Бул таңлаў 2025-жылдың май-июль айларында үш басқышта шөлкемлестирилди. Онда 40 жасқа шекем болған 1262 қәбилетли инженер интеллектуаллық потенциалын ҳәм жаңаша көзқарасларын көрсетти. Қатнасыўшылардың жойбарлары инновациялық, нәтийжелилик, әмелий қолланыў имканияты ҳәм турақлы раўажланыў критериялары тийкарында баҳаланды.
Жуўмақлаўшы нәтийжелерге бола, 28 жеңимпаз анықланды. 9 1-орын ийеси заманагөй электромобиллер менен сыйлықланды. Екинши орын ийелери ҳәм "Турақлы раўажланыў ушын ең жақсы ойлап табыў" номинациясы жеңимпазы сырт елде барлық қәрежети қапланатуғын стажировка жолламасын қолға киргизди. Үшинши орын ийелерине болса 37,5 миллион сумлық ақшалай сыйлық тапсырылды.
Жеңимпазларға сыйлықларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының билимлендириўди реформалаў бойынша орынбасары Ҳилола Умарова ҳәм жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов салтанатлы түрде тапсырды.
- Таңлаўда биринши орынды ийелегеним мен ушын күтилмеген ўақыя болды, - дейди Ташкент мәмлекетлик транспорт университетиниң профессоры Зиёда Адилова. - Ашығын айтсам, жойбарымды сыйлық алыў ушын усынбаған едим. Мақсетим тараўда жаңалық ислеў, айырым машқалаларға шешим табыў еди.
Идея авторының атап өтиўинше, мәмлекетимиздиң темир жол хызметинде қолланылатуғын арнаўлы өзи жүретуғын автотранспорт қураллары парки әдеўир гөнерген. Ҳәзир елимиз бойынша шама менен 184-186 қурал эксплуатацияланбақта, бирақ олардың салмақлы бөлегиниң нәтийжелилиги төменлеген. Жаңалары болса жүдә қымбат - бир техника 1,5-2 миллион доллар әтирапында турады. Бул болса үлкен қәрежет. Финанслық шеклеўлер себепли паркты толық жаңалаў қыйын, нәтийжеде ески техниканы модернизациялаў зәрүрлиги туўылады.
Бар болған дизель қуралларының жанылғы жумсалыўы ҳәм эксплуатация қәрежети жоқары болып, бул мәселе заманагөй шешимлерди талап етпекте. Сол себепли, усынылған жойбарда оларды гибрид системаға өткериў (дизель-электр гибрид қурылмалар менен үскенелеў) ең мақул шешим сыпатында усыныс етилди.
Гибрид система есабынан дизель тутыныўы сезилерли дәрежеде азаяды. Мәселен, изертлеўлерге бола, гибрид технологияны енгизиў энергия тутыныўын 10-15 процентке азайтыўы мүмкин. Бул жанылғы үнемлилигин арттырып, эксплуатация қәрежетин азайтады.
Дизель ҳәм электр комбинациясы нәтийжесинде двигатель атмосфераға шығаратуғын карбонат ангидрид газы ҳәм басқа да зыянлы шығындылар шама менен 30 процент азаяды. Бул болса Өзбекстанның жасыл раўажланыў мақсетлерине үнлес болып есапланады. Нәтийжеде ҳаўаның патасланыўы азайып, экологиялық жағдай жақсыланады.
Модернизация нәтийжесинде дизель қуралларының қолланылыў мүддети орташа 10-12 жылға созылыўы күтилмекте, яғный парктиң пайдаланыў дәўири сезилерли дәрежеде артады.
Улыўма алғанда, бул жойбар Өзбекстан темир жол тараўында инновациялық шешим болып, машқалаларды шешиў менен бирге транспорт системасының турақлы раўажланыўына мүнәсип үлес қосады.
Таңлаўдың және бир жеңимпазы Эзозбек Озодов жаслығынан илим ҳәм техникаға үлкен қызығыўшылық пенен өсти. Бүгин ол Өзбекстанның ең жарқын жас илимпазларынан бири. Сондай-ақ, технологиялық процесслерди автоматластырыў тараўы бойынша қәниге, илимий ҳәм инновациялық басламалардың тән алынған жетекшиси.
Оның инновациялық исленбеси - суўды тазалаў ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў ушын мөлшерленген мобил қурылма тек ғана ишимлик дәрежесинде суўды фильтрлеў емес, ал хожалық мүтәжликлерине бөлистириў имканиятын береди. Система суўдың сапасын интеллектуал алгоритм арқалы анализлейди. Орнатылған сенсорлар патасланыў дәрежесин анықлап, керекли тазалаў режимин автомат түрде танлайды. Нәтийжеде жоқары өнимдарлық аз энергия жумсалыўы менен тәмийинленеди. Бул болса технологияның аўыл хожалығы ушын қолайлы ҳәм арзан болыўына хызмет етеди.
Бул инновация тек ғана Өзбекстанда емес, ал халықаралық көлемде де тән алынды. Мәселен, АҚШтың Юта штатында жайласқан World Trade Center Utah орайы арқалы үскене табыслы сатылмақта. Бул жағдай жергиликли технологиялардың жәҳән базарында да бәсекиге шыдамлы екенин тастыйықлады.
Таңлаўда онлаған жойбарлар арасында Эзозбек Озодовтың қолланбасы ең жақсысы деп табылды ҳәм биринши орынға мүнәсип көрилди. Оның илим ҳәм инженерлик раўажланыўына қосқан үлеси жоқары баҳаланды.
- Президентимиздиң жәрдеми, университет администрациясы ҳәм стартап басламалардың раўажланыўы жетискенликлеримизде әҳмийетли фактор болды. Жас әўлад буннан да жоқары шеклерди ийелейтуғынына ҳәм әйне олар елимиз келешегиниң архитекторлары болып жетисетуғынына исенемен, - дейди Эзозбек Озодов.
Таңлаўда жаслардың интеллектуаллық потенциалының көриниси сыпатында көплеген инновациялық қолланбалар көрсетилди.
Өткен жылы 20-июнь күни инженерлик тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысын буннан былай да жетилистириў мәселелери бойынша мәмлекетимиз басшысының басшылығында өткерилген видеоселекторда жоқары маманлықтағы инженерлер жетиспейтуғыны атап өтилген еди. Мәжилисте инженерлик бағдарлары бойынша "ең жақсы идея", "ең жақсы жойбар" ҳәм "ең жақсы ойлап табыў" таңлаўларын өткериў, онда оқытыўшылар, студентлер ҳәм әмелиятшы инженерлердиң қатнасыўын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилген еди.
Мине, усы ийгиликли мақсеттиң әмелий көриниси сыпатында өткерилген бул таңлаў көплеген жас талантлы инженерлерди ойлап тапты. Бундай таңлаў ҳәм басламалар әпиўайы идеялар жарысы емес, ал жас илимпазлар ҳәм инженерлер ушын күшли хошамет болып есапланады. Олар өзин көрсетиў, қолланбаларын турмысқа енгизиў ҳәм мәмлекетлик қоллап-қуўатлаўға ийе болады. Илим ҳәм қәбилетлерге бүгин қаратылып атырған итибар ертеңги илим, инновациялар ҳәм экономиканың ең беккем тийкары болып есапланады.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы