Инсан бәрқулла жақсылық, имканият ҳәм әдилликти қәлейди. Жаңа Өзбекстанда ҳәр бир нызам ҳәм ҳәр бир өзгерис әйне усы мақсетте әмелге асырылмақта - адамларды абадан етиў, олар ушын жаңа имканиятлар жаратыў ҳәм келешекке исенимин беккемлеў. Бүгин Конституциямыз ҳәм оның тийкарында қабыл етилип атырған турмыслық нызамлар әмелде ислемекте. Ҳәр бир шаңарақ ҳәм оның ҳәр бир ағзасы, қалаберсе, пүткил жәмийет ушын шексиз ҳәрекетлендириўши күш сыпатында көзге тасланбақта.
Ҳақыйқатында да, бүгин пуқаралар өз ҳуқықлары, миннет ҳәм ўазыйпаларын терең аңлап жетпекте. Бул процесс мәмлекет ҳәм халық арасындағы аўызбиршиликти, жәмийетте әдиллик үстинлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Мине, быйыл Конституциямыздың 33 жыллық тарийхый сәнесин белгилемектемиз. Өткен дәўирде Бас нызамымыз ғәрезсизлигимиздиң символы болып ғана қалмастан, ҳәр бир пуқара ушын имканият ҳәм исеним дәреги сыпатында көринди. Нызамлар арқалы әмелге асырылған өзгерислер әдиллик өлшеми сыпатында анық нәтийже бермекте ҳәм халық пенен мәмлекет арасындағы байланысларды беккемлемекте.
Себеби Конституция - мәмлекеттиң жүреги. Оның бир тегис, анық ислеп турыўы мәмлекеттиң бүгинги турмысы ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәзир дүньяда ҳәр қыйлы сынақлар, экономикалық ҳәм сиясий турақсызлықлар бақланып атырған бир ўақытта мәмлекетимиздиң тынышлығын, турақлылығын ҳәм абырайын сақлап қалыў аңсат емес. Бундай шараятта бас нызамымыз халықты бирлестирип, мәмлекетимиз суверенитетин беккемлеўде тийкар болып хызмет етпекте.
Халық ерк-ықрарының көриниси
Бас нызам халықтың ерк-ықрары, барлық мақсет ҳәм арзыў-нийетлерин билдиреди. Конституциядағы "Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги" деген сөзлер тек ғана сүрен емес, ал мәмлекетлик басқарыў системасының тийкарғы идеясы болып есапланады. Бүгин елимиздеги барлық реформалар, қабыл етилип атырған қарарлар ҳәм нызамлар әйне усы принципке сүйенеди.
Әсиресе, соңғы жылларда Конституция халықты мәмлекетлик жумысларға ҳақыйқый шерик етти, десек асыра айтқан болмаймыз. Енди адамлар өз даўысы, пикири ҳәм басламасы менен елимиздиң тәғдири, раўажланыўы жолында белсене қатнаспақта. Бул халықтың мәмлекетке исеними, мәмлекеттиң болса халық алдындағы жуўапкершилиги сезилерли дәрежеде артқанын аңлатады. Ҳәр бир жаңа нызам, ҳәр бир реформаның артында инсан мәпи, абадан турмыс турады. Соның ушын да Конституция тек мәмлекет ушын емес, ҳәр бир ата-ана, ҳәр бир жас, пуқара ушын турмыслық бағдарлама болып есапланады.
Президентимиз алға қойған "Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек" деген идея бүгин конституциялық принцип сыпатында турмысымыздың барлық тараўында өз көринисин таппақта.
Бүгин мәмлекетлик сиясаттың орайында инсан факторы турыпты. Халық ўәкилликли уйымлары, атқарыў ҳәкимиятының ең төменги буўынларына шекем халыққа хызмет етиў, оның исенимин ақлаўға бел байлаған. Конституция болса мине усы процесслерди нызамлы жолға қойыў ҳәм әдил әмелге асырылыўын тәмийинлеўде тийкарғы кепиллик ўазыйпасын атқармақта.
Узақ емес, жақын өтмиште де адамлар арзымаған мәселесин шешиў ушын ҳүжжет жыйнаў, арза тапсырыў, жәрдем сораў ушын мекемелерде сергиздан болып жүретуғын еди. Есиклер жабық, ҳеш ким қулақ аспайды, машқала шешимсиз қалатуғын еди. Ҳәзир болса жағдай пүткиллей басқаша. Бүгин мәмлекетлик хызметкердиң өзи адамлардың есигин қағып, дәртин еситип, машқаласын шешиўге жәрдемлеспекте.
Бул идеяның мәниси сонда, мәмлекет - халық ушын жаратылған дүзилме, халық оның хызметинде емес, ал мәмлекет халықтың хызметинде болыўы шәрт. Себеби мәмлекеттиң күши - халықтың бирлигинде, исениминде. Бул - жаңа Өзбекстан халықшыл сиясатының қатаң принципи болып есапланады.
Демек, Конституциядағы бул идея сөзде емес, әмелде турмысымызға сиңип бармақта. Ең әҳмийетлиси, буны халқымыз сезинбекте: кимдур кеңсе есигинен киргенде ҳүрмет пенен қабыл етилсе, кимниңдур машқаласы тыңланса, шешилсе, мине усының өзи ҳақыйқый "халыққа хызмет" деген сөздиң мәниси болып есапланады.
Жаңа редакция - жаңа басқыш
Бүгин елимизде нызамларды заман талапларына бейимлестириў, уйымларды адамларға жақынластырыў ҳәм ҳәр бир инсанның ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша избе-из ҳәм исенимли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул процесс жаңа редакциядағы Конституцияда өзиниң анық көринисин тапты. Буны шын мәнисинде халқымыздың аўызбиршилиги ҳәм тилеклеслиги тийкарында жаратылған бас сиясий-ҳуқықый ҳүжжет, деп айтыў мүмкин.
Ҳақыйқатында да, 2023-жыл 30-апрель күни мәмлекетимизде өткерилген улыўмахалықлық референдумда жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгени тарийхый ўақыя болды. Онда халқымыздың ең жоқары ҳәм ийгиликли мақсети - жаңа Өзбекстанды қурыў арзыў-нийетлери менен умтылыслары жәмленген, десек дурыс болады.
Бәринен бурын, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде Конституциямыздың нормалары және де жетилистирилди. Сондай-ақ, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы тийкарында избе-из конституциялық реформа әмелге асырылды. "Өзбекстан - 2030" стратегиясын турмысқа енгизиўде жаңа редакциядағы Бас нызамымыздың тиккелей орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған тәсиршең илажлар белгиленди.
Жаңа редакцияда халқымыздың көп әсирлик тарийхый тәжирийбеси ҳәм бай мәдений қәдириятлары менен бирге заманагөй дүньяның конституциялық принциплерине сүйенгенлиги Конституциямыздың өмиршеңлигин ҳәм мәңгилигин тәмийинледи. Онда тийкарғы итибар инсан ҳуқықлары, әдил суд системасы, мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылғаны менен айрықша әҳмийетке ийе.
Ең әҳмийетлиси, Конституцияда инсан ҳуқықлары менен еркинликлери ең жоқары қәдирият сыпатында белгиленди. Енди ҳәр бир пуқараның ҳуқықын қорғаў, абырайын, қәдир-қымбатын сақлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды, мәмлекет ҳәм халық арасындағы аўызбиршилик және де беккемленди.
Әҳмийетлиси, Конституцияға өзгерис киргизиў процесинде ўатанласларымыздың пикири айрықша итибарға алынды. Бул процесте халық өзгерислер процесинде бақлаўшы емес, ал белсенди қатнасыўшы сыпатында өзин көрсетти. Тийкарында, бас нызамымыздың ҳақыйқый күши ҳәм раўажланыўы халқымыздың терең ой-пикири, жоқары санасының жемиси болып есапланады.
