Бүгин тилекке қарсы, тынышлықты сүйиўшилик глобал геосиясий процесслерде салыстырмалы түсиникке айланып бармақта. Себеби халықаралық майданда исеним кризиси ҳәўиж алды. Ҳәзир буны таллап, айыпкерлерди излеп ўақтыңызды алыў нийетинде емеспиз. Бирақ, бир ҳақыйқатты айтыў керек, белгили бир топар өз мәпи ушын инсан өмирин жоғалтыўдан изге қайтпай атыр. Әҳмийетлиси, олар буны көрип, билип турып әмелге асырмақта. XXI әсирде урысты онлайн тәризде тамашалаў, гүнәсиз адамлардың набыт болыўын тиккелей бақлаў мүмкин.

Тилекке қарсы, нәрестелердиң аянышлы аўҳалы, ҳаял-қызлардың ҳәм кекселердиң аҳыў-зары да пайда етпей атыр. Дүньяда пүткиллей тынышлық орнатып болмай атыр. Усындай ўақытта, меҳир дегени соншелли дәрежеде қыйын ба, деп ойлайсаң адам. Бирақ, тез арада үмитли сөзлер еске түседи: "Дүньяда бир ғана жақсы адам бар екен, демек жер өз көшери әтирапында айланып тура береди".

Буны ҳәзирги геосиясий процесслерге салыстырсақ, Өзбекстан сыяқлы тынышлықты сүйиўши мәмлекетлер, әдиллик ҳәм жақсылық үгит-нәсиятлаўшылары бар екен, меҳир дәреги сақланып қала береди.

Мәмлекетимиз басшысы усы жылы 11-ноябрь күни Палестина машқаласына бағышланған гезексиз араб-ислам саммитинде қатнасқан еди. Сонда тынышлыққа алып баратуғын бир неше ийгиликли басламалар алға қойылды. Атап айтқанда, Палестина-Израил машқаласын тынышлық ҳәм дипломатия жолы менен шешиўге қаратылған барлық әмелий ҳәрекетлерди толық қоллап-қуўатлап, урыста жәбирленген бир топар палестиналы балалар ҳәм ҳаял-қызларды Өзбекстан емлеўханаларында бийғәрез емлеўге таяр екенимиз атап өтилди.

Бүгин бул баслама әмелий түс алды. Урыстан жәбир көргенлер мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола алып келинди. Өзбекстанға келген наўқас балалар ҳәм ҳаял-қызлар, оларға жолдас болғанлар мәмлекет тәрепинен толық медициналық тексериўден өткерилмекте. Буның ушын олар барлық шараятқа ийе саламатландырыў орынларына жайластырылды. Барлық зәрүр мүтәжликлери қапланып, ең сайланды қәнигелер тәрепинен тек ғана денсаўлығы емес, ал олардың турмысқа толық бейимлесиўин тәмийинлеўге де үлкен итибар қаратылмақта.

- Урыс себепли бир неше мәрте орынларымызды өзгерттик, көшип киятырмыз, - дейди палестиналы ҳаял Ийман Айман Муҳаммед. - Урыс себепли шаңарақлар бузылып кетти, нәрестелер жетим болып қалмақта. Бизиң шаңарағымыз да ҳәзир аўыр жағдайда. Бундай жағдайда бизге кеңпейил өзбек халқы ийинлес болды. Өзбекстан балаларымның денсаўлығын тиклеў ушын бийғәрез жәрдем бермекте. Буның ушын Президент Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдиремен.

"Дүньяны гөззаллық қутқарады", деген еди Фёдор Достоевский. Аўа, дүньяны меҳир гөззаллығы ҳәм оған тиккелей байланыслы болған әмеллеримиз қутқарады.

Аспанды шаң, тозаң қапласа, апам аспанға ойлы тигилип: "Бир жерлерде урыс болып атыр", - дер еди. Бул гәпти еситип күлетуғын едик. Ақыры бизлер мектепте тәбияттан сабақ алғанбыз. Шаң қалай көтерилип, аспанды неге шаң қаплайтуғынын биз жақсы билемиз ғой! Апам болса, мектеп көрмеген, урыс перзенти еди... Жақынларын Екинши жер жүзилик урыс себепли жоғалтқан.

Ҳәзир кемпир апамның сол сөзлерин еслесем, жүрегим аўырады. Тамағым ашып, көзиме жас келеди. Себеби, апам бала ўақтында, урыс дәўиринде аспанға қарап тек ғана шаңды, қайғыны көрген. Соның ушын, аспан шаң менен қапланған болса, демек тағы урыс болып атыр деп ойлаған ҳәм бул көзқарас сексен жастан өтседе өзгермеди. Енди билсем, урыс инсанның турмысын, көзқарасларын сонша дәрежеде өзгертип жибереди екен. Оның асқыныўы инсан қәлбинде өшпес аўыр из қалдырады.

Инсан қәлби аспанға уқсайды. Оның шегарасы жоқ, шексиз ҳәм анық емес. Қәлбтеги гөззаллық, тазалық, қуяштай жарқыраса, оның нуры түскен жерде жақсылық жарқырайды. Шаң-тозаң басқанында болса... жоқ, бундай тәғдирди душпанға да раўа көрип болмайды. Бирақ...

- Бомба жарылып үйим қулады, - дейди елимизге емлеў ушын алып келинген Маҳмуд Найим Рабаҳ Абуш. - Үш перзентим қайтыс болды. Өзбекстан бизди қушақ ашып күтип алды. Өзбекстан Президентинен оғада миннетдармыз. Бизге мен күткенимнен де жақсы қарап атыр. Мәмлекетиңиз басшысының бизге көрсеткен жәрдеминен жүдә қатты қуўандық.

Бул сөзлерди еситип тамағым ашыды. Ихтиярсыз күнделикли турмысымызды бирме-бир талқылай басладым. Таңда көзимизди ашыўдан алдын телефонға қараймыз. Жаңалықлар менен танысыў басланады. Олардың арасында урыс майданындағы жағдайлар ҳаққында да хабарлар болады. Жағымсыз хабарлардан сақланыў, кейпиятты бузбаў ушын оларды тез өткерип жиберемиз...

Соң арқайын азанғы шайды ишип, жумысқа кетемиз. Кешки ўақытта да сол жағдай. Телевизордағы мәниссиз сериаллардан безип, телефонға үңилемиз. Тағы да түсте жеген аўқатымыз жақпағаны ушын, ертең тәўирлеў асханаға барыў ҳаққында ойлаймыз. Усы ҳаққында ойлап отырсақ дәрҳал социаллық тармақларда таңсық тағамлардың рекламасы шығады. (Тәўбе, усы кишкене нәрсе ойымызды оқып алады).

Хош, урыс майданында жасап атырғанлар-ше?! Махмуд Найим Рабах Абуштың үйи бомба түсиўинен қулап кеткен күни қандай ойлар менен оянған, сол түнде нелердиң тәшўиши менен жатақ жайына жол алған екен? Олардың ойын "оқыйтуғын" телефоны, социаллық тармақларында қандай рекламалар айланып турыўы мүмкин?! Соңғы сораў жүрегимди қорқытады...

Бул ҳаққында қанша ойламасам да, сораўларымның ҳеш бирине дурыслы жуўап таба алмайман. Билгеним сол, олар урыс майданындағы жағдайларға қарап күнлик, мүмкин белгили саатларға сәйкес режелер жасайды. Сол режелер де тыныш баспана табыў, жанын аман сақлап қалыў ҳәм аманлық болып турса, қарнын тойдырыўды ойлайды. Қысқаша етип айтқанда, өмирин усы хабарлар тийкарында қурады. Олар ең жақсы асхана емес, бир мәрте болса да қарнын тойдырыў ҳаққында әрман етеди. Үш перзентинен бир түнде айырылған адамның азапларын көз алдыңызға келтирип болмайды. Қорқынышлысы, бундай ҳәдийсеге ҳәр күни, ҳәмме таяр турыўы керек...

- Жарылыўлардың биринде аўыр жарақат алдым, - дейди Рим Зияд Салаҳ. -Шаңарағымнан 8 адам қайтыс болды. Бул аўыр азапты сөз бенен сүўретлеп болмайды. Денем күйып, бир көзим жақсы көрмей қалды. Өзбекстандағы емлеў процесслеринде көриў қәбилетимди, улыўма денсаўлығымды тиклеў имканиятына ийе боламан ҳәм Ўатаныма саламат ҳалда қайтаман.

Олардың сөзлерин тыңлар екенмен бир жағдай дыққатымды тартты. Урыстан жәбирленген бул адамлар басынан кеширген қорқынышлы ўақыяларды айтып бергенде жүзлеринде ҳеш қандай өзгерис сезилмейди. Дәслеп буннан таңландым. Кейин басымнан өткен қорқынышлы ўақыяны еслеп, көзлеримнен жас ағып кетти...

Сол ўақытта бәҳәр ақырына жеткен еди. Жигирма жасар иним аўыр жағдайда емлеўханада жатыр еди. Жағдайды әкемнен сорадым. Аўыр бас шайқады. Үмит жоқ... өкпем толып, жүзим өзгериўи менен әкем көрсеткиш бармағын мурнына тийгизди: "Түшш!"

Бир секунд болса да анық қайғыдан жақынларымызды, анам ҳәм апаларымды сақлаў керек екенлигин аңладым. Инимди соңғы мәнзилге шығарып атырғанда негедур көзиме жас келмеди. Үш күн өткеннен кейин бизлерге тәселле болып турған туўысқанлар үйли-үйлерине тарқала баслады. Сонда дайым менен хошласып атырып өкиририп жибердим. Инимди соңғы мәнзилге шығарып салып, биринши рет жыладым. Мен билдим, қайғы ишке жутыла берсе, адамның жүз-көзи қатады. Ашыўы қатты болған адамның жүреги бәри бир бир күн дәртин айтыўды қәлейди. Өзине бир тыңлаўшы, тәселле излейди. Сол жағдайда оған тәселле болған адамды өмир бойы өзине жолдас, ең жақын инсан деп биледи.

Урыстан жәбир көрген, елимизге емлениў ушын алып келинген 100 заманласымыздың да жүз-көзи қәтқән. Урыстың қорқынышларын көрип, жақынларынан айырылып, дәртлери тасқа айланған. Көзлери қеўип қалған қудыққа айланған. Бүгин жаңа Өзбекстан алға қойып атырған әдиллик, тынышлық сүйиўшилик сиясаты себепли олар өзине қоллап-қуўатлайтуғын инсанларды тапты. Мүмкин, барлық имканият бар жерде, өзбеклердиң ең таңсық тағамларын жеп, таңды тынышлық пенен күтип алып, түнде арқайын уйықлап атырған бул инсанлардың кеўли сел болса, таң қалмайсаң. Себеби, жүрек аспанға, көз жасы болса жаўынға тең. Жаўын кеўилди тазалайды. Қайғыны кетиреди. Себеби, олар инсан қәдири улығланатуғын мәмлекеттиң меҳирин, өз елине уқсас кеўли дәрья адамлардың итибарын сезинеди.

Данышпанлар, әдиллик үстин болған жәмийетте ғана тынышлық турақлы болады, деп бийкарға айтпаған. Дүньяда инсан қәдирин улығлайтуғын тынышлық елшилери бар екен, меҳир-мүриўбет мәңги жасайды. Ўақты келип әдиллик ҳүким сүреди.

Боборавшан ҒОЗИДДИНОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы