Ушырасыўда саўда, инвестиция, банк, аўыл хожалығы, экология, транспорт, туризм ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды. Мәжилис жуўмағында шерикликти тереңлестириў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық илажларды нәзерде тутатуғын комиссияның екинши мәжилис протоколына қол қойылды.
Қоспа кәрханалар шөлкемлестириў, инфраструктураны раўажландырыў, "жасыл" энергетика ҳәм экономиканы санлы трансформациялаў жойбарларында Қатар капиталының қатнасыўын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстанда Қатар компаниялары тәрепинен 2,4 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта, сондай-ақ, энергетика, логистика, геология, IТ ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында улыўма баҳасы 7,6 миллиард долларлық 28 инвестициялық басламаның портфели қәлиплестирилген.