Парламент - халық ҳәм мәмлекет арасындағы көпир
Жаңа Өзбекстанда нызам үстинлиги мәмлекеттиң тийкарғы тырнағына айланды. Бул - мәмлекетлик уйымлар ҳәм ҳәр бир пуқара нызам алдында тең, ҳеш ким өзин нызамнан жоқары, деп есаплай алмайды, дегени. Нызам үстинлиги әдилликти тәмийинлеў менен бирге халқымыз турмысында анық ҳәм сезилерли өзгерислерди әмелге асырыўда әҳмийетли тийкар болып есапланады.
Парламент бул процессте ең әҳмийетли көпир ўазыйпасын атқарады. Ол нызам шығарыўшы уйым сыпатында халықтың ерк-ықрары, арзыў-нийетлерин мәмлекетлик ҳүжжетлерде сәўлелендиреди ҳәм олардың әмелде жүзеге шығыўын қадағалайды. Депутатлар, сенаторлар халық пенен ушырасады, олардың машқалалары ҳәм мүтәжликлерин тыңлайды. Бул болса парламенттиң ҳақыйқый халықшыллық принципине тийкарланғанын көрсетеди.
Нызамлар ҳәм парламент арқалы тәмийинленетуғын әдиллик тек ғана ҳуқықты қорғамайды, ал исбилерменликти қоллап-қуўатлайды, мийнет ҳәм социаллық тараўларда теңликти тәмийинлейди. Мәселен, ҳәр бир хызметкер өз мийнети ушын ҳақы алыўы, шаңарақтың мүтәжлигин қаплаўы, кексе әўлад пенсия пулын өз ўақтында алыўы - булардың барлығына нызам кепиллик береди.
Усы тәризде нызам үстинлиги ҳәм парламенттиң жумысы халық ҳәм мәмлекет арасындағы исеним көпирин беккемлейди. Халық өз пикири ҳәм даўысы арқалы мәмлекет турмысында белсене қатнасады, мәмлекет болса халық мәплерин биринши орынға қояды. Бул жаңа Өзбекстанда демократияның әмелий көриниси ҳәм халықшыллықтың ең тийкарғы өлшеми болып есапланады.
Конституциямыз тийкарында қәлиплескен Олий Мажлис, яғный парламент мәмлекетлик басқарыўдың ең әҳмийетли сиясий институты болып табылады. Ол арқалы халықтың ерки мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланады. Нызамлар болса тек теориялық ҳүжжетлер емес, ал пуқаралардың турмысында әмелге асырылыўы керек болған әмелий қағыйдалар болады.
Кейинги жылларда депутатлар, сенаторлар тек ғана нызам шығарыў менен шекленип қалмастан, халық пенен ушырасып, адамлардың машқалаларын тыңламақта. Бул парламенттиң ҳақыйқый халықшыллық принципи тийкарында ислеп атырғанын көрсетеди. Депутатлардың халық ўәкиллери деп аталатуғын жоқары дәрежедеги тийкарғы ўазыйпалары электоратының мәплерин қорғаўда да айқын көринбекте.
Нызам жойбарларын додалаў процесиндеги ҳәр бир басқышта буны бақлаў мүмкин. Гезекте, айырым нызамларды додалаўда тартыслы жағдайлар, тартыслар жүзеге келеди. Булардың барлығы, биринши гезекте, мине усы нызамнан пайдаланыўшы адамлар, қалаберсе, аймақлардың мәплерин толық сәўлелендириў менен байланыслы. Халық ўәкиллери - сенаторлар, депутатлар исенимли турып оларды қорғайды.
Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы Олий Мажлис Сенатының биринши жалпы мәжилисинде нызам дөретиўшилиги процесине жергиликли кеңеслерди кеңнен тартыў, ҳәр бир нызам бойынша олардың пикирин алыў әмелиятын жолға қойыў әҳмийетли екенлигине бийкарға итибар қаратқанымыз жоқ. Себеби, аймақлардың өзине тән өзгешелиги ҳәм имканиятлары есапқа алынбаған нызамлар төменги буўында нәтийжели ислемейди.
