Кейинги бес жылда бул тараў жумыс орны, инвестиция, инновация, бәсеки, қосымша қун ҳәм экспортты көбейтиўге ең үлкен түртки берип атырған бағдарға айланды. Киши ҳәм орта исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейген. Бәнт халықтың дерлик 11 миллионы, яғный 74 проценти мине усы тараўда дәрамат таппақта. Жалпы ишки өним көлеминиң ярымынан көби, санаат ҳәм экспорттың үштен бир бөлеги усы тараў ўәкиллериниң үлесине туўра келмекте. Бул санлар күннен-күнге өсип, мәмлекетимиз экономикасының турақлылығы ушын киши ҳәм орта бизнестиң қаншелли әҳмийетли екенин айқын көрсетип тур.

Тараўды заман талапларына сай раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Бизнес жүргизиў қағыйдаларының әпиўайыластырылыўы ҳәм санлы технологиялар ғалаба ен жайып атырғаны ашық-айдын исбилерменлик орталығын қәлиплестириў, нақ пулсыз төлемлер ушын қолайлықларды кеңейтиўге фактор болмақта.

Президентимиз тәрепинен тек ғана 30-июльдан баслап август айының биринши ярымына шекем болған оғада қысқа мүддетте исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаўға қаратылған үш әҳмийетли ўақыя бақланды.

Бириншиси, мийўе-овош ҳәм азық-аўқат экспортын көбейтиў мәселелерин додалаў бойынша 30-июль күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде ыссыхана хожалықларын қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди. Онда ишки базар менен бирге, экспортқа да өним жетистириў миннетлемесин алған, тәбийғый газде ислейтуғын ыссыханаларға қысқы мәўсимде газ кепилликли көлемде берилетуғыны, көмир ямаса басқа да альтернатив жанылғыға өткен және экспорт миннетлемесин алған ыссыханаларға да тәбийғый газге қайтыў имканияты берилетуғыны атап өтилди.

Айланыс қаржы жетерли болыўы ушын алдын ала төлем октябрь-март айларына 50 процент етип белгиленеди. Буның ушын ыссыхана хожалықлары ҳәм тәбийғый газ жеткерип бериўши кәрханалар арасында 1-октябрьге шекем шәртнамаларға қол қойылыўы бойынша көрсетпе берилди. Көмир ямаса басқа альтернатив ысытыў системасына өткен ыссыханаларға болса ажыратылған кредитлердиң мүддети создырылыўы, ыссылық насослары технологиясы тийкарында ыссыхана шөлкемлестирген кәрханаларға қәрежетлериниң 20 процентке шекемги бөлеги, бул жумыслар банк кредитлери есабынан әмелге асырылған жағдайларда, кредит ставкасының 4 проценти қаплап берилетуғын болды.

Буннан былай ыссыханаларға олардың категориясына қарамастан, жер салығы аўыл хожалығы жерлери ставкасында қолланылады, сондай-ақ, 2028-жылға шекем ыссыхана жумысшылары ушын социаллық салық ставкасы 12 проценттен 1 процентке түсириледи.

Екинши әҳмийетли жаңалық, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында 11-август күни өткерилген мәжилисте белгилеп берилген ўазыйпалар бойынша қарар қабыл етилди.

Қарарға бола, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын 2030-жыл 31-декабрьге шекем арнаўлы ҳуқықый режим енгизиледи. Барлық тийкарғы хызметлерди бирлестиретуғын интеграцияласқан санлы платформалар жаратылады. Жумысты рәсмийлестириў, банк есап бетлерин ашыў ҳәм басқарыў, салықларды есаплаў ҳәм төлеў, есап-санақларды әмелге асырыў ҳәм фискал чеклерди қәлиплестириў солардың қатарына киреди.

Бул системада электрон ҳәмиян ашылыўы исбилерменлерге дәраматларды қабыл етиў, хызметкерлер, контрагентлер ҳәм шөлкемлер менен есап-санақты әмелге асырыў, салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди төлеў имканиятын береди. Сондай-ақ, электрон ҳәмиянға ийе болған жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын банк есап бетлерин ашыў ықтыярлы болады.

