Израилдағы өзбекстанлылар итималлы ҳүжимлер себепли сергекликке шақырылды

    13 маусым 2025 686

    Өзбекстанның Израилдағы елшиханасы усы мәмлекетте жасап атырған Өзбекстан пуқараларына ескертиў менен шықты.

    Иран ҳәм Израиль арасында ракета атыспалары күтилиўине байланыслы Өзбекстанның Ирандағы елшиханасы пуқаралардан оператив сақлық илажларын көриўди қатаң усыныс етти.

    Оған бола,

    1. Ракета ҳүжимлери ўақтында тезлик пенен бомба паналарына кириң.

    2. Израил ҳүкимети ҳәм Өзбекстан елшиханасы рәсмий хабарларын бақлап барың. Израиль фронт арты командирлигиниң билдириўлери ҳәм ескертиўлерине әмел етиң.

    3. Шахсыңызды тастыйықлаўшы ҳүжжетлер ҳәм Өзбекстан елшиханасының байланыс мағлыўматларын бәрқулла өзиңиз бенен алып жүриң.

    Егер сизге қыстаўлы жәрдем ямаса мәсләҳәт керек болса, Өзбекстанның Израилдағы елшиханасына төмендеги телефонлар арқалы мүрәжат етиң:

    Қыстаўлы жәрдем телефонлары:

    03-672- 2466.

    03-672-2371.

    03-758-5075

    03-758-5076.

    Айрықша ҳәм қыстаўлы хабарлар ушын: 054 485 1397

    Электрон почта: il.uzembassy@mfa.uz

    Мағлыўмат ушын, 13-июньға өтетуғын түнде Израиль Иран аймағына соққы берген еди. Израиль да Тегеранның жуўап соққыларын күткен ҳалда айрықша жағдай жәриялады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates