Гөзленген мақсет нәўқыран әўлад ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў, арзыў-нийетлерин әмелге асырыў арқалы ерисиледи. Бүгин мәмлекетимиздеги жумыслар усы тәрепи менен айрықша итибарға ылайық. Ул-қызларымызға жаңа Өзбекстанның дөретиўшилери сыпатында қаралып атырғанының өзи елимизде жаслар мәселеси мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы ҳәм әҳмийетли бағдарына айланғанын аңлатады.
Узаққа бармаймыз: бир ай бурын елимизде Жаслар күни көтериңки кейпиятта, байрамдай белгиленди. Белсенди, ғайратлы, үлгили, илимли жигит-қызлардың бир топарын мәмлекетимиз мүнәсип сыйлықлады. Президентимиз олар менен жеке ушырасып, қызғын сөйлести. Усыныс ҳәм басламаларын тыңлап, қоллап-қуўатлады. Пикирлери менен оларға күш-қуўат бағышлады. Сонлықтан, бул ушырасыўды тарийхый ўақыя сыпатында талқыласақ арзыйды. Сөйлесиў жоқары итибар ҳәм қызғын мүнәсибеттиң айқын көриниси сыпатында жаслардың турмысында кең имканиятлар есигин ашады.
Ушырасыўда билдирилген пикирлер ҳәм көрилип атырған илажлардан мәмлекетимиздиң раўажланыў орайында жаслардың орны шексиз екенин көриў мүмкин. Жасларды қоллап-қуўатлаў, қәбилетин жүзеге шығарыўда зәрүр шараятлар жаратыў ертеңги күн ушын қойылған исенимли қәдем болып есапланады.
Бүгинги Өзбекстан бул бағдарда жасларға үлкен имканият бермекте. Жасларға сапалы тәлим-тәрбия бериў, шет тиллерин үйретиў, кәсип ийелеп, турмыста мүнәсип орын табыўына жәрдемлесиў мәмлекетимиздиң тийкарғы ўазыйпасына айланды. Кейинги жылларда шөлкемлестирилип атырған заманагөй жоқары оқыў орынлары, олардың алдынғы үскенелениўи ҳәм тараўға жеке меншик сектордың жедел тартылыўы жасларымызға мине усындай үлкен имканият ҳәм қолайлықлар бермекте. Ташкент қаласындағы Сингапур менеджментти раўажландырыў институтында да жаслар менен ислесиў жақсы жолға қойылған. ЖООда 5000 ға шамалас жигит-қыз билим алады. Тәбийғый, олардың қатарында сырт елден келип оқып атырғанлар бар. Сондай-ақ, жергиликли педагоглар менен бирге сырт елли профессор-оқытыўшылар да тәлим-тәрбия процесинде белсене қатнаспақта. Студентлер Сингапур, Уллы Британиядағы жоқары оқыў орынларында әмелият өтеў, тәжирийбе алмасыў имканиятына ийе.
Усы жылы Президентимиздиң басламасы менен билимлендириў системасында "Әҳмийетли 90 күн" жойбары әмелиятқа енгизилди. Бул процесс ҳәзир де даўам етпекте.
Бул баслама мәмлекетимизде жасларға қаратылып атырған итибардың және бир үлгиси болды. Себеби, мине, усы жойбар шеңберинде жаслардың жазғы дем алыс ўақтында пайдалы шынығыўлар менен бәнт болыўы ушын қолайлы имканият жаратылды. Мәмлекетимиз басшысының идеясы олардың бос ўақтын пайдалы тәрепке бағдарлаўда қол келди. Оқыўшылар өз мектеплеринде ҳәр қыйлы дөгереклерде қатнасып, билимлерин және де байытыў менен бирге, спорт пенен шуғылланбақта. Бул процесске мәҳәлле жаслары да белсене тартылмақта. Жоқары оқыў орынларының студентлери болса оларға билим бериўде белсене қатнасып атырғаны жазғы дем алысты мазмунлы ҳәм нәтийжели өтиўине хызмет етпекте. Процессте институтымыз жәмәәти, студентлери де мүнәсип қатнаспақта, әлбетте.