Кейинги жыллары жергиликли кеңеслер аймақлар турмысының барлық тараўында сезилерли дәрежеде жеделлести. Соның ишинде, нызам дөретиўшилигинде де олардың қатнасыўы кеңейди. Ҳәзир Сенат комитетлериниң додалаўлар процесинде жергиликли кеңес депутатлары менен көбирек исленбекте, олардың пикир-усыныслары нызамларды буннан былай да жетилистириў, Президентимиздиң атап өткениндей, оларда аймақлық ҳәм улыўма мәмлекетлик мәплердиң үйлесимлилигине ерисиўде әҳмийетли орын ийелемекте.
Жаңа редакциядағы Конституциямызда Сенатқа нызамшылыққа байланыслы усынысларды нызамшылық басламасы тәртибинде киргизиў ҳуқықы берилгени аймақлардағы машқалаларды сапластырыў, халықты қыйнап киятырған мәселелерге нызамлы шешим табыў бағдарындағы жумысымыздың нәтийжелилигин арттырды.
Ҳақыйқатында да, жәмийет, мәмлекет раўажланған сайын нызамлары да жетилисип барады. Раўажланыў турмысымызға жаңадан-жаңа түсиниклер, социаллық қатнасықларды алып киреди. Оларды турақлы тәртипке салыў ҳәм бейимлестирип барыў жәмийетти артықша машқалалардан қутқарады. Парламентте қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм қарарлар халықтың турмысына тиккелей тәсир етеди. Мәселен, социаллық қорғаў, билимлендириў, медицина ҳәм исбилерменлик тараўындағы нызамлар халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған. Сол арқалы парламент тек ғана нызамлар қабыл етип қоймастан, ал ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсан ушын ҳақыйқый қорғаўшыға айланады.
Әдиллик ҳәм инсан ҳуқықлары –
жаңа Конституцияның орайлық идеясы
Жаңа редакциядағы Конституциямыздағы нормалар әдиллик, суд ҳәм ишки ислер системаларында әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, халықты социаллық қорғаў ҳәм ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды түп-тийкарынан жаңа басқышқа алып шығыўда оғада әҳмийетли. Адамлар ҳуқықларын аңсат қорғамақта, мәмлекет халықтың талабын тәмийинлеў ҳәм халыққа зәрүр жәрдем көрсетиў бағдарындағы миннетлемелерин орынлаўға жуўапкершилик пенен қатнаспақта.
Атап айтқанда, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын жаңа имканиятлар ашылды - олар билим алыў, карьера қылыў, шаңарақ қурыў, қәбилет ҳәм талантын еркин жүзеге шығарыўда толық қоллап-қуўатланбақта. Ўатанласларымыз мәмлекеттиң раўажланыўына жеке үлес қосыўды миннет сыпатында аңламақта ҳәм бул жолда өзин мобилизацияламақта. Конституция шын мәнисинде ҳәр бир пуқарада "Мен жәмийетлик турмыста өз орным менен әҳмийетлимен. Мениң ҳәр бир жақсы пикирим, арзыў-нийетлерим ҳәм барлық ҳәрекетлерим жәмийет ушын қәдирли" деген исенимди беккемлемекте.
Аўа, ҳәр бир инсан жақсы жасаўды, мийнети ушын мүнәсип мийнет ҳақы алыўды, ҳуқықлары менен еркинликлери қорғалыўын ҳәм қартайғанда напақа менен тәмийинлениўин қәлейди. Бул инсанның тийкарғы ҳуқықларынан бири болып, келешекке исенимин беккемлейди. Сонлықтан, жаңа редакциядағы Конституцияда әдиллик жәмийет ҳәм мәмлекет қатнасықларының тийкарғы идеясы сыпатында белгиленди, "мәмлекет - жәмийет - шахс" парадигмасы "инсан - жәмийет - мәмлекет" принципине өзгертилди. Бул инсан мәпи мәмлекет ушын тийкарғы бағдар екенин аңлатады. Сол арқалы мәмлекет ҳәм жәмийет бирге ислесиўинде ҳәр бир пуқара ушын әдил, еркин ҳәм абадан орталық жаратылды.
Мәселен, суд системасында әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, социаллық жәрдем нәтийжелилигин арттырыў, мийнет ҳәм билимлендириў тараўында ҳуқықларды қорғаў бағдарындағы жаңаланыўлар халқымыз турмысында көплеген унамлы өзгерислерге себеп болмақта. Усы тәризде жаңа редакциядағы Конституция тек ғана нызамлардың тийкары емес, ал ҳәр бир инсанның турмысында әдиллик, исеним ҳәм ҳуқықтың кепиллигине айланды.
Ҳақыйқатында да, ҳәзирги күнлерде Конституция ҳәм нызамлар арқалы билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экономика, социаллық қорғаў, ҳуқық ҳәм нызамшылық сыяқлы барлық тараўлар раўажланып, халық турмысы абаданласып бармақта. Атап айтқанда, соңғы жылларда мектепке шекемги, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери заманагөй талапларға бейимлестирилди. Жаслар билим алыў, кәсиплик имканиятын кеңейтиў, илимий-изертлеў ҳәм инновациялар арқалы мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта. Бул бағдарда жергиликли ҳәм халықаралық тәжирийбелерден нәтийжели пайдаланылмақта, устазлар ҳәм илимпазлар ушын жаңа имканиятлар ашылды.
Экономика ҳәм исбилерменлик шеңберинде де избе-из реформалар өткерилди. Киши ҳәм орта бизнес қоллап-қуўатланбақта, инвестициялар тартылмақта ҳәм жаңа жумыс орынлары ашылмақта. Заманагөй технологиялар ҳәм санлы экономика адамларға өз имканиятын жүзеге шығарыўда үлкен имканиятлар есигин ашты. Әлбетте, бул ҳәр бир шаңарақ ҳәм шахстың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Соңғы жылларда медициналық хызметлер халық ушын қолайлы, сапалы ҳәм ғалабалық тәризде шөлкемлестирилмекте. Кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем бериў имканияты кеңейтилди ҳәм кекселердиң саламатлығына айрықша итибар қаратылмақта. Ҳуқық ҳәм нызамшылық тараўындағы өзгерислер менен жаңалықлар да итибарға ылайық. Бүгин суд ҳәм ҳуқық қорғаў системалары және де ашық-айдын ҳәм әдил ислемекте. Ҳәр бир пуқара өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин аңсат қорғаўы мүмкин.
Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, "Биз инсан қәдири ҳәм мәплерин тәмийинлеў бойынша баслаған реформаларымызды жаңа конституциялық мәканда және де исенимли даўам еттиремиз. Халқымыздың ерк-ықрарына бола Тийкарғы нызамымызда өз көринисин тапқан принциплерди толық әмелге асырыўымыз ҳәм турмысымыздың ажыралмас бөлегине айландырыўымыз керек".
Ҳақыйқатында да, халқымыздың абаданлығы ҳәм Ўатанымыздың раўажланыўының ҳуқықый тийкарын қурайтуғын бас нызамымыз елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқара, шаңарақ тәғдиринде, олардың бүгинги турмысы, ертеңги келешегинде әҳмийетли фактор болып хызмет етиўи ушын биз - сенаторлар мойнымыздағы жуўапкершиликти терең сезиниўимиз, шын мәнисинде халықшыл Сенат сыпатында мине усы процесслерде және де белсенди болыўымыз, мәмлекетимиз басшысы айтқанындай, күшли ерк-ықрар, бирлик ҳәм аўызбиршилик пенен қатты мийнет етиўимиз талап етиледи.
Танзила Нарбаева,
Олий Мажлис Сенаты Баслығы






