға қоймақшы.
- Келешекте микро көк шөп жетистириўди тек ғана бизнес емес, ал экологиялық жуўапкершиликти сезиўге шақыратуғын социаллық бағдарға айландырыўды мақсет еткенбиз, - дейди Гүлзар Торениязова.
Нөкисте өткерилген Өзбекстанда ықлым өзгериўи ҳәм "жасыл" технологиялар тараўындағы ҳаял-қызлар жойбарлары ушын стартап акселераторының дәслепки презентациясында Гүлзар апа "Микрожасыллар" (“Microgreens”) жойбары менен қатнасты. Бул арқалы ол өсимликлердиң азықлық затларға бай "мини версиялары"н жетистириў ҳәм сатыў жолларын көрсетип берди. Үш ең жақсы жойбарлар арасында "Микрожасыллар" жойбары да бар екенлиги идея ийесине 21,5 миллион сум инвестиция алып келди. "Өзбекстанда жасыл технологиялар тараўында ҳаял-қызлар стартапларын раўажландырыўды жеделлестириў" атамасындағы бул жойбар көплеген ҳаял-қызлардың стартап идеяларының әмелге асыўына жәрдем бермекте. Әсиресе, саламат турмыс тәризи, органикалық таза өнимлерге итибар күшейген ҳәзирги дәўирде темаға байланыслы жаңа көз-қарасларға талап артпақта.
Гүлзар Торениязова да саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға өз үлесин қосыў нийетинде. Сол себепли, баслаған жумысы кеңейип, Аралбойы халықаралық инновация орайынан орын алғанынан бахтияр. Жақын келешекте ол буннан да абырайлы презентация ҳәм ири жойбарларда қатнасып, жаңа нәл жетистирип, берекетли бизнес ийеси болыў мүмкин екенлигин дәлиллейди.
Муножат МЎМИНОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы