Пуқараларымызды алып кетип баратырған автобусты елшихана хызметкерлери шегараға шекем шығарып салды. Эвакуация етилген ўатанласлар Өзбекстан басшылығына, сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларға ҳәм "Ватандошлар" жәмийетлик фондына көрсетилген әмелий жәрдем ҳәм қәўипсиз эвакуация процесин нәтийжели шөлкемлестиргени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Елшихана тәрепинен "Ватандошлар" жәмийетлик фонды менен биргеликте Саудия Арабстаны ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери арқалы Қатар мәмлекетинен кетиў тилегин билдирген 548 пуқара елимизге эвакуация етилди. Олардың арасында тийкарынан туристлер, студентлер ҳәм ўақтынша мийнет етиў мақсетинде келген пуқаралар бар еди.
Қатар усы жылдың 28-февраль күни Израиль ҳәм АҚШ пенен Иран арасында қураллы соқлығысыўлар басланғанынан кейин өз ҳаўа аймағын жапты. Нәтийжеде "Ҳамад" халықаралық аэропортының жумысы ўақтынша тоқтатылып, 2 мыңға шамалас рейслер бийкар етилди.