Инвесторлар не ушын Өзбекстанды таңламақта?

    Орайлық Азияның дәл ортасында жайласқан Өзбекстан халықаралық инвесторлар ушын барған сайын тартымлы бағдарға айланып бармақта.

    Кейинги жети жыл ишинде мәмлекетимизге 120 миллиард долларлық инвестициялар тартылып, алты мыңнан аслам кәрхана шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, 2024-жылы инвестициялар көлеми 35 миллиард, экспорт көлеми болса 27 миллиард долларға жетти.

    Инвестициялар миллий экономикамыздың драйвер бағдарларынан бирине айланған. Бул бағдардағы көрсеткишлер турақлы өсип бармақта. Атап айтқанда, усы жылдың биринши ярым жыллық жуўмағы бойынша күтилип атырған дәслепки макроэкономикалық көрсеткишлерге бола, алты айда тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялардың көлеми 265,2 триллион сумға жетип, олардың 71 процентин сырт ел инвестициялары қурады. Бул дәўирде 18,7 миллиард долларлық сырт ел инвестициясы киргизилген болса, соннан тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлериниң көлеми 16,7 миллиард доллар, мәмлекет кепиллиги астындағы сырт ел кредитлери 2 миллиард долларды қурамақта. Бюджет есабынан инвестицияларды қаржыландырыўға ажыратылған қаржы болса 34,6 процентке артқан.

    Бул елимизге сырт елли исбилерменлердиң қызығыўшылығы артып атырғаны, жаңа ҳәм ири жойбарларды әмелге асырыўға умтылып атырғанының айқын мысалы. Хош, Өзбекстанды инвесторлар ушын тартымлы еткен не? Тийкарғы тәреплерди көрип шығамыз.

    Бириншиден, елимизде экономиканы либералластырыў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

    2017-жылдан баслап мәмлекетимиз ҳүкимети мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестириў бойынша жедел жумыс алып бармақта, бул болса ҳәр қыйлы тараўларға - энергетикадан баслап, аўыл хожалығына шекем жеке меншик инвестициялар ушын жол ашпақта. Буннан тысқары, ҳүкиметимиз бизнести дизимнен өткериў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырды ҳәм оларды арза тапсырылғаннан кейин рәсмийлестириў ўақтын 30 минутқа шекем қысқартты. Бюрократиялық тосқынлықларды сезилерли дәрежеде азайтыўшы 150 ден аслам түрдеги рухсатнамаларды алыў процеси санластырылған. Бул қәдемлер тек ғана мәмлекеттиң базар принциплерине садықлығын көрсетип қоймастан, соның менен бирге, сырт ел компаниялары ушын да қолайлы орталық жаратады.

    Екиншиден, Өзбекстан исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлайтуғын раўажланған инфраструктураға ийе. Мәмлекетимизде логистика ҳәм саўданы жеңиллестириўши транспорт тармақлары, соның ишинде, автомобиль ҳәм темир жолларды модернизациялаўға инвестиция киргизилмекте.

    Энергетика тараўы да өзгерислерди басынан өткермекте: турақлы энергия жеткерип бериўди тәмийинлейтуғын қайта тиклениўши энергия дәреклери жедел енгизилмекте. Атап айтқанда, усы жылдың басынан берли қуяш, самал ҳәм гидроэлектр станциялары 8,7 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарды, бул елимиздеги улыўма өндиристиң 20,3 процентин қурады.

    Заманагөй бизнес процесслери ушын оғада әҳмийетли болған телекоммуникация инфраструктурасы, соның ишинде, кең полосалы интернет жедел раўажланбақта. Бүгинги күнде ол мәмлекетимиз елатлы пунктлериниң 99 процентин қамтып алған ҳәм 5G стандартындағы байланыс барлық ўәлаят орайларында бар. Соның менен бирге, халықаралық өткериў қәбилети 4200 гигабит-саатқа шекем артты, бул глобал тармаққа жалғаныў сапасы ҳәм тезлигин сезилерли дәрежеде арттырды.

    Кейинги фактор, бул - инсан капиталы. Елимиздиң билимлендириў системасы, әсиресе, техникалық ҳәм инженерлик бағдарлары бойынша маман жас кадрлардың турақлы түрде көбейип барыўын тәмийинлемекте. Жумысшы күшин инвесторлар ҳәм мийнет базарының талапларына бейимлестириў ушын жоқары ҳәм профессионал билимлендириў экосистемасы жедел раўажланбақта. Атап айтқанда, соңғы жыллары Өзбекстанда 71 жеке меншик жоқары оқыў орны ҳәм 51 техникум ашылды. Оларда 500 мыңға шамалас студент билим алады ҳәм жоқары билимлендириўге қамтып алыў 9 проценттен 42 процентке өсти. Бул болса инвесторлардың өз жойбарлары ушын қәбилетли қәнигелерди табыўы мүмкин екенлигин аңлатады.

    Төртиншиден - мәмлекеттиң қоллап-қуўатлаўы. Өзбекстан инвесторларға салық жеңилликлери, бажыхана төлемлеринен азат етиў ҳәм мүлк ҳуқықларын қорғаў кепилликлерин өз ишине алған бир қатар преференцияларды усынады.

    Буннан тысқары, келиспеўшиликлерди әдил ҳәм ашық-айдын шешиўди тәмийинлеў ушын ҳуқықый системаны жетилистириў бойынша жумыслар жедел алып барылмақта, бул болса бизнес ушын қәўип-қәтерлерди азайтады. Усы мүнәсибет пенен инвестициялар (соның ишинде, альтернатив), арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққындағы нызам жойбарлары ислеп шығылмақта.

    Буннан тысқары, инвестицияларға байланыслы табыслы мысалларды да еслетип өтиў орынлы. Өзбекстанда “ACWA Power”, “Masdar”, “Linde”, “DataVolt”, “Shanghai Renewable Energy”, “Total Energy” ҳәм басқа да көплеген ири халықаралық компаниялар жумыс алып бармақта ҳәм өз жумысын кеңейтпекте. Бул да мәмлекетимиздиң инвестициялық тартымлылығынан дәрек береди.

    Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан өзиниң стратегиялық жайласыўы, бай тәбийғый ресурслары, әмелге асырылып атырған экономикалық реформалары, раўажланған инфраструктурасы, маман инсан капиталы ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўы менен инвесторларды өзине тартпақта.

    Инвестициялық орталықтың шараятларын жақсылаў, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңеси шеңберинде әмелге асырылып атырған системалы жумыслар экономиканы либералластырыў бағдарын даўам еттириўге ҳәм узақ мүддетли инвесторлар менен ашық-айдын сөйлесиўди орнатыўға қаратылғанын атап өтиў керек.

    Мэлс АЧИЛОВ,

    Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң бас қәнигеси