Әсиресе, пуқаралардың өзине тийисли жеке меншик мүлк ҳәм жер-жайды рәсмийлестирип алыў ҳуқықын беретуғын нызамның қабыл етилиўи миллионлаған ўатанласларымыз күткен тарийхый ҳүжжет болды. Бул өткен жыллардағы ең машқалалы тараўлардан бири болған кадастр хызметиниң 2017-жылдан кейин түп-тийкарынан жаңаланып, пуқаралар менен тиккелей ислесетуғын, олардың мүрәжатларын жедел, қысқа ўақытта, артықша қағазпазлықсыз шешетуғын системаға айланғаны менен байланыслы.

Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы қарсаңында "Содиқ хизматлари учун" медалы менен сыйлықланғанымды еситип, усылар ҳаққында ойладым. Бул тек ғана мениң емес, ал пүткил жәмәәтимиздиң мийнетине берилген жоқары баҳа екенин сездим. Кадастр системасындағы үлкен реформалар арқалы елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге үлес қосып атырғаным, ўатанласларымыздың жер ҳәм жеке меншик мүлк пенен байланыслы мәселелерине шешим табыўда қатнасып атырғанымнан мақтаныш еттим.

Елимизде заманагөй кадастр системасын раўажландырыў, халқымыздың турмысы ушын зәрүр болған анық ҳәм исенимли мағлыўматларды қәлиплестириў, оларды алдынғы технологиялар жәрдеминде әмелиятта жедел қолланыўды ўазыйпа етип алғанбыз. Реформалар арқалы жер ҳәм кадастр тараўында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, адамлардың мәпин қорғаў ҳәрекетиндемиз. Бул жолда санлы технологиялар, геомәлимлеме платформалары ҳәм заманагөй мәлимлеме системаларынан кеңнен пайдаланыўға умтылмақтамыз. Себеби, бул тараўда ҳәр бир сан, ҳәр бир координата мәмлекетимиздиң келешеги, экономикалық режелер ҳәм пуқаралардың мәпине хызмет етеди.

Кадастр тараўы үлкен бағдар болып, айырымлар ойлағандай, тек ғана жерди өлшеў менен шуғылланатуғын система емес. Әсиресе, кейинги жыллары тараўдың заманагөй бағдарлары, атап айтқанда, космослық мағлыўматлардың миллий инфраструктурасын жаратыў, аэрокосмослық сүўретке алыў, топографиялық ҳәм геодинамикалық изертлеўлерди жолға қойыў арқалы картографиялық мониторинг алып барыўда пүткиллей жаңаша қатнаслар әмелге асырылмақта. Себеби жердиң анық көриниси тек ғана геодезия тараўының жетискенлиги емес, ал пүткил экономиканың раўажланыўы, дурыс қарарлар қабыл етилиўи ушын тийкарғы дәрек болып есапланады.

Мине, усы процесслердиң ҳәр биринде ашық-айдынлық ҳәм анықлықты тәмийинлеў оғада әҳмийетли. Әсиресе, мәмлекетлик шегараларды анықлаў ҳәм беккемлеў тараўдағы ең жуўапкершиликли ўазыйпалардан бири. Шегаралас мәмлекетлер менен сөйлесиўлерде қатнасыў, анық координаталарды белгилеў, картографиялық ҳәм гидрографиялық мағлыўматларды таярлаў процесиниң барлығында ҳәр бир ҳүжжет, ҳәр бир сызық Ўатан мәпин сәўлелендиреди.

Бүгин Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик шегарасының улыўма узынлығы 7109 километрге шамалас. Соннан 99 процентинде делимитация жумыслары жуўмақланған, 1 процентинде процесслер даўам етпекте. Атап айтқанда, өзбек-қырғыз, өзбек-тәжик ҳәм өзбек-түркмен мәмлекетлик шегарасында демаркациялаў жумыслары жедел даўам еттирилмекте. Мәселен, Өзбекстан - Қырғызстан мәмлекетлик шегарасын тәртипке салыў мақсетинде географиялық объектлер, орынлардың рельефи ҳәм тәбийғый объектлерден пайдаланыў имканиятларын есапқа алып, жойбарлама демаркация сызығының өтиўи бойынша Өзбекстанның мәпинен келип шығып усыныслар таярланған. Өзбекстан - Тәжикстан мәмлекетлик шегарасында болса шегара белгилери орнатыў бойынша тәреплер менен биргеликте жумысшы жойбарлар ислеп шығылмақта. Олар тийкарында өзбек-тәжик мәмлекетлик шегарасы сызығына шегара белгилери орнатыў жумыслары да параллель түрде орынланбақта.

