Басламаның изинен мәҳәллелерде қәнигелесиў, яғный адамлардың қызығыўшылығы ҳәм имканиятларынан келип шыққан драйверлерди белгилеп алып, раўажландырыў да жеделлести. Мәселен, Пахтакор мәҳәллеси жүзимгершиликке, Нурлы жол мәҳәллеси ыссыханаға, Ўрикзар ҳәм Янги ҳаёт мәҳәллелери балықшылыққа қәнигелестирилди. Районда тармақлар көбейди, үй санааты раўажланды. Адамлар бир-биринен үйренип, ҳәўес етип жаңа жойбарларға қол урмақта. Тәжирийбе нәпеси көпшиликти оятып атырғаны рас.
Ўрикзар мәҳәллесинде жасайтуғын Қобулжан Сатторқулов балықшылыққа қызығып баслағаннан соң, китаплар, интернет дәреклери арқалы бағдардың сырларын үйренди. Өткен жылдың басында аз ғана топлаған қаржысы есабынан қурғақ жерде бассейнлер қурыўды да баслады. Енди жумысты жүргизиў ушын жәрдем керек. Мәмлекетимиз басшысының Сайхунабадқа сапарынан соң бул мәселе бирден шешимин тапты. Ҳәким жәрдемшисиниң өзи Қабулжан ағаның үйине келип, кредит алыўды усыныс етти. Қысқа ўақытта 100 миллион сум жеңиллетилген кредит ажыратылды. Бул қаржы есабынан ярым қалған жумыслар жуўмақланып, май айында 10 жасалма суў бассейнине 10 мың дана Африка ылақасы жиберилди. Ол кеселликке шыдамлы, орталыққа тез бейимлеседи, тийкарғысы, кишкене жерде де көп өсириўге болады. Жетистириў даўамында тасланған шабақтың 30 проценти жоғалған жағдайда да, дәрамат өзин ақлайды. Мәселен, балық шабағының данасы 1000 сумнан болса, таяр балықтың бир килограмы базарда орташа 20 мың сумнан сатылғанда да киши бассейнлерден 50-60 миллион сум табыў мүмкин. Балықшылық дәраматлы бағдар, тек ғана тәрбиялаўды дурыс ҳәм өз ўақтында алып барыў керек. Ҳәмме жумыста да билим ҳәм меҳир менен қатнас болса, нәтийже көринеди. Пуқараның кейин ала, сазан, осётр балықларын жетистириў нийети де бар. Балықлар ушын зәрүр жемди үйинде ислеп шығарыўды режелестирген.
Улыўма, район халқы өним жетистириўде көп тәжирийбе топламақта. Жақын жылларда мине усы өнимди қайта ислейтуғын кәрхана, заводларға талап артады. Районға, әлле қашан-ақ, киши өндирислер кирип келген. Олар, өз гезегинде, үлкен қуўатлықлар, санааттың раўажланыўына жол ашты. Усы ўақытқа шекем бос турған көплеген имаратлар избе-из иске қосылмақта.
Гәп сонда, бул имаратларға алдын жеңилликлер болмаған. Мәмлекетимиз басшысы сапар етиўи даўамында мине усы бос турған имарат-объектлердиң баҳасын түсирип, жеңилликлер қолланыў тапсырмасын берди. Соннан кейин районға инвесторлар ағып келе баслады. Халық өз мәҳәллесине инвестор келип, үлкен кәрханалар қурыўын көз алдына келтире алмайтуғын еди. Бүгин болса солардың өзи гүўасы болмақта. Янги ҳаёт мәҳәллесинде аўғанстанлы инвесторлар тәрепинен қурылып атырған қусшылық комплексинде 100 жумыс орны жаратылады. Туран мәҳәллесиндеги жыллар даўамында бос турған тасланды имаратта жақын арада үлкен өндирис кәрханасына айланады. Аймақта жетистирилген өнимлер сатып алынып, усы жерде қайта исленеди. Районда усы күнге шекем 3 қусшылық комплекси де шөлкемлестирилди, және биреўи иске қосылыў алдында. Бундай қуўатлықлардың жаратылыўын Сайхунабад тәжирийбесиниң екинши бөлеги, деп айтыў мүмкин.
Бул тәжирийбе тек ғана тилде айтылып атырған баслама емес. Адамлар оннан қаншелли дурыс пайдалана алыўы әҳмийетли, әлбетте. Бирақ және де әҳмийетлиси сонда, Сайхунабад тәжирийбеси бир район мысалында пүткил мәмлекетимиз халқының абаданлығын арттырыў, имканиятлардан кеңирек пайдаланыў, өзгерислердиң нәпеси ҳәр бир шаңараққа кирип барыўын тәмийинлеўге қаратылған. Бул ийгиликли идеяның артында адамларымыз тоқ жасасын, кәмбағаллық болмасын, ҳәр бир шаңарақ исбилерменге айлансын, деген мақсетлер жәмленген. Оғада аўыр жағдайдан әсте-ақырын шығып, раўажланыўға қарай ҳәрекет етип атырған Сайхунабад районы ҳәм бос отырмай атырған усы жердиң халқы буның айқын мысалына айланбақта.
Тоҳир ЖАВЛОНОВ,
Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы
Сайхунабад районлық бөлиминиң баслығы