2025-жыл 1-ноябрьден баслап болса бул процесслерде QR-код ҳәм “tap to pay” технологиясынан пайдаланылады. Ҳүжжетлерге аралықтан турып биометрия ҳәм " SMS хабарнама" арқалы электрон гилтсиз қол қойыў мүмкин болады. Бул мағлыўматлар қағаз көширмелердеги ҳүжжетлер менен теңлестириледи. "Күнлик төлем" тәртиби тәжирийбе тәризинде енгизилип, хызметкерлерге төлемлерди электрон қалташаның жәрдеминде төлеў имканияты жаратылады. Электрон төлемлерди қабыл етиўши арнаўлы QR-кодтың бар болыўы усақлап сатыў қағыйдаларының мәжбүрий талабы етип белгиленеди. Санлы платформадағы пул айланыслары ҳаққындағы мағлыўмат кредит ажыратыўда инабатқа алынады.

2026-жыл 1-январьдан баслап жыллық айланысы 1 миллиард сумға шекем болған жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленеди.

Үшинши жаңалық, тоқымашылық тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер ушын қосымша имканиятлар жаратылды. Атап айтқанда, 2022-2023-жыллар зүрәәти ушын кредит қарыздарлығы гиреў қойыў шәрти менен бес жылға шекем созылған кластерлер усы жыл 1-августтан гиреўи тайын болса, тек тийкарғы қарызды төлеўи, аўыл хожалығы қоры ҳәм банклерге есапланатуғын процентлер болса тийкарғы қарыз толық қапланғанынан кейин өндирилетуғыны белгиленди. Кластерлердиң банк алдындағы миннетлемелери өз ўақтында төленген жағдайларда, проценттиң қорға тийисли бөлегиниң ярымы исбилерменниң ықтыярына қайтарылатуғыны көрсетип өтилди.

Кластер кәрханаларына 2022-2023-жыллар зүрәәти ушын берилген кредит бойынша 1-август ҳалатына жүзеге келген 377 миллиард сумлық пенядан ўаз кешиледи. Коммерциялық кредиттен миннетлемеси болған 144 кәрхананы финанслық саламатландырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

2025-жылғы пахта өнимин өз ўақтында жыйнап алыў ушын фермерлерге тоннасына 1 миллион сумнан субсидия ажыратылатуғыны, егер кәрханалар өз қаржысы есабынан пахта жетистирсе ямаса сатып алса, шийки зат баҳасының 10 проценти қаплап берилетуғыны атап өтилди. Тоқымашылық шынжырындағы барлық кәрханаларға социаллық салық ставкасы 1 процент етип белгилениўи, социаллық реестр бойынша талап бийкар етилиўи, улыўма жумыста тоқымашылық үлесине талап болса 90 проценттен 70 процентке түсирилиўи көрсетип өтилди.

Өз хызметкерлериниң перзентлери ушын бақша шөлкемлестирген кәрханалар тап жеке меншиклердегидей ҳәр бир тәрбияланыўшы бойынша субсидия ажыратылыўының енгизилиўи бойынша жуўапкерлерге көрсетпе берилди. Ийирилген жиптиң өзине түсер баҳасына электр энергиясының баҳасы да тәсир ететуғынын есапқа алып, кәрханаларға өз мүтәжлиги ушын орнатылған қуяш панеллерин тармаққа жалғаўға рухсат берилди. Өним қурамының 90 проценти пахта болғаны себепли, таярланып атырған ийирилген жип ҳәм гезлемениң баҳасы бәсекилеслерге салыстырғанда орташа 10-15 процент жоқары. Сонлықтан, ислеп шығарыўшылар жасалма талшық ҳәм араласпа гезлеме алып кириўде 2028-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етилетуғыны айтылды. Бир неше бояў кәрханалары бирлесип қурылатуғын суў тазалаў имаратының қәрежетиниң бир бөлеги Саўданы раўажландырыў компаниясы тәрепинен қаплап берилетуғыны атап өтилди.

Жуўмақ орнында атап өтиў керек, исбилерменлик субъектлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, оларға кең ҳәм қолайлы имканиятлар жаратыў, биринши гезекте, халықтың материаллық талабын қанаатландырыў, бәнтлигин тәмийинлеў арқалы абаданлығын арттырыў, қалаберди, жәҳән базарында Өзбекстан брендин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға хызмет етеди.

Қобил ТУРСУНОВ,

Олий Мажлис Сенатының Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитети баслығының орынбасары