Билим алыў, қандай да бир кәсип ийеси болыў, шет тиллерин үйрениў бүгинги жаслар ушын күнделикли зәрүрликке айланбақта. Илим ҳәм экономика менен бир қатарда жаслардың руўхый дүньясы, мәдений потенциалы ҳәм дөретиўшилик қәбилетине де айрықша итибар қаратылмақта. "Келешек лидерлери" бағдарламасы шеңберинде Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында қәбилетли жасларды сырт ел тәжирийбелерине тартыў системасы қәлиплестирилди.
"Бир миллион программист" жойбары шеңберинде 325 мың жигит-қыз оқытылған. Өткен жылы 150 мыңнан аслам жас тил билиў дәрежеси бойынша халықаралық сертификатларды алған. Бул көрсеткиш 2023-жылдағыға қарағанда 2 есеге көп. Усы жылы 35 миллиард долларлық 8300 жойбар арқалы 292 мың жумыс орны ашылмақта. Және 500 мың жумыс орнын жарататуғын 83 миллиард долларлық жойбарлар режелестирилген. Нәтийжеде "жасыл" экономика, санаат, энергетика, геология, инженерлик ҳәм басқа да тараўларда мыңлаған қәнигелерге талап пайда болады.
Стартапларды қоллап-қуўатлаў бойынша система жаратылып, оларды қаржыландырыўға 145 миллион доллар венчур инвестиция киргизилди. Енди бул қаржы 1 миллиард долларға жеткериледи. Жоқары оқыў орынлары арасында стартаплар бойынша ҳәр жылы "Ең жақсы креатив идея" таңлаўы өткерилип, жеңимпазларға жоқары оқыў орны қорынан 300 миллион сумға шекем грант бериледи.
Жасларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке кеңнен тартыў бағдарында да ири жойбарлар үстинде жумыс алып барылмақта. Әсиресе, "Жаслар бизнеси" ҳәм "Келешекке қәдем" бағдарламалары арқалы мыңлаған жигит-қызлар мийнет базарында өз орнын таппақта. Бул процессте банклер ҳәм жеке меншик сектор арасындағы бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелемекте. Енди санаат, сервис, исбилерменлик ҳәм аўыл хожалығында бәнт жаслардың кәсиплик раўажланыўы бойынша да система жаратылады. Ҳәр бир бағдар бойынша жаслар арасында жарыслар өткериледи. Онда мәмлекетлик кәрханалар ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери теңдей қатнасады.
Тармақ басшылары ҳәр жылы өз системасындағы 100 жасты селекциялап, сырт елге тәжирийбе арттырыўға жибереди. Буның ушын ҳәр бир тармақ 10 миллиард сумнан ажыратады. Бундай жеңиллик, имканият ҳәм шараятлар дизимин және де даўам еттириў мүмкин. Әҳмийетлиси, олар анық мақсетке бағдарланған. Ҳәр бири жасларды илимге шақырады.
Улыўма алғанда, 25 жыл ишинде мәмлекет есабынан 800 жигит-қыз сырт елге оқыўға кеткен болса, соңғы 7 жылда тек ғана "Эл-юрт умиди" қоры арқалы 2 мың 300 ўатанласымыз усындай имканиятқа ийе болды.
Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы жаслардың имканиятын кеңейтиўге қаратылған әҳмийетли басламаларды да алға қойды. Атап айтқанда, Беруний атындағы халықаралық мектеп шөлкемлестирилгени айтылды. Оған 8-класс питкериўшилери арасынан 60 оқыўшы сайлап алынып, 3 бағдарда тереңлестирип оқытылады.
Миллий бағдарлама тийкарында ҳәр жылы ең потенциаллы 3000 оқыўшы таңлап алынып, Гарвард, Йель, Колумбия, Корнел сыяқлы абырайлы жоқары оқыў орынларына таярланады. Соннан кеминде 300 и жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери болады.
Абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларына кирип атырған барлық жаслар да 100 процентлик грант алыў имканиятына ийе емес. Сонлықтан, енди "Эл-юрт умиди" қоры тәрепинен алдынғы 300 жоқары оқыў орнының дизимине киргенлердиң оқыў ҳәм жасаў қәрежетин қаплаў системасы жаңа тәртипте жолға қойылады.
Заман раўажланған сайын жаңа бағдар ҳәм кәсиплер пайда бола береди. Оларды түсиниў ушын болса билим ҳәм тәжирийбе керек. Бүгинги жаслар да соған умтылмақта. Олардың бул бағдардағы тилеклерин әмелге асырыў ушын болса мәмлекет қолайлы шараят жаратып бермекте. Жаңа имканиятлар усынылмақта. Айтайық, жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша банк-қаржы, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм энергетика тийкарғы бағдар сыпатында белгиленип, 100 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилгени, Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте "Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери" бағдарламасының иске қосылыўы усындай ҳәрекетлердиң қатарына киреди.
Буннан тысқары, "Санлы әўлад қызлары" таңлаўында билимлендириў, жасалма интеллект, "жасыл" экономика, климат өзгериўи сыяқлы тараўларда 7000 оқыўшы ҳәм студенттиң 120 стартап жойбары таңлап алынды. Бул жойбарларға кеминде 50 мың қыз қамтып алынады.
Быйылғы Жаслар күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажларда алға қойылған идея ҳәм басламалар жаслар сиясаты барлық тараўда избе-из ҳәм системалы алып барылып атырғанын және бир мәрте көрсетти. Илим, билимлендириў, экономика, мәденият ҳәм мәмлекетлик басқарыўға байланыслы барлық баслама жаслардың келешегине исеним үлгиси болып есапланады. Жоқары билимлендириў системасы болса бул жолда беккем тийкар жаратыў, яғный илимге хошаметлеў арқалы үлес қосады.
Жас әўлад ўәкиллерине берилип атырған имканиятлар менен қолайлықларды талласақ, жасларға итибар жаңа Өзбекстандағы сиясаттың тийкарғы ҳәм ең әҳмийетли бағдарына айланғаны көринеди. Буған турмыслық мысаллар, факт ҳәм санлар оғада көп. Бул мәселе турақлы итибарда. Мәмлекетимиз басшысы қай жерге бармасын, қайсы тараў ўәкиллери менен ушыраспасын, әлбетте, жаслар менен пикирлесиўге ўақыт ажыратады. Олардың пикир-усынысларын тыңлап, зәрүр тапсырмалар ҳәм усыныслар береди. Соның ишинде, жылдың басында, яғный 14-февраль күни де жаслар менен сәўбетлести. Видеоселектор тәризинде өткен ушырасыўда жаслар ушын имканиятларды буннан былай да кеңейтиў илажлары додаланған еди.
Өзбекстан халқының 60 процентин жаслар қурайды. Ҳәр жылы мийнет базарына 600 мыңнан аслам жигит-қыз кирип келмекте. 2030-жылға барып, бул көрсеткиш 1 миллионға жетеди. Ушырасыўда әне усы тәреплерден келип шығып, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, умтылысларына сәйкес шараят жаратыў мәмлекетимиздиң тийкарғы ўазыйпасына айланғаны және бир мәрте атап өтилип, ул-қызларды мүнәсип оқыў ҳәм жумыс шараяты менен тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди. Әмелий баслама ҳәм усыныслар билдирилген еди.
Бүгин креатив экономика тараўында жумыс алып барып атырғанлардың 98 проценти жаслар. Өткен жылы бул бойынша нызам қабыл етилип, ҳуқықый тийкарлар беккемленгени жаслардың бул бағдардағы жумысын барған сайын кеңейтпекте. Аймақларда да креатив индустрия парклери қурылып атырғаны ҳәм олардың резидентлерине 2030-жылдың ақырына шекем жеңиллетилген салық режими қолланылатуғыны белгиленгени үлкен жәрдем болып есапланады.
Президентимиздиң жаслар менен ушырасып, пикирлесиўи ул-қызларға үлкен күш ҳәм руўх бағышлайды. Бул ушырасыўлардың өзи мәмлекет жаслар менен қаншелли жақын мүнәсибетте екенин аңлатады. Олардың ҳәр бир идеясы ҳәм басламасы итибардан шетте қалмайтуғынын билдиреди. Себеби, бүгинги итибар ертең үлкен ҳүрмет ҳәм нәтийже алып келеди. Жоқары билимлендириў болса жигит-қызларымызға мине усындай ийгиликли мақсетлерге ерисиўинде жәрдемши болып қалады.
Илҳам МАМАТҚУЛОВ,
Ташкент қаласындағы Сингапур менеджментин
раўажландырыў институты ректоры





