баннер
17 Mar 2025
00:50

    Ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў тараўы түп-тийкарынан реформаланады

    Орайласқан ыссылық тәмийнаты менен қамтып алыў 37 проценттен 58 процентке жеткериледи, системадағы жоғалтыўлар 38 проценттен 20 процентке шекем қысқартылады.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Турақ жай ҳәм имарат-объектлерди ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў тараўын түп-тийкарынан реформалаў ҳәм имаратлардың энергия нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-100-санлы, 11.03.2022ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, турақ жай ҳәм имарат-объектлерди ыссылық энергиясы менен турақлы тәмийинлеў және имаратлардың энергия нәтийжелилигин арттырыўдың келеси 5 жылдағы тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:

    тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында стратегиялық усынысларды ислеп шығыў, ыссылық тәмийнаты кәрханаларының жумысын басқарыўшы ҳәм муўапықластырыўшы шөлкемди шөлкемлестириў;

    орайласқан ыссылық тәмийнатына жалғанбаған төрт ҳәм оннан жоқары қабатлы көп квартиралы турақ жайлардың ысытыў системасында локал қазанханалар қурыў ҳәм басқа да альтернатив технологияларды енгизиў есабынан бир квартираның газге болған талабын кеминде 20 процентке азайтыў.

    Төмендеги илажлар әмелге асырылады, атап айтқанда:

    орайласқан ыссылық системаларындағы гөнерген 103 қазанхана ҳәм 1,6 мың километр ыссылық тармағы жаңаланады;

    мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 9, халықаралық финанс институтларының қатнасында 13 қала ҳәм районда модернизация жойбарлары әмелге асырылады;

    орайласқан ыссылық тәмийнаты менен қамтып алыў 37 проценттен 58 процентке жеткериледи, системадағы шығынлар 38 проценттен 20 процентке шекем қысқартылады.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech