ЮНЕСКОның Дүнья жүзилик мийрасы дизимине киргизилген, дүньяға белгили Регистан майданы уллы ата-бабаларымыздың дөретиўшилик потенциалын сәўлелендиретуғын мәмлекетимиздиң тийкарғы мирәт қағазы болып есапланады. Комплекстеги Мырза Улығбек, Шердор ҳәм Тиллакори медреселери өзиниң саўлаты, бай тарийхы ҳәм бийтәкирар архитектурасы менен елимиз мийманларында терең тәсир қалдырмақта.

Жоқары мәртебели мийманға усы Шығыс қала қурылысы дүрданаларының қурылыс тарийхы, архитектуралық шешимлери ҳәм безеўлериниң өзине тән тәреплери, усы орын менен байланыслы әҳмийетли ўақыялар ҳәм шахслар, сондай-ақ, өзбек халқының мәдений мийрасы ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Соң мәмлекет басшылары "Silk Road Samarkand" халықаралық туризм орайындағы "Мәңги қала" тарийхый-этнографиялық бағында болды. Халқымыздың бай мәдений мийрасы, өнерментшилик ҳәм әмелий көркем өнерин сәўлелендириўши көргизбелер көзден өткерилди. Аяқ ойын жәмәәтлериниң шығыўларынан ибарат мәдений бағдарлама көрсетилди.