Исбилерменлер бул сәнени тек ғана елимизде кеңнен белгиленип атырған "Исбилерменлер күни" сыпатында емес, ал Өзбекстан тарийхында өзине тән дәстүрге айланған ҳәм дүнья әмелиятында уқсасы жоқ ўақыя - мәмлекетимиз басшысының исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи себепли де қызғын күтпекте.
Бул ушырасыў Президентимиз бенен бизнес ўәкиллериниң әпиўайы сөйлесиўи емес. Өткен жыл есап-санақ етилетуғын, машқала ҳәм кемшиликлер тыңланып, биргеликте шешим изленетуғын, исбилерменди қыйнап атырған мәселелер ашық-айдын айтылатуғын, ең тийкарғысы, оларды шешиўге байланыслы анық-айқын усыныслар берилип, исбилерменлер ушын гезектеги жаңа жеңилликлер усынылатуғын күн болып есапланады.
Бул жеңилликлер жаңа қарар ҳәм пәрманлар арқалы әмелиятқа енгизилип, жыл даўамында исбилерменге сүйениш, жумысын раўажландырыўда қосымша хошамет, жаңа базарларға шығыўында исеним болып хызмет етпекте. Берилип атырған жеңилликлер исбилерменликтиң барлық бағдарын қамтып алыўы менен және де әҳмийетли. Себеби, бүгин қайсы тараўда болмасын, исбилермен мәмлекеттиң достына, исенимли шеригине айланған. Исбилерменлер де соған жараса жуўап бермекте. Көплеген жумыс орынларын ашып, аймақлардың раўажланыўына, халықтың абаданлығына үлес қоспақта. Бүгин исбилермен салықлардан қашыў емес, керисинше, ашық-айдын ислеп, салықларды өз ўақтында төлеў арқалы және де көбирек жеңилликке ийе болыў ҳаққында ойлап атыр. Себеби елимизде әне усындай система жаратылды. Бизнес ийелериниң мәмлекетке исеними артты, елдиң раўажланыўына байланыслылық сезими пайда болды.
Мәмлекетимиз басшысы менен ашықтан-ашық сөйлесиў алдынан өткерилген бир қатар ушырасыўларда да буны анық көриў мүмкин. Системадағы машқалаларды ортаға таслаў, усыныслар билдириўде белсендилик жыл сайын артып бармақта. Бул исбилерменлердиң системаға, билдирген усыныслары қағазларда қалып кетпеўине исенгенинен дәрек береди. Бул исеним исбилерменлерди тек ғана жеке мәплери емес, ал тараўдағы ҳәр бир адамға пайда келтиретуғын, мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўына түртки беретуғын мәселелерди билдириўге ийтермелемекте.
Саўда-санаат палатасының мағлыўматына бола, ашықтан-ашық сөйлесиўге таярлық процесинде 14 мыңнан аслам мүрәжат қабыл етилген (быйыл 5-августтағы жағдай).
Мәмлекетимиз басшысының өткен жылы Қарақалпақстанда исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи де жаңалықларға, күтилмеген усыныс ҳәм басламаларға бай болғаны, жәрияланған қосымша жеңилликлер бизнес ийелерин қаншелли қуўандырғаны еле ядымызда. Сол исбилерменлердиң көпшилиги берилген жеңилликлерден үнемли пайдаланып, бүгин жумысын және де кеңейтип, қосымша жумыс орынларын ашып, өз бағдарында өндирис қуўатлықларының артыўына үлес қосып келмекте.
Президентимиздиң исбилерменлер менен гезектеги ушырасыўы алдынан бир неше исбилермен менен сәўбетлесип, берилген жеңилликлерден қаншелли дәрежеде пайдаланып атырғаны, быйылғы ашықтан-ашық сөйлесиўден нелер күтип атырғаны ҳәм қандай усынысларды алға қойып атырғаны менен қызықтық.
Өзлеримиз ойламаған жаңалықларды күтип атырмыз
Наргиза БЕКМУРОДОВА, Хорезм ўәлаятындағы “Arta tex” ЖШЖ баслығы:
- Мәмлекетимиз басшысы менен ушырасыў сәнесин исбилерменниң жаңа жылындай күтемиз. Себеби, әйне 20-августтан баслап гезектеги бир жыл ушын өзимизге жаңа ўазыйпалар белгилеп аламыз. Бизге берилетуғын имканият, жеңилликлерден келип шығып, бир жыллық реже дүземиз. Өткен ўақытты жуўмақлап, енди ериспекши болған ўазыйпаларымызды шамалап аламыз. Жеңилликлерден руўхланып, шекти жоқары аламыз.
Быйылғы ашықтан-ашық сөйлесиўден де үмитимиз үлкен. Өзлеримиз де ойламаған жаңалықларды күтпектемиз. Әдетте усындай болады, қыялымызға келтирмеген, бирақ бизди қыйнап киятырған мәселелерге шешим бериледи. Ҳәр жылы мәмлекетимиз басшысы ишимиздеги пикирлер, усыныслар, машқалаларды өзимизден де көбирек билип, тап арамызда жүргендей, сорағанларымызды артығы менен берип атыр. Исбилерменлердиң исеними жоқарылығы, басламаларын исенимли алға қойып атырғаны соннан.
Бүгин исбилерменлер елимизде ең ҳүрметли адамға айланғанын көрип қуўанышлыман. Алдынлары, исбилерменмен, деўдиң өзи қәўетерли еди. Адамлар да бизнес ийесине гүман менен қарайтуғын еди. Жумыстағы тосқынлықларды айтпаса да болады: ҳәммемиз сол күнлердиң гүўасымыз. Ҳәзир исбилермен боламан, дегенлерге барлық жол ашық, шараятлар бар. Нийет, ықлас, пуқта ойланған реже, ҳәрекет болса жеткиликли, қалғанын мәмлекет берип атырған жеңилликлер, төмен процентли кредитлер, имканиятлар есабынан еплеп кетиў мүмкин.
Тоқымашылық тараўында жумыс алып бараман, 18 жыллық ис тәжирийбеге ийемен. Исбилерменликти 2014-жылы баслағанман. 2019-жылы “Arta tex” ЖШЖ кәрханасын аштым. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 400 ден аслам жумысшы-хызметкер мийнет етпекте. Кәрханада дерлик барлық түрдеги таяр тоқымашылық өнимлери ислеп шығарылады. Жыллық өндирис қуўатлылығы 3 миллион данадан жоқары. 2022-жылдан баслап өнимлеримиз тек ғана экспортқа бағдарланады. Тийкарғы қарыйдарларымыз Россия, Қазақстан, Түркменстан базарлары. Жақында Әзербайжанға да экспортты басладық. Өткен айда Нью-Йорктағы халықаралық көргизбеде қатнастық. Бирнеше шериклеримизге өнимлеримиз үлгилерин жибердик. Жақын күнлерде АҚШқа да экспортты жолға қойыў нийетиндемиз.
Бүгин жергиликли исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятлар артында миллий өнимлеримизди жәҳән базарына кеңирек алып шығыў мақсети де бар. Әсиресе, тоқымашылық тараўына берилип атырған жеңилликлердиң нәтийжеси кейинги жылларда айқын көзге тасланбақта. Елимизде таяр тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў санаатының буншелли раўажланыўын буннан онлаған жыл бурын өзимиз де көз алдымызға келтирмеген едик. Бүгин тараўдағы исбилерменлердиң саны, олар ислеп шығарып атырған өнимлердиң сапасын көрип, таң қалмаўдың илажы жоқ. Олар ҳақыйқатында да өзимиздиң бренд, өзимиздиң өним.
Өткен жылы мәмлекетимиз басшысының исбилерменлер менен ушырасыўында және көплеген жеңилликлер берилди. Әмелиятта олардан нәтийжели пайдаланып киятырмыз. Әсиресе, ҚҚСтан пайда болған салық суммасын қысқа ўақытта қайтарып алыў имканияты үлкен қолайлық жаратпақта. Кәрхананың артып қалған қаржысын жаңа жумыс орынларын ашыў, өним түрин көбейтиў, станоклар сатып алыўға бағдарлап атырмыз.
Быйылғы ушырасыўда да әне усындай жаңалықларды күтип атырмыз. Усыныслардың көпшилигин исбилерменлер билдирип атырғаны мәселелердиң анық шешимине хызмет етпекте. Өзим де ҳәр жылы имканияттан пайдаланып бир неше усынысларымды айтаман. Бүгинги күнге шекем олардың барлығы әмелиятта қолланылмақта. Усы жылы 4 усыныс билдирдим. Олардан бири қосымша қун салығынан пайда болған салық суммасын қайтарып алыў менен байланыслы. Себеби, кәрханамыз исбилерменлердиң турақлылық рейтингинде жоқары "ААА" категориясына киргени себепли, ҚҚСтан пайда болған қаржы ҳәр ай автомат тәризде есап бетимизге түсириледи. Бул жүдә үлкен қолайлық, әлбетте. Бирақ, усынысым соннан ибарат, пайда болған усы сумма кәрхана есабына автомат түрде қайтарып алынбай, ықтыярлы түрде келешектеги басқа да салық төлемлерине алдыннан өткерип қойылса, нур үстине нур болар еди. Усы тәризде салықты алдыннан төлеген исбилерменлерге және қосымша 5 балл берилсе, бул оларға қосымша имканият, хошамет болады.
Кадрлар мәселеси де биз ушын әҳмийетли. Мәселен, Өзбекстан пахтасына сырт елде оғада үлкен қызығыўшылық бар, бирақ бизде профессионал дәрежедеги саўда менеджерлери, басқарыўшылар жоқ. Сонлықтан, кәрханалардағы басшы кадрлар ушын арнаўлы оқыў курслары шөлкемлестирилип, сабақ өтиўге жергиликли және сырт елли қәнигелер тартылса, мақсетке муўапық болар еди.
Ирода ТОШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы