Делегация қурамына IT Park Казань ўәкиллери, сондай-ақ, стартап жойбарлар тийкарын салыўшылар, соның ишинде: Presentsimple.ai, Fibonacci AI, MilkAgroVision, ElmaI, BluePrint, «Тулпар» академиясы, LaweMate, ушыўшысыз суў үсти кемелери жойбары, NotCRM, Chain, Лабли ҳәм басқалар кирди. Барлық стартаплар IT Park Uzbekistan бағдарламаларында қатнасыў, соның ишинде, резидент статусын алыўға қызығыўшылық билдирди.

Ушырасыў даўамында IT Park Uzbekistan ўәкиллери парк жумысы, жумыс бағдарлары ҳәм резидентлерди қоллап-қуўатлаў бойынша әмелдеги бағдарламалар ҳаққында ҳәр тәреплеме айтып берди. IТ-бизнести раўажландырыў шараятлары, IТ-хызметлер экспортын қоллап-қуўатлаў илажлары, мәмлекетте турақлы стартап экосистемасын қәлиплестириў бағдарындағы басламалар додаланды. Технологиялық компаниялардың халықаралық базарларға шығыў имканиятлары, Өзбекстан ҳәм Татарстан Республикасы арасындағы биргеликтеги жойбарлар потенциалына айрықша итибар қаратылды.

Сапар шеңберинде делегация IT Park Uzbekistan резидентлери, соның ишинде, Uzinfocom, RealSoft ҳәм Green White Solutions офислеринде де болып, компаниялардың жойбарлары, технологиялық шешимлери ҳәм IТ-хызметлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў бойынша әмелий тәжирийбелери менен танысты.

Татарстан Республикасы менен бирге ислесиў IT Park Uzbekistan ушын компетенцияларды тартыў, халықаралық байланысларды раўажландырыў ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша қосымша имканиятлар ашады. Бул мәмлекеттиң IТ-экосистемасын беккемлеў, бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм санлы технологияларды раўажландырыўдың жаңа бағдарларын жаратады. Сырт елли стартаплардың Өзбекстанда жумыс баслаўға қызығыўшылығы мәмлекеттиң глобал IТ-хабқа айланып атырғанын тастыйықлайды.