Бул процесс тек ғана халықтың дәраматларының өсиўи ямаса финанслық инструментлердиң көбейиўи менен шекленип қалмайды. Бәринен бурын, базарда сапа, қәўипсизлик ҳәм әдил бәсеки орталығының тәмийинлениўи шешиўши әҳмийетке ийе. Себеби ишки талаптың турақлылығы экономикалық көрсеткишлер менен бир қатарда халықтың базарға ҳәм мәмлекет тәрепинен белгиленген қағыйдаларға болған исенимине де тиккелей байланыслы.

Мине усы тәрепи ишки базарды раўажландырыў мәселесине жаңаша қатнас жасаўды талап етеди. Егер талап жәмийеттиң санасында қәлиплесетуғын социаллық-экономикалық жағдай болса, оны хошаметлеў де тек ғана финанслық ямаса экономикалық илажлар менен шекленбеўи керек. Бул процессте мәмлекеттиң тәртипке салыўшы ҳәм кепиллик бериўши роли айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, исеним өз-өзинен пайда болмайды - ол анық ҳәм турақлы қағыйдалар, ашық ҳәм нәтийжели қадағалаў ҳәм беккем институтлар арқалы қәлиплеседи.

Усы көзқарастан қарағанда, ишки базарда талапты хошаметлеў сиясаты техникалық жақтан тәртипке салыў системасы менен тығыз байланыслы. Стандартлар, техникалық регламентлер, сертификатластырыў ҳәм мәмлекетлик қадағалаў базарда әдил бәсеки орталығын тәмийинлеўге хызмет етеди. Бул механизмлер базарды шеклеў ушын емес, керисинше, оның сапасын арттырыў, тутыныўшылардың мәплерин қорғаў ҳәм экономикалық өсиўди турақлы тийкарға қойыў мақсетинде енгизиледи.

Мәмлекетимиз басшысының Мүрәжатында белгилеп берилген үшинши тийкарғы бағдар - ишки базарда талапты хошаметлеў - әне усы қатнасқа сүйенеди. Халықтың дәраматларының артыўы, ипотека ҳәм тутыныў кредитлериниң имканиятларының кеңейиўи, хызметлер тараўының жедел раўажланыўы ишки талапты күшейтиўге хызмет етеди.

Президентимиз бул процесске бир тәреплеме емес, ал турақлы ҳәм системалы қатнас жасамақта. Себеби, талаптың өсиўи өз-өзинен абаданлықты кепиллемейди. Егер базарда өним ҳәм хызметлердиң сапасы, қәўипсизлик талаплары ҳәм белгиленген стандартларға қатаң әмел етилмесе, экономикалық өсиў инсан мәплеринен үзилип қалыўы мүмкин. Соның ушын да ишки базарды раўажландырыў сиясаты тек ғана муғдарлық өсиўди емес, ал сапалы, турақлы ҳәм халықтың исенимине тийкарланған экономикалық орталықты қәлиплестириўди нәзерде тутады.

Усы көзқарастан, техникалық жақтан тәртипке салыў системасы ишки талапты хошаметлеў сиясатының көзге көринбейтуғын, бирақ шешиўши таянышы болып есапланады. Бул система базарды шеклеў ушын емес, оны саламатландырыў ушын хызмет етеди. Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги системасындағы қадағалаў инспекциясының жумысы бул пикирди анық санлар арқалы тастыйықлайды. 2025-жылы 625 кәрханада өткерилген мәмлекетлик қадағалаўлар нәтийжесинде тексерилген 670 өнимнен 602 си, яғный дерлик 90 проценти техникалық регламент ҳәм стандарт талапларына муўапық емес деп табылған.

Бул санлар бир қарағанда унамсыз көриниўи мүмкин. Бирақ тийкарында олар мәмлекет базардағы ҳақыйқый жағдайды жасырмай атырғанын, машқалаларды ашық тән алып, оларды системалы шешиўге кирискенин көрсетеди. Нызамсызлықлар арасында 11,5 миллиард сумлық өнимниң сапасы талапқа жуўап бермегени, 32 мыңнан аслам өлшеў қуралларының 74 проценти салыстырылмағаны, 75 и болса улыўма жарамсыз жағдайда екени анықланған. Бул жағдайлар тек ғана нызам бузылыўы емес, ал халықтың реал сатып алыў қәбилетине тиккелей тәсир етиўши фактор болып есапланады.

Себеби өлшеўде әдиллик болмаса, баҳада әдиллик болмайды. Баҳа әдалатсыз болған базарда болса талап жасалма түс алады. Мәмлекетимиз басшысы ишки талапты хошаметлеў мәселесин инфляцияны жылаўлаў, халықтың дәраматын арттырыў менен үзликсиз байланыстырып қойғаны бийкарға емес. Сапасыз өним - жасырын инфляция дәреги. Ол инсанды қайта-қайта қәрежет етиўге мәжбүрлейди, оның реал дәраматын жеп қояды.

Әсиресе, халықтың күнделикли турмысы менен байланыслы тараўларда анықланған келиспеўшиликлер әҳмийетли сигнал сыпатында қабыл етилиўи керек. Тексериўлер нәтийжесинде муўапық емес өнимлердиң 22 проценти азық-аўқат, дерлик 40 проценти қурылыс, 22 проценти жеңил санаат тараўларына туўра келген. Демек, стандартларға әмел етиў бул жерде экономикалық емес, социаллық мәселеге айланады.

Бақлаў нәтийжесинде 600 ден аслам жуўапкер шахсларға ҳәкимшилик шаралар көрилгени, жүзлеген кәрханаларға финанслық жәриймалар қолланылғаны мәмлекеттиң базарда әдалатлы қағыйдаларды тәмийинлеўде исенимли екенин көрсетеди. Бирақ бул сиясат тек ғана жазаға сүйенип қалып атырған жоқ. 2025-жылдың өзинде 20 мыңнан аслам исбилерменлик субъектлерине профилактикалық ескертиў хатларының жиберилгени мәмлекеттиң пүткиллей жаңа қатнасын сәўлелендиреди. Бул қатнастың мәниси сонда, исбилермен нызамға қорқып емес, саналы түрде әмел етиўи керек.

Сертификация тараўындағы таллаўлар да ишки базарды хошаметлеўде сапа қандай шешиўши әҳмийет ийелеп атырғанын көрсетеди. Аймақлар ҳәм тараўлар кесиминде мыңлаған сертификат ҳүжжетлери үйренилип, жүзлеген жағдайларда кемшиликлер анықланғаны сертификаттың қағаз емес, исеним белгиси болыўы керек екенлигин дәлиллейди. Айырым сертификатлардың бийкар етилиўи базарды шеклеў емес, керисинше, оны тазалаў ҳәм саламатластырыўға қаратылған илаж сыпатында баҳаланыўы керек.

Қадағалаў сатып алыўларының нәтийжелери де тутыныўшының мәплерин қорғаўда мәмлекеттиң белсене қатнасыўын көрсетеди. Усақлап сатыўда сатып алынған жергиликли ҳәм импорт өнимлериниң дерлик ярымы сапа ҳәм қәўипсизлик талапларына жуўап бермегени базарда исеним мәселеси еле де әҳмийетли екенин көрсетеди. Исеним жоғалган жерде талап төменлейди, талап төменлеген жерде болса экономикалық өсиў төменлейди.

Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында қадағалаў инспекциясы тәрепинен ҳүкимет тапсырмаларына тийкарланып халықтың қәўипсизлигине тиккелей тәсир ететуғын лифт, эскалатор, кабель, котёл, радиатор, цемент, айна ҳәм басқа да өнимлер бойынша рәсмийлестирилген 2847 сертификат ҳүжжетлериниң топламы терең үйренилди. Нәтийжеде ҳүжжетлердиң үлкен бөлегине рухсат берилген болса да, 269 жағдайда анықланған кемшиликлер себепли ҳүжжетлер қайта ислеў ушын қайтарылды. Бул жағдай сертификатластырыў системасында формал қатнасқа жол қойылмай атырғаны, ҳәр бир ҳүжжеттиң артында инсанның өмири ҳәм қәўипсизлиги турғаны есапқа алынып атырғанынан дәрек береди.

2025-жылы 76 сертификатластырыў уйымы тәрепинен рәсмийлестирилген 870 муўапықлық сертификаты ҳүжжетлери топламын таллаў нәтийжесинде 840 жағдайда түрли кемшиликлер анықланды. Бул көрсеткиш системада еле шешимин күтип атырған машқалалар бар екенлигин көрсетиў менен бирге, оларды жасырыў емес, керисинше, ашық-айдын анықлап, сапластырыўға қаратылған көзқарас үстин болып атырғанын да аңлатады. Анықланған кемшиликлер бойынша сертификатластырыў уйымларына усыныслар ҳәм көрсетпелер киргизилип, бир қатар муўапықлық сертификатларының әмел етиўи бийкар етилди. Бул илажлар базарда әдил бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўға хызмет етпекте.

2025-жылы жүзлеген кәрхана ҳәм шөлкемлерде үйрениў жумыслары алып барылып, тек ғана белгиленген талапларға толық жуўап берген лабораториялардың жумыс ислеўине рухсат берилди. Белгиленген мүддетлерде кемшиликлерди сапластырмаған лабораторияларға қатаң қарарлар қабыл етилгени сапа мәселесинде маўасасыз қатнас қәлиплесип атырғанын көрсетеди.

2026-жылға белгиленген ўазыйпалар да усы реформаларды системалы даўам еттириўге қаратылған. Мәмлекетлик қадағалаў, профилактикалық илажлар, сертификат ҳүжжетлерин таллаў, лабораторияларды мақуллаў ҳәм усақлап сатыўда қадағалаў сатып алыўларын өткериў режелери тек ғана жол қойылған кемшиликлер ушын айыпкерди жазалаўға қаратылмаған. Бәлким, бәринен бурын, бундай қәтелердиң алдын алыў, түсиндириў ҳәм бирге ислесиўге тийкарланған қадағалаўдың жаңа моделин енгизиўге хызмет етеди.

Жаңа Өзбекстан шараятында ишки базар тек ғана экономикалық майдан емес. Бул - мәмлекет, бизнес ҳәм пуқара арасындағы жаңа социаллық келисим. Мәмлекет қағыйдаларды белгилейди ҳәм қадағалайды, бизнес сапа менен бәсекилесе, пуқара болса исеним менен тутынады. Ишки талап мине усы үш фактор теңлиги сақланғанда ғана турақлы өседи.

Себеби, халықтың дәраматы артқан сайын тутыныў да өседи. Бирақ тутыныў тек муғдар менен емес, ал сапа менен өлшенеди. Әдил қадағалаўдан ҳәм жәмийетте исеним орталығын қәлиплестириў арқалы экономика халыққа хызмет ететуғын системаға айланады.

Азамат АБДУРАХМАНОВ,

Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында

қадағалаў инспекциясы баслығы