Қаңлы Әмиўдәрья районының ең шетки аўылларынан. Ол Түркменстанның Ташаўыз ўәлаяты менен шегаралас. Аўылда дерлик 3500 адам жасайды. Олардың ярымынан көби 30 жасқа шекем болғанлар. Халқы әпиўайы ҳәм жүдә мийнеткеш, бәрқулла жаңалыққа умтылып жасайды. Бүгин бул жерде дәўир талабына сай өзгерислер, жаңаланыўлар жүз бермекте.

"Қаңлы" аўыл пуқаралар жыйынындағы "мәҳәлле жетилиги" кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бағдарында системалы жумысларды әмелге асырмақта. Соның ишинде, кәмбағал шаңарақлар реестринде турған Гулнара Ражаповаға қәўендерлер бир сотыхлы ыссыхана қурып берди. Бүгин бул ыссыхана шаңарақтың турақлы дәрамат дәрегине айланып, турмыс шараятын жақсылаўға хызмет етпекте.

Исбилермен Анвар Муратов 2025-жылы еки қабатлы исбилерменлик объектиниң қурылысын баслаған еди. Ҳәзир ол пайдаланыў алдында. Жаңа объект жумыс баслаўы менен аўыл аймағында хызмет көрсетиў тараўы және де раўажланады. Аймақтың өзинде ҳәр қыйлы турмыслық хызметлер көрсетилиўи пуқараларға қосымша қолайлық жаратады.

- Аўылымыздың тийкарғы драйвери шарўашылық, қусшылық ҳәм пал ҳәррешилик. 300 ден аслам адам исбилерменлик пенен бәнт. Халықтың бир бөлими мәўсимлик жумыслар менен шуғылланады. 100 ден аслам пуқара өзин-өзи бәнт еткен. Ашығын айтыў керек, 700 ден аслам жумыссыз пуқарамыз бар. Оларға жаңа жумыс орынларын ашыў, кәсипке оқытыў ҳәм киши бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар көрилмекте, - дейди "Қаңлы" аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Улуғбек Алламбергенов. - Аўыл хожалығы аўыл халқының турмысында айрықша орын ийелейди. Халықтың ықтыярындағы улыўма қыйтақ жер майданы 162 гектардан ибарат. 628 шаңарақ ийеси жеке қыйтақ жерге ийе. Қосымша атыз қыйтақ жери барлар да аз емес. 10 шаңарақта ыссыхана шөлкемлестирилген. Аўылдағы 519 шаңарақта 34 мың 210 бас қус бағылады. 11 шаңарақ пал ҳәррешилик, 2 шаңарақ болса балықшылық пенен шуғылланады.

Шарўашылық пенен нәтийжели шуғылланып атырған Руфат Сапаров шаңарағының абаданлығына мүнәсип үлес қоспақта. Келешекте банктен кредит алып, жумысын және де кеңейтиўди режелестирген.

- Аўылымызда 10 саўда дүканы, 4 улыўма аўқатланыў шақапшасы бар. Халықтың талабынан келип шыққан ҳалда тойхана қурыў ҳәм жақын күнлерде пайдаланыўға тапсырыў алдында турмыз, - дейди исбилермен Шерзод Сапарбаев. - Шаңарақлық кәрханамызда онға шамалас жумыс орны ашылып, жаслар жумыс пенен тәмийинленеди.

Халықтың абаданлығы ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўы тийкарынан электр энергиясының үзликсизлигине байланыслы. Әсиресе, "жасыл" энергияның әҳмийети жыл сайын артып бармақта. Сол себепли мәмлекетимиз тәрепинен қуяш электр станцияларын қурыў жумыслары ҳәр тәреплеме хошаметленбекте. Қаңлы аўылы районның аўыр категориядағы аймақларынан бири болғаны себепли, мәмлекет тәрепинен 200 киловаттлы қуяш панеллери орнатылмақта. Келешекте кәмбағал шаңарақлардың 4 ағзасы бул жерде турақлы жумыс пенен тәмийинленеди. Қуяш электр станциясында ислеп шығарылған электр энергиясының сатылыўынан түскен дәрамат есабынан аўыл аймағында басқа да саўаплы жумысларды қаржыландырыў имканияты да жаратылады.

Мәҳәлледеги жаңа әўлад исбилерменлери

Әмиўдәрья районы Янгиобод мәҳәллесиндеги унамлы өзгерислер ҳәм системалы жумыслардың тийкарында да инсанды қәдирлеў, жаслардың келешегине жоқары итибар жәмленген. Мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшисиниң ҳәрекети менен жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарында көплеген қайырлы жойбарлар турмысқа енгизилмекте.

2026-жылдың биринши шерегиниң жуўмағына бола, Янгиобод мәҳәллесинде жасайтуғын 7 пуқара шаңарақлық исбилерменликти жолға қойыў тилегин билдирди. Олардың бул умтылысы жуўапсыз қалмады. Ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен олардың барлығына жеңиллетилген кредит ажыратылды. Бул инвестиция шарўашылық, қусшылық, тигиўшилик, хызмет көрсетиў ҳәм өндирис сыяқлы әҳмийетли бағдарларды қамтып алғаны менен әҳмийетли.

Бул бағдарларда жумыс баслаған интакерлердиң көпшилиги жаслар. Бул болса мәҳәлледе жаңа әўлад исбилерменлери қәлиплесип атырғанынан дәрек береди. Жаслардың мийнет базарында өз орнын табыўы тек ғана экономикалық көрсеткишлердиң өсиўине емес, ал социаллық турақлылықтың тәмийинлениўине де хызмет етеди.

- Мәҳәллемизде узақ ўақыттан берли шаштәрезлик пенен шуғылланып келемен. Бирақ жумысымды кеңейтиў, заман талапларына сай хызмет көрсетиўим ушын қосымша қаржы ҳәм әмелий жәрдем зәрүр еди. Ҳәким жәрдемшисиниң әмелий жәрдеми себепли жумыс орнымды заманагөй үскенелеў ҳәм қарыйдарлар ушын зәрүр қолайлықларды таярлаўға еристим, - дейди мәҳәлле белсендилеринен бири Равшанбек Жумабаев. - Ҳәзир шаштәрезханамыз сапалы хызмет көрсетилиўи менен бирге жаратылған қолайлы шараят пенен де қарыйдарлардың итибарына ерискен.

Янгиобод мәҳәллесинде усы жылдың биринши шерегинде үш жаңа исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди. Олар азық-аўқат саўда шақапшасы, хызмет көрсетиў ҳәм улыўма аўқатланыў бағдарларында жумыс баслады. Бул болса мәҳәлле халқы ушын қосымша қолайлықлар ҳәм жаңа жумыс орынларының ашылатуғынын билдиреди.

Енди тек кредит бериў менен шекленип қалмастан, жаслардың билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға да айрықша итибар берилмекте. Соның ишинде, кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик сырларын үйрениў тилегиндеги 4 пуқара арнаўлы оқыў курсларына жиберилди. Олардан үшеўи исбилерменлик тийкарларын, биреўи болса белгили бир кәсип-өнерди толық ийелеўге киристи.

- Көп жыллардан берли шарўашылық пенен шуғылланып келемен. Солай болса да, мал санын көбейтиўге қаржым жетпейтуғын еди. Жақында банктен берилген 32 миллион сум жеңиллетилген кредит есабынан 8 бас қой сатып алдым, - дейди Алишер Камолов. - Ислерим раўажланып кететуғынына исенемен.

Шарўашылық аўыллық шараятта ең исенимли дәрамат дәреклеринен бири. Қой бағыўда экономикалық нәтийжелиликтиң жоқарылығы, гөш ҳәм жүн өнимлерине талаптың бар екенлиги Алишер сыяқлы мийнеткеш жаслардың шаңарағының абаданлығын тәмийинлеў имканиятын кеңейтпекте.

- Мәҳәллемизде кәмбағаллықты қысқартыў бойынша системалы илажлар көрилмекте. 2026-жыл даўамында социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген 44 шаңарақтың жағдайы терең үйренилип, оларды мүтәжликтен шығарыў бойынша индивидуал бағдарлама ислеп шығылған. Бул бағдарлама шеңберинде жумыссыз пуқараларды жумысқа жайластырыў, оларға кредит ҳәм субсидия ажыратыў, дийқаншылық етиўи ушын жер бериў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды орынлап келмектемиз, - дейди Янгиобод мәҳәллесиндеги ҳәким жәрдемшиси Мурат Қучқаров.

Аброр Алламов мине усындай имканиятлардан пайдаланып, қыйтақ жерин турақлы дәрамат дәрегине айландырған ўатанласларымыздан. Ол жердиң ҳәр бир қарысынан үнемли пайдаланып, жоқары дәрамат алыўға ериспекте. Аўыл хожалығы техникаларының субсидия тийкарында берилиўи болса дийқанлардың аўырын жеңиллестирмекте.

Ҳәким жәрдемшисиниң келешектеги режелери және де үлкен. Ҳәзирги ўақытқа шекем кәмбағал шаңарақлардың 4 ағзасы турақлы жумысқа жайластырылған болса, 8 и өзин-өзи бәнт етиў арқалы рәсмий жумыс баслады. Жыл басынан берли жумыссыз 9 пуқара мәўсимлик ҳәм турақлы мийнетке тартылды. Рәсмий емес секторда ислеп атырғанларды рәсмийлестириў, социаллық қорғаў бағдарындағы жумыслар да избе-из даўам етпекте.

Янгиобод мәҳәллесиндеги бундай көринис елимиздеги реформалардың әмелий көриниси болып есапланады. Жаслардың исбилерменликке қызығыўшылығы артып атырғаны, оларға көрсетилип атырған турақлы итибар ҳәм жеңиллик келешекте жоқары нәтийжелер беретуғыны сөзсиз. Өз мийнети менен бахытын таўып атырған, шаңарағы ҳәм жәмийетке пайдасы тийип атырған ҳәр бир жас елдиң ертеңги таянышы болып есапланады.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы