Нызам ҳүжжетлерине киргизилген қосымшаларға бола, сатыўшыларды алды-сатты шәртнамасында көрсетилген миннетлемелерди өз ўақтында орынлаўға ийтермелейтуғын нормалар белгиленди.

Атап айтқанда, сатыўшы алды-сатты шәртнамасында көрсетилген мүддетте товарды тапсырыў бойынша миннетлемесин орынламағанда, кешиктирилген ҳәр бир ўақыт бирлиги ушын миннетлеме орынланбаған бөлегиниң 0,5 проценти муғдарында тутыныўшыға пеня төлеўи нәзерде тутылды.

Бирақ бунда пенияның улыўма суммасы тапсырылмаған товар баҳасынан асып кетпеўи керек.

Сондай-ақ, нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ишки ислер органлары хызметкери ҳәм Миллий гвардия әскерий хызметкериниң нызамлы талапларын орынламаўға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жаза илажларының күшейтилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди.

Буннан тысқары, нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислерге бола, барлық азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда тек ғана йодланған дуздан пайдаланылыўы белгиленди.