Тәбият инам еткен үлкен байлық - 44 миллион 900 мың гектар майданға ийе халықпыз. Демек, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў имканиятымыз да бираз жоқары. Буннан және де дурыс ҳәм өнимли пайдаланыў ушын ҳәр бир қарыс жердиң анық есабы болыўы керек. Кадастр тараўындағы үлкен қәдемлерден және бири де усы менен байланыслы.

Елимизде 2022-жыл 1-майдан баслап биринши мәрте аўыл хожалығы жерлерин дизимге алыў системасы жолға қойылған еди. Буннан кейин басқа да майданларды хатлаўдан өткериў процеси басланды. Есап-санағы турақлы жаңаланып барылатуғын жер майданларының хатлаў нәтийжеси болса “UZKAD” электрон системасына киргизилип барылады. Бүгин мәмлекетимиздиң улыўма жер майданынан 42,5 миллион гектары ямаса 95 проценти мине усы системаға киргизилип, электрон картасы жаратылды. Қалаберди, 42,1 миллион гектар майдан жәми 1,9 миллион жерден пайдаланыўшы кесиминде кадастр жыйнақлары қәлиплестирилген ҳалда мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Әмелдеги нызамшылыққа муўапық, жер - улыўма миллий байлық. Улыўма миллий байлық түсиниги болса мәмлекеттиң жер фонды улыўма түрде мәмлекет мүлки екенлигин анлатади. Басқа тәбийий ресурслар сыяқлы жер де мәмлекет қорғаўында болғаны себепли оннан ақылға уғрас, дурыс ҳәм илимий тийкарланған ҳалда пайдаланыў лазым. Нызамсыз ҳәрекетлер болса жуўапкершиликке себеп болады.

Сонлықтан, Кадастр агентлиги бул бағдарда да турақлы қадағалаў илажларын өткереди. Атап айтқанда, усы жылдың жети айында әмелге асырылған жер ҳәм кадастр қадағалаў илажлары нәтийжесинде 35 мың 449 жағдайда 2448,4 гектар жерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыў бойынша ҳуқықбузарлықлар анықланды. Берилген жазба көрсетпелер тийкарында 24 мың 382 жағдайда 1202,6 гектар, яғный 69 процент жерде нызам бузылыў жағдайлары ықтыярлы түрде сапластырылды.

Соның менен бирге, өткен ярым жыллықта геодезия ҳәм картография жумысына байланыслы 132,3 миллиард сумлық жумыслар экспертизадан өткерилди. Сырлы картография ҳәм геодезия материалларын бериў бойынша 1608 материал пайдаланыўшыларға усынылды. Сондай-ақ, "Лицензия" АТ арқалы жиберилген 75 хабарнама талланып, реестрде есапқа алынды.

Улыўма, кадастр системасының ҳәр бир реформасы артында мыңлаған қәнигелердиң мийнети, пидайылығы ҳәм жуўапкершилиги бар. Бул процесслерде қатнасыў, билим ҳәм тәжирийбем менен үлес қосыў - мен ушын үлкен бахыт.

Көкирегиме тағылған жоқары сыйлық болса бул жолда және де көп күш ҳәм ғайрат бағышлайды. Алдымызда үлкен ўазыйпалар, жаңа реформалар ҳәм жоқары мақсетлер тур. Оларды әмелге асырыўда интакер, пидайы болыўымыз керек. Буннан кейин де ғәрезсиз Өзбекстанымызда кадастр тараўын буннан былай да раўажландырыў, дүнья стандартларына сай, елимиз келешегине мүнәсип жойбарлар жаратыўға мүнәсип үлес қосыўды мақсет еткенмен.

Толқын АБДУЛЛАЕВ,

Кадастр агентлиги директоры орынбасары,

"Содиқ хизматлари учун" медалы ийеси