Мәресим Президенттиң Түркияға рәсмий сапары шеңберинде еки мәмлекет басшыларының қатнасыўында Анқарадан онлайн тәризде өткерилди. Стамбулдағы илажда Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Эъзоза Каримова, Өзбекстанның Стамбулдағы Бас консулы Шерзод Абдуназаров, Түркий мәмлекетлер шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары Мирвоҳид Азимов ҳәм Түркия тәрепиниң жуўапкер ўәкиллери қатнасты.
Мәлим етилиўинше, 600 орынға мөлшерленген бул билимлендириў мәкемеси Өзбекстанның сырт елде шөлкемлестирилип атырған биринши мәмлекетлик улыўма билимлендириў мектеби болады. Оқыў процеси өзбек тилинде, Өзбекстанның мәмлекетлик билимлендириў бағдарламалары тийкарында алып барылады.
Ҳәзирги ўақытта мектеп жойбарын ислеп шығыў жумыслары алып барылмақта. Билимлендириў мәкемеси Стамбул қаласының Бакиркей районында, Е-5 айланба жолы бойында, MÜSİAD имараты жанында қурылыўы режелестирилген.