Пәрманға бола, 2025-жыл 1-январьдан:
- физикалық шахслар тәрепинен исбилерменлик жумысын жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимнен өтпестен әмелге асырғанлығы ушын қаржылай жәрийма бийкар етиледи;
- «Қәўипти таллаў» электрон системасы енгизиледи.
Электрон системада исбилерменлик субъектлеринде ҳуқықбузарлық әмелге асырыў қәўпи төмен, орта ҳәм жоқары дәрежелерге классификацияланады.
Қәўип дәрежеси төмен болған исбилерменлик субъектлериниң жумысында қадағалайтуғын уйымлар тәрепинен тексериўлер өткерилмейди.
2025-жыл 1-январьдан төмендегилер ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик бийкар етиледи:
- фискал белгилерди сәўлелендириў тәртибин бузыў;
- мәжбүрий санлы маркировкаланыўы белгиленген тоаврларды (өнимлерди) идентификация қураллары арқалы мәжбүрий санлы маркировкалаў қағыйдаларын бузыў;
- хызметкерлердиң санын жасырыў.
2025-жыл 1-марттан баслап судта ис жүргизиў тәреплерди шәртлесиў келисимин дүзгенлиги себепли тамаланғанда, мәмлекетлик бажы биринши инстация судында – 70 проценти, апелляция ҳәм кассацияда – 30 проценти қайтарып бериледи.
Пәрман менен исбилерменлик субъектлериниң жумысында өткерилетуғын барлық тексериўлер «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасында дизимге алыў арқалы Бизнес-омбудсманды хабардар етиў тәртиби енгизиледи.
Бунда тексерилген исбилерменлик субъекти анық болмаған ҳалларда, тексериў басланғаннан соң 24 саат ишинде Бизнес-омбудсман хабардар етиледи.