Исленген мийнеттиң нәтийжесинде 315 мың 345 тонна пахта терип алынды. Бунда, әсиресе, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Тақыятас районларының фермерлери жанкүйерлик көрсетти. Олар бириншилерден болып пахта тапсырыў режесин орынлады.
Быйылғы пахта өнимин тез ҳәм сапалы жыйнап алыўға 127 мыңнан аслам теримши тартылды. Олардың 92 мыңнан асламы кеўилли теримшилер еди. Буннан тысқары, зүрәәтти жыйнаўға 60 тан аслам терим машинасы, 3 194 тасыў тиркеўи тартылған.
- Быйыл 50 гектарға жергиликли, 13 гектарға сырт елден алып келинген жаңа сорттан ектик. Атыз шетлерине овош, палыз ҳәм мәкке егилди, - дейди Әмиўдәрья районындағы "Чайкул дослық" фермер хожалығының баслығы Фахриддин Раҳимов. - Нәтийжеде пахтаның жергиликли сортынан 47 центнерден, сырт ел сортынан 60 центнерден зүрәәт алдық. Атыз шетлериндеги егинлер де пайда келтирди. Несип етсе, пахтаның өзинен 1,3 миллиард дәрамат алыўды гөзлеп атырмыз.
Елимизде аўыл хожалығындағы бар ресурс ҳәм имканиятлардан үнемли пайдаланыўға ҳәрекет етилмекте. Атап айтқанда, аз суў талап етип, көбирек зүрәәт беретуғын сортлар таңлап алынып, агротехникалық илажлар илимий қатнас тийкарында өткерилмекте.
- Фермер хожалығымыздың 50 гектар майданына жергиликли ҳәм және сонша жерге шет елдиң жаңа сортлы шигитин еккен едик. Ғаўаша майданларына 700 килограммнан азотлы, 100 килограммнан калийли, 350 килограммнан фосфорлы төгинлер берилди, - дейди Беруний районындағы "Дурдибоев Тажимурат" фермер хожалығының басшысы Илҳом Дурдибоев. - Пахтаны зыянкеслерден қорғаў ушын арнаўлы биоөнимлерден пайдаланып, атыз шетлерин өз ўақтында қайта иследик. Нәтийжеде жергиликли сорттан 47 центнерден, сырт ел сортынан 56 центнерден өним алдық.
Қарақалпақстан фермерлер кеңеси тийисли шөлкемлер менен биргеликте теримшилер ушын имканы болғанынша қолайлы шараят жаратыўға ҳәрекет етти. Бәринен бурын, оларға ыссы аўқат, терим пуллары өз ўақтында берилиўи қадағалап барылды. Олардың кейпиятын көтериў ушын "Пахта сейиллери", "Мийнетим-қәдирим", "Шаңарақ бюджетине мениң үлесим" сыяқлы илажлар шөлкемлестирилди.
Ҳәзир Қарақалпақстанда жәми 511 ҳаял фермер хожалығын басқармақта. Соннан 300 и дийқаншылық, 58 и шарўашылық ҳәм балықшылық, 150 ден асламы бағшылық ҳәм пал ҳәррешилик пенен шуғылланады.
Кегейли районындағы "Арзыў" фермер хожалығының басшысы Палзада Салиева пидайы мийнетлери ушын усы жылы "Дўстлик" ордени менен сыйлықланды. Палзада апа өз фермер хожалығына 2007-жылы тийкар салған. Быйыл ғәллениң гектарынан 81 центнер, овош егинлеринен 350 центнерден зүрәәт алды. Фермер апа 42 аўылласын жумыс пенен тәмийинлеген.
Қарақалпақстанлы фермерлер суўды үнемлеў технологиясынан да нәтийжели пайдаланбақта. Атап айтқанда, быйыл 4 мың 150 гектар майданда тамшылатып, 1 мың 900 гектарда жаўынлатып, 700 гектарда дискрет, 9 мың 900 гектарда ийилиўшең қубыр ҳәм плёнка төсеп суўғарыў технологияларын енгизиў белгиленген. 30 мың 500 гектарда лазерли жер тегислеў жумыслары орынланады.
- Ҳәзир 3 мың 477 гектар жер тамшылатып суўғарылмақта. 2 мың 503 гектарда жаўынлатып, 503 гектарда дискрет ҳәм 9 мың 963 гектарда ийилиўшең қубыр ҳәм плёнка төсеп суўғарыў технологиясы енгизилген, - дейди Қарақалпақстан фермерлер кеңесиниң баслығы Илҳам Юнусов. - 18 мың 798 гектар жер лазерли тегислегиш пенен қайта исленди. Буннан тысқары, районлардағы кластер ҳәм фермер хожалықларының есабындағы 1 450 километр ишки суўғарыў тармағын бетонлаў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытқа шекем реже 97 процентке орынланды.
Усы жыл 1-октябрьден 2026-жылдың 1-майына шекем және 2 300 километр ишки суўғарыў тармағы бетонланады. Реже-кестеге бола, бул жумыс кластер ҳәм фермер хожалықлары есабынан әмелге асырылады.
Усы жыл 17-январьда Президентимиздиң "2025-жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилген еди. Оның орынланыўын тәмийинлеў ушын усы жылы Қарақалпақстанда 34 мың 390 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў нәзерде тутылған. Ҳәзирги ўақытқа шекем олардың 23 мың 255 и жумыслы болды. Бунда да фермерлердиң мүнәсип үлеси бар.
Дийқан ҳәм фермерлердиң тынымсыз мийнети, агрономлардың билим ҳәм тәжирийбесин үйлестириў есабынан жоқары нәтийжелерге ерисилмекте. Бундай жетискенликлер болса елимиздиң экономикалық раўажланыўына, халықтың абаданлығын арттырыўға, азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўге хызмет етеди.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы