Дәстүрге бола, мәмлекетимиз басшысы Самарқандқа сапарын Имам Бухарий мақбарасын зыярат етиўден баслады. Қуран аятлары оқылып, пәтия етилди.
Президентимиздиң басламасы менен бул комплекс үлкен көлемде қайта қурылғаны ислам дүньясында мақтанышлы орынға ийе уллы муҳаддис бабамыздың жоқары мәртебеси ҳәм үлкен руўхый мийрасы менен үнлес болып есапланады.
45 гектар майданда саўлатлы мақбара, 10 мың адамға мөлшерленген мешит, ҳәкимшилик имарат, музей, кириў ҳәм шығыў әйўанлары қурылған. Ансамблдиң төрт мүйешинде жайласқан 75 метр бийикликтеги минаралар оған айрықша саўлат бағышлайды.
Бул зыярат етиў орны тек ғана зыярат етиў орны емес, ал илим, руўхый тәрбия ҳәм ибрат орайы болыўы, Имам Бухарийдиң уллы изленислери, билими ҳәм интеллектуаллық жетиклиги зыяратшыларға, әсиресе, жасларға жақсы ибрат болыўы керек екенлигин есапқа алып, комплексте инновациялық музей шөлкемлестирилди. Ол ислам дүньясында ҳәдис султаны сыпатында тән алынған Имам Бухарийдиң өмири ҳәм илимий мийрасын, ислам илими ҳәм мәдениятының раўажланыўына қосқан үлесин сәўлелендиреди.
Бурын комплекс күнине 12 мың адамға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болған болса, ҳәзирги күнде 65 мың адамға халықаралық стандартлар тийкарында хызмет көрсетиў имканияты жаратылды.
Буннан тысқары, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы ҳәм Ҳәдис илими мектеби жайласқан.
Бул зыярат орайы аймағында мийманханалар, саўда ҳәм сервис объектлерин қурыў ушын 570 миллиард сум қаржы жумсалған. 1 төрт жулдызлы, 2 үш жулдызлы ҳәм 22 шаңарақлық мийман үйлери қурылды. Инфраструктура коммуникация тармақлары менен толық тәмийинленип, аймақ абаданластырылған. 2026-жылға шекем аймақты көклемзарластырыў, автомобиллер туратуғын орынлар шөлкемлестириў режелестирилген.
Имам Бухарий мақбарасы халқымыздың бай руўхый мийрасы, дөретиўшилик потенциалының айқын тымсалы екенин айрықша атап өтип, комплексти абаданластырыў бойынша жуўмақлаўшы жумысларды сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.