Бул ҳаққында 13-декабрьде болып өткен видеоселектор мәжилисинде тапсырма берилген еди. Соған муўапық, жәҳән тәжирийбеси ҳәм турмыс талабын есапқа алған ҳалда, бир қатар усыныслар ислеп шығылды.

Соның ишинде, "Ҳаял-қызлар дәптери" ҳәм "Жаслар дәптери" арқалы социаллық жәрдемлер "Кәмбағал шаңарақлар реестри"не кирген шаңарақларға көрсетилиўи белгиленбекте. Онда қаржыларды район ҳәм қалалардағы халық, майыплығы болған шахслар ҳәм кәмбағал шаңарақлардың санына сәйкес түрде бөлистириў тәртиби енгизилмекте.

Шаңарақтың кәмбағал деп тән алыныўы оның ағзаларынан қосымша арза ҳәм ҳүжжетлерди талап етпестен социаллық жәрдемлер көрсетилиўине тийкар болады.

Соның менен бирге, нәтийжесиз ҳәм талап жоқары болмаған социаллық жәрдемлер оптималластырылып, 28 түрдеги социаллық жәрдемниң бирден-бир дизими тастыйықланады. Социаллық дәптерлер есабынан ажыратылатуғын емлеў ҳәм хирургиялық әмелият қәрежетлерин Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы қаржыландырыў тәртиби енгизиледи.

Район (қала) ҳәкимликлери жанында юридикалық шахс болмаған "Инфраструктура ҳәм социаллық турақлылық" қорлары шөлкемлестириледи. Оның қаржылары аймақтағы социаллық-экономикалық, шөлкемлестириўшилик-әмелий ҳәм инфраструктуралық машқалаларды сапластырыў, саламат турмыс тәризин кеңнен енгизиў ҳәм спортты раўажландырыў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў илажларына жумсалады.

Мәмлекетимиз басшысы майыплығы болған балаларға айрықша меҳир-итибар көрсетиў ийгиликли екенин айтқан еди.

Сонлықтан 3-18 жастағы майыплығы болған балалар ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги тәрбия хызметин жолға қойыў усыныс етилмекте. Оған балалар ата-аналар менен дүзилген социаллық шәртнама ҳәм Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссияның жуўмағы тийкарында қабыл етиледи.

Усы жылдың ақырына шекем бул хызметлер менен 2 мыңға шамалас аўыр майыплығы болған балаларды қамтып алыў режелестирилмекте. Бул олардың аналары ушын жумыс ислеў ҳәм билим алыў сыяқлы имканиятлар жаратып, шаңарақ абаданлығына хызмет етеди.

"Балалар саламатлығы" мәлимлеме системасы иске қосылып, ҳәр бир балаға қойылған диагноз талланып барылады. Оларға медициналық, реабилитация, билимлендириў, социаллық хызметлер комплексли түрде көрсетиледи.

Бундай мәкемелерге ҳәр бир бала ушын субсидия ҳәм сатып алыўлар ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Ата-аналардың күндизги күтиў хызметинен пайдаланғаны ушын айына 3 миллион сумға шекемги төлемлеринен салық алынбайды.

Презентацияда шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыўға жәрдемлесиў илажлары ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Бул процесс "жети имканият ҳәм жуўапкершилик" принципи тийкарында шөлкемлестирилген. Шаңарақтың социаллық-экономикалық жағдайы, дәраматы ҳәм мүлкти баҳалаўшы "Кәмбағал шаңарақлар реестри" мәлимлеме системасы иске қосылған.

Усы тийкарда, 48 мың пуқара жумысқа жайластырылды, 10 мыңнан асламы кәсипке оқытылды, 14 мыңына кредит ҳәм субсидиялар ажыратылды. 140 мың шаңараққа шыпакерлер бириктирилди, 38 мың пуқараға социаллық хызметлер көрсетилди. 32 мың бала бақшаға жайластырылып, дерлик 7 мың жас кириў имтиханына таярлаў ушын университетлерге бириктирилди.

Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, кәмбағаллық реестрин шаңарақлардың мийнетке жарамлылығына қарап дифференциялаў, мийнетке жарамлы болмағанларды мәмлекетлик социаллық қорғаўға алыў, оларды социалластырыў бойынша көрсетпелер берди.